USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 23 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАРДЫҢ ЎӘКИЛЛИКЛИ ЎӘКИЛЛЕРИ ДИЗИМГЕ АЛЫНДЫ

Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилис күн тәртибинен сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкилин дизимге алыў мәселеси орын алды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 34-статьясына тийкарланып депутатлыққа кандидатуралар көрсеткен сиясий партия сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, қол қойыў қағазларын дурыс толтырғанын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыў ушын ўәкилликли ўәкил тайынлаўға ҳақылы.

Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 11-сентябрьдеги қарары менен тастыйықланған «Сиясий партияның ўәкилликли ўәкили ҳаққында»ғы режеге муўапық, Сиясий партия жоқары уйымының баслығы сайлаў кампаниясы басланғаны рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап бес күнлик мүддетте өзиниң ўәкилликли ўәкилин тайынлайды ҳәм оны дизимнен өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына тийисли ҳүжжетлерди усынады.

Бизге белгили, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 2019-жыл 20-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларын ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаў бойынша сайлаў кампаниясының басланыўын жәриялаў ҳаққында қарар қабыл етилди ҳәм сол күннен баслап сайлаў кампаниясы басланғаны жәрияланды.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиздиң сиясий майданында жумыс алып барып атырған бес сиясий партияның басшылары өзиниң ўәкилликли ўәкиллерин тайынлап, оларды дизимнен өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына мүрәжат етти ҳәм тийисли хүжжетлерди усынды.

Орайлық сайлаў комиссиясы партиялардың басшылары усынған ўәкилликли ўәкиллерге тийисли хүжжетлерди көрип шығып, оларды дизимге алыў және гүўалықты (мандат) бериў ҳаққында қарар қабыллады.

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Бахтиёр Ёқубов, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Абдукамол Раҳмонов, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Нодир Мухторов, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Улуғбек Вафоев, Өзбекстан Экологиялық партиясынан Ислом Хушвақтов ўәкилликли ўәкиллер сыпатында дизимге алынды.

Сайлаў кодексине тийкарланып сиясий партия өзиниң сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлаўшы ең кеминде 40 мың сайлаўшының имзасын топлай алғанда ғана депутатлыққа кандидатурасын көрсетиўи мүмкин екенлиги ҳәм қол қойыў қағазларының бланкалары сайлаў кампаниясы басланғаны жәрияланғаннан кейин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен берилетуғыны белгиленген.

Илажда Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллерине олардың дизимге алынғаны ҳаққындағы гүўалықлар және сайлаўшылардың имзасын топлаўы ушын белгиленген үлгидеги қол қойыў қағазлары тапсырылды.

Нурилло Насриев,

ӨзАның хабаршысы