USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 16 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БМШ: Климат ҳәрекетлери бойынша саммити – Қарақалпақстан мысалында унамлы нәтийжелер

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Ж.С.Казбеков пенен сәўбет

Хабарыңыз бар, усы жылдың 2226-сентябрь күнлери АҚШтың Нью-Йорк қаласында БМШтың Климат ҳәрекетлери бойынша саммити болып өтти.

Саммитте Өзбекстан делегациясының қурамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының  Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Ж.Казбеков те қатнасты.

Усы мүнәсибет пенен бизлер Аралбойындағы экологиялық жағдайды жумсартыў аймақты раўажландырыў ҳәм саммиттиң тәсирлери және онда Қарақалпақстан мысалында ерисилген нәтийжелер ҳаққында Жүсипбек Сидиқбековичқа төмендеги сораўлар менен мүрәжат еттик.

– Жүсипбек Сидиқбекович, өзиңизге белгили, кейинги жылларда Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасындағы экологиялық жағдайды, Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. оған бир ғана мысал, 2018-жыл 27-ноябрь күни БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының жумысы жолға қойылды…

– Дурыс, дәслеп, 2017-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйледи ҳәм Арал апатшылығына дүнья жәмийетшилиги итибарын қаратты. Теңиздиң қурыўына байланыслы ақыбетлерди сапластырыўда халықаралық көлемдеги ҳәрекетлерди жедел бирлестириўге шақырғаның атап өтиў керек.

Аралды қутқарыў халықаралық фондын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары Кеңесиниң 2018-жыл 24-августта Түркменбашы қаласында болып өткен мәжилисте Президенимиз Ш.Мирзиёев БМШның қәўендерлигинде Аралбойы регионы ушын арнаўлы Траст фондын шөлкемлестириў басламасы менен шықты. Сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапарлары шеңберинде де усы мәселеге және бир мәрте үлкен итибар қаратылды.

2018-жыл 27-ноябрьде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нью-Йорк қаласындағы резиденциясында БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының жумыс баслаўына бағышланған илаж болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳәм Аралбойы регионындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, инсан турмысына қәўипли тәсирлерди жумсартыў бойынша мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған комплексли илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў бойынша алып барылып атырған әҳмийетли жумыслар мысалында және соны да айрықша атап өтиў керек, 2018-2019-жылы Арал теңизиниң қурыған ултанына сексеўил егиў ушын жәми 1 миллион 125 мың гектар жер майданы таярланып, соннан 461 мың гектарына сексеўил туқымлары егилди. Бул илажлар усы жылы да даўам еттириледи.

Буннан тысқары, бизге белгили, Аралбойы аймағында, соның ишинде жаңаланып атырған Мойнақ районында кейинги бир жылдың өзинде жүз берген ҳәм избе-из даўам етип атырған абаданластырыў ҳәм қурылыс жумыслары тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилигиниң итибарын өзине тартпақта.

– Айтыңызшы, өткен дәўир ишинде усы фондты қаржыландырыў бойынша аймақта қандай жумыслар әмелге асырылды?

– Мине дерлик өткен он ай даўамында Ҳүрметли Президентимиздиң Траст фондының жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы қарары қабыл етилди, ҳәм дүзилген Уйымлараралық жумысшы топар ҳәм «жол картасы» тийкарында Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў ушын жойбарларды қаржыландырыў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Траст фондын қаржыландырыў ушын 2019-2022-жылларда 6,5 миллион доллар қаржы ажыратыў миннетлемесин алып, быйыл 1-март күни дәслепки 2 миллион доллар апрель айында Норвегия ҳүкимети тәрепинен Траст фондының Нью-Йорктағы есап бетине 1,1 миллион доллар қаржылары өткерилди.

Усы келип түскен қаржылар есабынан 2019-2020-жылларда Аралбойы аймағында әмелге асырыў ушын мөлшерленген 2 «Аўыл халқы аймақларының турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаў арқалы Аралбойы аймағында инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў» ҳәм «Ең әззи аналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге перинатал жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў» жойбарына жәми 3,08 миллион доллар қаржылар ажыратылды.

Сондай-ақ, Бирлескен Араб Әмирликлери (БАӘ) Қарақалпақстандағы жойбарларды әмелге асырыўда жедел үлес қоспақта. Мәселен БАӘ Арал теңизиниң қурыған ултанынан тоғайзарлықлар жаратыў мақсетинде аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў ушын 10,7 млн. доллар қаржы ажыратты. Оған қосымша БАӘ президенти Халифа бин Заид аль-Наҳайан атындағы балалар ҳәм ҳаяллар емлеўханасын Нөкис қаласында 1.3 га майданда 7 млн. доллар грант есабынан қурыў режелестирилген.

