USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 16 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САЙЛАЎДА ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ ҚАЛАЙ ТӘМИЙИНЛЕНЕДИ?

Өзбекстан әҳмийетли сиясий  процесс – сайлаўлар алдында тур. Бул сайлаў Өзбекстанның жаңа тарийхындағы дәслепки сайлаў болыўы менен бирге, жаңаша руўхта өтиўи күтилмекте. Хош, сайлаў процесслери қандай шөлкемлестириледи? Cайлаўдан күтилетуғын тийкарғы талап – ҳақыйқатлық калай тәмийинленеди?

ӨзАның хабаршысы усы сыяқлы мәселелер туўралы Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Маҳмуд ИСТАМОВ пенен сәўбетлести.

– Маҳмуд Шухратович, сайлаўды ҳақыйқатлық пенен өткериўдиң тийкарғы принциплери ашық-айдынлықтың тәмийинлениўи менен байланыслы. Быйылғы сайлаўларда бул принцип қалай тәмийинленеди?

– 2019-жыл 22-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депутатлығына болатуғын сайлаўлар бул сапары пүткиллей  парықланады. Өйткени мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатында қаншелли үлкен унамлы өзгерислер ҳәм раўажланыўлар жүз берип атырғанын тек ғана халқымыз емес, ал пүткил дүнья көрип, қоллап-қуўатлап тур.

Халқымыздың ақыл-санасы өзгерди. Пуқаралардың сиясий санасы ҳәм мәденияты өсип баратырғаны, жәмийетте демократиялық, ашық-айдынлықтың тәмийинленип атырғаны болып өтетуғын сайлаўларда және бир мәрте көринетуғынына гүман жоқ.

Буннан тысқары, быйылғы сайлаўлар жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында өткериледи. Бул ҳүжжеттен сайлаўларды улыўма тән алынған халықаралық стандартлар ҳәм принциплер тийкарында демократиялық, ашық-айдынлық  пенен өткериўге хызмет ететуғын 30 дан аслам жаңа норма ҳәм қағыйдалар орын алды. Бурын әмелде болған көплеген шеклеўлер шығарып тасланды.

Ендиги сайлаўлардағы ҳәр бир даўыс итибарға алынады ҳәм ҳәр бир пуқара мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларын қәлиплестириўде тиккелей қатнасады. Сайлаўларда ашық-айдынлық ҳәм ҳақықыйқатлық әмелде кеңнен тәмийинленеди. Бул – участкалық сайлаў комиссияларынан баслап Орайлық сайлаў комиссиясына шекем – барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары өз жумысын жоқары жуўапкершилик ҳәм ең жақсы демократиялық принциплер тийкарында әмелге асырыўында өз сәўлелениўин табады.

Болажақ сайлаўларға «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар» деген турмыслық сөзлер уран сыпатында таңлап алынғаны тосыннан емес.

– Халықаралық бақлаўшылар бурынғы сайлаўлардағыларға қарағанда көбирек болыўы, атап айтқанда, Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) ўәкиллери сайлаўға таярлықтан баслап даўыс бериўге шекемги болған барлық процесслерди бақлап баратуғыны айтылмақта. Бул қаншелли тийкарлы ҳәм әмелде қандай нәтийже береди?

– Сайлаўлардың халықаралық бақлаўы дүньяда тән алынған әмелият. Өйткени, сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер бақлаўшыларының қатнасыўы демократиялық сайлаўларды ашық-айдын өткериўдиң тийкарғы шәртлеринен бири есапланады. Әне усы мақсетте Өзбекстан Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросына (ДИИҲБ) Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаўларға таярлықтың барысын баҳалаў ушын мирәтнама жиберилген еди.

Талапларды баҳалаў бойынша миссия (ТБМ) сайлаў алды орталығы ҳәм оларға таярланыў процеси, мәмлекетимизде еркин ҳәм демократиялық сайлаў өткерилиўин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған илажларды унамлы баҳалады. ЕҚБШ Турақлы кеңеси тәрепинен мәмлекетимизде усы жылы болып өтетуғын сайлаўларға толық түрдеги бақлаў миссиясын жибериўди мақсетке муўапық, деп тапты.

Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи ҳәм оның ЕҚБШ/ДИИҲБ ҳәм Венеция комиссиясының экспертизасынан өткерилгени толық қоллап-қуўатланбақта. ТБМ тәрепинен усынылған есабатта әҳмийетли унамлы өзгерислер санап өтилген. Өзбекстан Орайлық сайлаў комиссиясының халықты болажақ сайлаўлар бойынша кеңнен хабардар етиў режелери, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларыныың ағзаларын сайлаўларды өткериўдиң барлық тәреплери бойынша сапалы оқытыўға бағдарланған каскад усылындағы тренинглерди пүткил мәмлекет бойлап шөлкемлестириў, сайлаўлардың бирден-бир электрон дизимин әмелиятқа енгизиў, имканияты шекленген пуқаралардың даўыс бериўде қатнасыўы ушын зәрүрли шараятларды жаратыў усылар қатарына киреди.

– Электрон сайлаў системасының енгизилиўи қалай даўам етпекте? Алдынғы сайлаўларда ушырасқан шаңарақ ушын даўыс бериўге шек қойыла ма?

–  Бүгин заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары кирип бармаған тараўдың өзи қалмады. Сайлаў системасы да буннан шетте қалмады. Электрон системаның сайлаў процесслеринде қолланылыўы тек ғана сайлаўды шөлкемлестириўшилердиң жумысын аңсатластырып қалмай, ал сайлаўлардың ашық-айдынлығын және де кеңирек тәмийинлеўге хызмет етеди.

Бул бағдарда мәмлекетимизде белгили табысларға ерисилип атыр, буны усы жылы Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин (СБЭД) қәлиплестириў жумысларының жеделлик пенен даўам етип атырғанынан да көриўге болады. Бул система биринши мәрте 2017-жыл декабрь айында Ташкент қалалық халық депутатлары районлық Кеңеслерине болған сайлаў даўамында сынақтан өткерилди. Системаның сынаў процесинде жүзеге келген айырым кемшиликлерин сапластырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының 2018-жылы «Сайлаў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул қарарға муўапық ҳәзирги ўақытта тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте СБЭДин толық қәлиплестириў жумыслары өз жуўмағына жеткерилмекте.

СБЭД тийкарында Сайлаў процесин басқарыў бойынша мәлимлеме системасы (СПБМС) қәлиплестирилди. Ол өз ишине бир қанша ўазыйпаларды алады ҳәм пуқараларды участкалық сайлаў комиссияларына бөлистириў, сайлаўшыны өзи жасап турған орынға байланыслы участка ҳаққында мағлыўмат алыў және округлик сайлаў комиссиялары ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының жумысын аңсатластырыў имканиятын береди.

Сайлаў күни даўыс бериў ушын келген ўатанласларымыз СПБМС операторларына мүрәжат етеди ҳәм сайлаў бюллетенин алып, даўыс бериў кабинасында өз кандидатурасын қоллап-қуўатлайды. Нәтийжеде бир ўақыттың өзинде, сайлаўда қатнасқанлардың толық дизими автоматластырылған түрде қәлиплестириледи. Бул бир шахстың бир неше мәрте даўыс бериўин ямаса бир адамның пүткил шаңарақ ағзалары ушын даўыс бериўиниң алдын алыў имканиятын береди.

Соның менен бирге, Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаў процесслериндеги жумысын аңсатластырыў ҳәм қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде «Сайлаў – 2019» мобиль қосымшасы ислеп шығылды. Онда сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлери, сайлаў комиссияларының белсендилери ҳаққындағы мағлыўматлар, сайлаўшылар, комиссия ағзалары, сиясий партиялар ҳәм талабанлар және бақлаўшылар ушын методикалық усыныслар, сайлаў белсендилериниң билимин арттырыўға байланыслы оқыў материаллары, китаплар ҳәм мақалалар, сайлаўдың темасы бойынша сораў-жуўаплар орын алады. Сондай-ақ, сайлаўшыларға өз сайлаў участкасын таўып алыўында жәрдемлесиў ушын арнаўлы қосымша да жайластырылады.

– Социаллық тармақларды бақлағанда айырым ўатанласларымызда сайлаўларға болған исенимсизлик бар екенлигиниң гүўасы болыўымыз мүмкин. Айырымлар сайлаўдың ҳақыйқый ҳәм әдалатлы түрде өтпейтуғынлығын, айырымлар болса сиясий партиялар тек ғана сайлаў алдынан пайда болып, ўәделер беретуғынын, соң берген ўәделерин әмелде орынламайтуғынын ашық-айдын сынға алмақта. Бундай пикирлерге қандай жуўап берген болар едиңиз?

