«Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 126-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында» нызам жойбары таярланды. Бул ҳаққында aniq.uz  сайты хабар берди

Ҳүжжетке бола, ҲЖҲКниң 126-статьясын төмендеги редакцияда билдириў усыныс етилген.

«126-статья. Айна тәризли, қоршаған орталықты көриўди шеклейтуғын қапламалы транспорт қуралларынан пайдаланыў, сондай-ақ, транспорт қуралларының айналарын рухсатнамасыз реңин өзгертиў (қарайтыў)

Техникалық регламентке муўапық болмаған айна тәризли, қоршаған орталықты көриўди шеклейтуғын қосымша нәрселер орнатылған ямаса қапламалар жабыстырылған транспорт қуралларынан пайдаланыў, тап сондай транспорт қуралларының арқа ямаса алдынғы қаптал айналарын тийисли рухсатнамасыз реңин өзгертиў (қарайтыў), –

базалық есаплаў муғдарының он есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады;

Тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғанынан соң бир жыл даўамында қайтадан исленген болса, –

базалық есаплаў муғдарының он бес есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады

Транспорт қуралларының арқа ҳәм алдынғы қаптал айналарын тийисли рухсатнамасыз реңин өзгертиў (қарайтыў), –

базалық есаплаў муғдарының елиў есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғанынан соң бир жыл даўамында қайтадан исленген болса, –

базалық есаплаў муғдарының жетпис есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.»

Ҳүжжет 17-октябрьге шекем додаланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги