Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының усы жыл 11-сентябрьдеги арнаўлы буйрығына муўапық, Тақыятас районындағы 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «Адамлардың аўқаттан ғалаба түрде зәҳәрлениўиниң алдын алыўда АЖМтС жуўапкер хызметлериниң ҳәрекетлери» темасында көргизбели семинар ҳәм арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы, Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм басқа да тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, район (қала)лық бөлимлериниң қәнигелери, исбилерменлер қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының орынбасары Е.Жүзбаев, басқарманың медицина-биологиялық бөлиминиң баслығы Б.Абдиғәниев ҳәм басқа да тараў қәнигелери шығып сөйлеп, халық арасында аўқаттан зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған профилактикалық илажлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей Өзбекстан Республикасы бойынша өткен жыл даўамында 48 жағдайда аўқаттан зәҳәрлениў ушырасып, нәтийжеде 583 адам жәбирленген ҳәм 3 адам набыт болған. Соннан, 29 жағдайда ботулизм кеселлиги дизимге алынған болып, 80 адам жәбирленген ҳәм 3 адам набыт болған, 1 жағдайда замарықтан зәҳәрлениў ушырасып, нәтийжеде 2 адам жәбирленген. Усы жылдың 6 айы даўамында 15 жағдайда аўқаттан зәҳәрлениў ушырасып, нәтийжеде 151 адам жәбирленген ҳәм 2 адам набыт болған. Соннан, 12 жағдайда ботулизм кеселлиги дизимге алынған болып, 46 адам жәбирленген ҳәм 2 адам набыт болған. 1 жағдайда замарықтан зәҳәрлениў ушырасып, нәтийжеде 1 адам жәбирленген.

Кейинги еки жылда Қарақалпақстан Республикасында бундай ҳалатлар жүз бермеген. Бирақ тийисли тараў қәнигелери тәрепинен усындай кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары  даўам етпекте.

Cеминарда аўқаттан зәҳәрлениў, аўқат арқалы бактериялар яки олардың токсинлери, тәбийғый зәҳәрли өсимликлер ҳәм зәҳәрли химиялық затлардың адам организмине түсиўиниң нәтийжелери туўралы түсиниклер, ботулизм кеселлиги ҳәм оның формалары туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди, оның алдын алыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Соң районлық «Дийқан базары»нда арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўлары өткерилип, реже бойынша азық-аўқаттан зәҳәрлениў менен кеселленген наўқасқа медициналық жәрдем көрсетиў жумыслары әмелге асырылды. Сондай-ақ, ол жердеги лаборатория жумыслары менен танысыў, базардағы сатыўшылар ҳәм пуқаралар арасында азық-аўқаттан зәҳәрлениўдиң алдын алыў жоллары бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Оларға арнаўлы түрде таярланған буклетлер тарқатылды.

Семинарда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажға, тийисли хызметлерден, жәми 223 адам ҳәм 7 техника қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

(Автордың түсирген сүўретлери)