USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖОЛ ХОЖАЛЫҒЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни жол хожалығын раўажландырыў ҳәм усы тараўға инвестицияларды кеңнен тартыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде жәми жүклердиң 98 проценти ҳәм жолаўшылардың 88 проценти автомобиль жоллары арқалы тасылады. Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң экспортында таяр өнимлердиң үлеси көбейип бармақта. Келешекте оны және де арттырыў режелестирилген. Товарларды мәнзилге тез ҳәм сапалы жеткериў ушын болса раўажланған жол инфраструктурасы керек.

Мәжилисте усы тараўды раўажландырыў, қурылыс жойбарларын турақлы қаржылай дәрек пенен тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Автомобиль жолларын қурыў ямаса оңлаў жумысларына халықаралық шөлкемлер ҳәм жеке меншик шериклерди кеңнен тартыў зәрүрлиги атап өтилди. Соның ишинде, халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийетке ийе  1 мың 600 километрли жолларға байланыслы 18 үлкен жойбарды усындай бирге ислесиў тийкарында әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Ишки жолларды оңлаўда аймақлардың қатнасы сезилмей атырғанлығы атап өтилди. Қаржы министрлигине республика бюджетинен тек ғана улыўмалық пайдаланыўдағы жолларға, ишки жолларға болса жергиликли бюджеттен қаржы ажыратыў тәртибин енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Сырт мәмлекетлерде жол хожалығы тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жақсы раўажланғаны атап өтилди. Жол бойы инфраструктура объектлерин бериў арқалы жойбарларға инвесторларды тартыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы жойбарлар шеңберинде жол бойы объектлерин жайластырыў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин ислеп шығыў тапсырылды.

Реклама қурылмаларын улыўмалық пайдаланыўдағы жолларға орналастырыў ушын рухсат бериў ўәкиллигин Автомобиль жоллары комитетине өткериў усыныс етилди.

Улыўма, автомобиль жоллары тараўын түп-тийкарынан реформалаў ушын мәпдар минситрилклер ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар дүзип, 2020-2030-жылларда Автомобиль жолларын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул стратегияда, бәринен бурын, автомобиль жолларын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары белгиленди.

Ҳәзирги ўақытта Автомобиль жоллары комитетинде ҳәм буйыртпашы, ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши, және эксплуатациялаў функцияларының топланып қалғаны ақыбетинде системадағы кәрханалар халықаралық жойбарларда қатнаса алмай атыр. Сол себепли, қурылыс шөлкемлерин комитеттиң қурамынан шығарып, олардың тийкарында «Өзавтожол» акционерлик компаниясын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Сондай-ақ, жеке меншик шериклердиң қатнасыўында тез автобанларды қурыўға  үлкен итибар қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы жоллардың сапасын арттырыў жумысларын жойбарластырыўдан баслаў керек екенлигин атап өтти. Оның ушын жойбарлаў шөлкемлерин көбейтиў, олардың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар қурамын беккемлеў бойынша көрсетпе берилди.

2858aab8-3dad-30c8-12bf-20f17a7677cb.jpg

Германиялы шериклер менен биргеликте автомобиль жоллары қурылысы тараўында қоспа жойбарлаў институтын шөлкемлестириў, мәмлекетимиздиң климаты ҳәм қатнаў өзгешеликлерин есапқа алып, жол қурылысы тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди. Мәселен, мәмлекетимизде жол қурыўда елеге шекем тийкарынан асфальт-бетон қолланылады. Бундай жоллардың хызмет етиў мүддети 10-15 жыл болып, 4-5 жылдың өзинде оңлаўға мүтәж жағдайға келип қалады. Цемент-бетон қапламалы жолларды қурыў 15-20 процентке қымбат болса да, эксплуатациялаў мүддети  2-3 есеге көп ҳәм сақлаў қәрежетлери 3 есеге аз.

Мәмлекетимизде цемент ислеп шығарыў көлеминиң өсип атырғанын есапқа алып, жаңадан қурылатуғын ҳәм реконструкциядан шығарылатуғын мәмлекетлик әҳмийетке ийе жолларды басқышпа-басқыш цемент-бетон қапламаға өткериў бойынша тапсырмалар берилди.

Және бир машқала жолларды мониторинг етиў бойынша автоматластырылған системаның жоқ екенлиги. Қайсы жолдан қанша салмақтағы жүк тасыў мүмкин екенлиги ҳәммеге белгили емес. Нормадан артық салмақта жүк тасыўшы автотранспорт қуралларының ҳәрекети қадағаланбай атыр.

Сол себепли мәжилисте барлық жоллардың электрон базасын қәлиплестириў, арнаўлы автоматластырылған өлшеў қуралларын орнатыў бойынша бағдарламаны ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда, жол бойы инфраструктурасын халықаралық өлшемлер тийкарында жойбарластырыў, халықаралық жолларда сапалы сервисти шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Бир қатар көпирлер оңлаў ҳалатында, айырымлары улыўма ийесиз екенин сынға алынып, көпирлерди толық қатлаўдан өткериў, оларды оңлаў ҳәм тиклеў бойынша мәнзилли бағдарламаны ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Кадрлар мәселесине де итибар қаратылып, тараўдағы институтларды үлкен жойбарларға бириктириў, олар шеңберинде илимий хызметкерлер ушын сынаў майданларын ҳәм изертлеў лабораторияларын шөлкемлестириў, қәбилетли студентлердиң сырт елде қәнигелигин арттырыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпалар бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

 

ӨзА