Буннан тысқары, 2019-жыл 4-апрель күни Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Питер Бурианның басшылығында Европа Аўқамының делегациясы Мойнақ районына барды ҳәм Траст фонды бойынша бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди. Сапар етиў нәтийжелери бойынша Европа Аўқамы Траст фондына 5 миллион евро грант ажыратыўын жәриялады.

Әлбетте Аралбойы халқына жәрдем бериўши Траст фондының бундай жойбарлары келешекте де даўам етеди.

– Усы ҳәрекетлердиң даўамы сыпатында Сиз усы жылдың 2226-сентябрь күнлери Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШның Климат ҳәрекетлери бойынша саммитинде Өзбекстан делегациясының қурамында қатнастыңыз. Сапар ҳаққында тәсирлериңиз ҳәм ерисилген нәтийжелер ҳаққында айтып берсеңиз?

– 65 мәмлекет, 100 ден аслам ири бизнес ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасқан бул саммитдеги қатнасыўымыз, әлбети, нәтийжели болды. Илаждың салтанатлы ашылыў мәресиминде БМШ Бас хаткери А.Гутерриш шығып сөйледи.

Бас хаткердиң атап өткениндей, «бул климат шараятларының самммити емес. Бизлер жетерли дәрежеде сөйледик. Бул сөйлесиўлер саммити емес, себеби тәбият пенен сөйлесиў алып барылмайды. Бул климат ҳәрекетлери саммити».

Сондай-ақ. А.Гуттериш барлық қатнасыўшыларды глобаллық климат температурасының көтерилиўин Париж келисимине тийкарланған 1,5 градусқа шеклеўге миннетлеме алғанын еслетип өтти ҳәм анық миннетлемелер менен ҳәрекетлер ҳаққында айтыўға шақырды. Ол әсиресе, «парник» газлериниң шығындыларын азайтыў, энергия ислеп шығаратуғын санааты субсидиялаўға шек қойыў ҳәм қазып алынатуғын жанылғыдан пайдаланыўды тоқтатып, өзин-өзи тиклейтуғын жанылғыға өтиў, углеродларға салық енгизиў, исбилерменлик жумысты жүргизиў жолларын өзгертип, «жасыл экономика»ға өтиўди усыныс етти.

Өзбекстан делегациясы бул сапар етиў даўамында БМШның түрли мәмлекетлердиң уәкиллери менен ушырасыўлар өткерди ҳәм бул сөйлесиўлерде Өзбекстан тәрепинен Париж келисиминиң орынланыўы, Арал машқаласының унамсыз тәсирин азайтыў бойынша мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған көлемли жумыслар ҳәм Аралбойы аймағы ушын дүзилген Траст фонды ҳаққында сөз етилди.

Сөйлесиў даўамында сондай-ақ, усы жылдың 25-октябрь сәнесинде Нөкис  қаласында жоқары дәрежеде өткерилиўи режелестирилип атырған «Аралбойы – экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы» темасындағы халықаралық конференциясы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Саммитте Қарақалпақстан мысалында ерисилген нәтийжелерге келетуғын болсақ, АҚШтағы Өзбекстан елшиханасы ҳәм Өзбекстанның БМШтағы турақлы ўәкилханасы тәрепинен шөлкемлестирилген еки тәреплеме ушырасыўларда, соның ишинде, АҚШтың «Project CURE» мәмлекетлик емес ҳәм коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан халқының денсаўлығын жақсылаў ушын 400 мың доллардан аслам муғдарда медициналық әсбап-үскенелер бийғәрез тәризде жеткерип бериўге келисип алынды.

АҚШтың аўыл хожалығы департаменти менен ушырасыўда болса «Билимлендириў ушын азық-аўқат» бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурҳандәрья ўәлаятының мектеплери ушын сапалы азық-аўқат тәмийнаты, оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў ҳәм мектеплерде ишимлик суўының сапасын жақсылаў ушын 5 жылға 21,5 миллион доллар ажыратылғаны ҳаққында мағлыўмат берилди.

Соның менен бирге, сапар етиў ўақтында және бир әҳмийетли хабар келди, яғный Европа инвестиция банки Арал машқаласын сапластырыў ушын Траст фонд шеңберинде 100 миллион евро муғдарындағы узақ мүддетли жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыўы күтилмекте.

Сәўбетлескен: Ч.Елмуратов

Қарақалпақстан хабар агентлиги