– Жуўабым анық: адамларымыз өтмиштеги сайлаўлардан қалған бундай гүманларды кеўлинен пүткиллей шығарып таслайтуғын ўақыт келди. Неге? Бәринен бурын, мәмлекетимиздиң ғалаба хабар қуралларында, атап айтқанда, электрон басылымларда, социаллық тармақларда ўатанласларымыздың өз пикирлерин ашық-айдын, қорықпай айтып атырғанының өзи оғада қуўанарлы жағдай. Ҳәзирги ўақытта бул сайлаўларымыздың демократиялық принциплер тийкарында, ҳадал ҳәм әдалатлы өтиўиниң өзине тән кепили, жәмийетшилик қадағалаўының айрықша көриниси болып табылады. Қай жерде жәмийетшиликтиң қадағалаўы күшли болса, сол жерде адамларда исенимсизлик, гүман оятатуғын жасалмалықтың алды алынады. Соның ишинде, сайлаў процесинде де.

Өзбекстанда барған сайын беккемленип баратырған сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, ғалаба хабар қуралларындағы, социаллық тармақлардағы кескин жаңаланыўлар, жоқарыда атап өткенимиздей, мәмлекетимиздиң заманагөй демократиялық мәмлекет сыпатында дүньяға исеним менен бой көрсетип атырғанының айқын дәлили есапланады.

Усылардың өзи сайлаўлардың улыўма тән алынған демократиялық принциплер тийкарында өтиўине хызмет ететуғын әҳмийетли фактор емес пе? Бир нәрсе анық: бул ретки сайлаў кампаниясында пикир талас, бәсеки ҳәр ўақыттағыдан да күшли ҳәм қызықлы болады. Итибар бериң, бир ғана депутатлық мандаты ушын бес сиясий партияның талабанлары бәсекиге кириседи. Ҳәр бир сиясий партия ҳәр бир сайлаў участкасына сайлаў күни өзиниң бир бақлаўшысын қойса, оның үстине ол жерде жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларынан, талабанлардың исенимли ўәкиллери, сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар, сырт елли ҳәм жергиликли журналистлер менен блогерлер де таяр болса, олардың барлығы (ең кеминде жети-сегиз адам) даўыс бериў процесин итибарлылық пенен бақлап барса, сайлаўлардың нәтийжелерин қәлбекилестириўдиң имканияты қалар ма екен? Яқ, қалмайды! Бундай ашық-айдынлық, ҳақықыйқатлық, кең көлемли бақлаўлар бурынғы сайлаўларда ушыраспаған жағдай.

Қайсы партия қайсы талабан өзиниң сайлаўалды бағдарламаларында электораттың тәшўишлерин, арзыў-тилеклерин, қызығыўшылықларын көбирек сәўлелендирсе, сайлаўшылар соны қоллап-қуўатлайды. Сол партияның талабаны депутатлық мәртебесине ериседи. Бул – ҳәм нызамлы ҳәм тәбийий жағдай.

Демократиялық плюрализм шараятында халқымызға тән кеңпейиллик ҳәм жоқары инсаныйлық, мийрим-шәпәәт, иззет-ҳүрмет, жоқары сиясий-ҳуқықый мәденияттың да кеңнен сәўлеленетуғынына гүман жоқ. Сайлаў кампаниясы дәўиринде партиялар ҳәм талабанлар өз-ара бәсекиге ҳәм пикир талас кирисиў менен бирге әне сол ески дәстүрлеримизди, пазыйлетлеримизди умытпаўы керек. Айырым мәмлекетлерде болғаны сыяқлы бирин-бири жаман атлы етиў, бир-бирин тийкарсыз қаралаў яки демокоратиялық принциплерге, ямаса әдеп-икрамлылық нормаларына я болмаса инсан мәнаўиятына туўра келмейди.

Және бир ҳақыйқат сонда, сайлаўлардың көппартиялық ҳәм альтернативлик, ашық-айдынлық ҳәм транспарентлик принциплери тийкарында, дүньяда улыўма тән алынған демократиялық стандартларға сай өтиўи – көп жағынан сиясий партиялардың усы прпоцесске пуқта таярлық көриўи ҳәм терең ойланған жаңа идея ҳәм мақсетлер, бағдарламалар менен белсене қатнасыўына байланыслы.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, қайсы партияға тийисли екенлигине қарамастан барлық ўатанласларымызды бирлестиретуғын бирден-бир мақсет – бул жанажан Өзбекстанымыз, оның уллы келешеги болып табылады. Әне усы мақсет ҳәммемизди Ана ўатанымызға садықлық пенен хызмет етиўге шақырады.

ӨзАның хабаршысы

Норгул АБДУРАИМОВА

сәўбетлести