USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ПРЕЗИДЕНТИМИЗ УЛЛЫ БАБАЛАРЫМЫЗҒА МҮНӘСИП ПЕРЗЕНТЛЕРДИ СЫЙЛЫҚЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 27-сентябрьдеги пәрманына муўапық, Россия Федерациясының Екатеринбург қаласында болып өткен бокс бойынша жәҳән чемпионатында жоқары нәтийжелерге ерискен бир топар спортшы ҳәм тренерлер ҳүрметли атақ ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

30-сентябрь күни Көксарайда  усы жоқары сыйлықларды тапсырыў мәресими болып өтти. Мәресимде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, спорт федерацияларының басшылары, боксшылардиң ата-аналары қатнасты.

Мәмлекетимизде жаслардың келешеги, спорттың раўажланыўы ушын пуқта тийкар жаратылды. 2019-2023-жылларда денетәрбия ҳәм ғалаба спортты раўажландырыў концепциясы избе-из әмелге асырылмақта. Орынларда жаңа спорт объектлери иске  түсирилип, жаслар саламат турмыс тәризине белсендилик пенен қамтып алынбақта. Профессионал спортшылардың шынығыўы, шеберлигин турақлы түрде арттырып барыўы ушын заманагөй шараятлар жаратылмақта.

Президентимиз басшылығында усы жылдың 4-сентябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, халықаралық жарысларға таярлықты күшейтиў бойынша қосымша илажлар белгиленген еди.

Өткен қысқа ўақытта спортшыларымыз бир неше турнирлерде қатнасып, үлкен табысларды қолға киргизди. Атап айтқанда, 14-22-сентябрь күнлери Қазақстанның пайтахты  Нур-Султан қаласында болып өткен еркин гүрес бойынша жәҳән чемпионатында Өзбекстанның сайланды командасы 4 медаль менен 2-орынды ийеледи. Итибарлы тәрепи, жеңимпаз спортшыларымыз 2020-жылғы Токио Олимпиадасына да жоллама алды.

20-25-сентябрь күнлери Ташкентте дзюдо бойынша халықаралық Гран-при турнири жоқары дәрежеде өткерилди. Онда 71 мәмәлекеттиң спортшылары 14 салмақ категориясында қатнасты. Мәмлекетимиздиң сайланды командасы жәми 6 медаль менен 2-орынды жеңип алды.

6-22-сентябрь күнлери Екатеринбург қаласында болып өткен бокс бойынша жәҳән чемпионаты спортшыларымыз ушын және де табыслы болды. Сексенге шамалас мәмлекеттен ең күшли былғары қолғап шеберлери қатнасақан оғада кескин беллесиўлерде сайланды командамыз 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 1 бронза медальды қолға киргизди. АҚШ, Куба, Россия, Қазақстан, Англия, Ҳиндстан сыяқлы бокс бойынша жетекши мәмлекетлердиң ўәкиллерин артта қалдырып, улыўма командалық есапта 1-орынды ийеледи. Командамыздың сәрдары Баҳодир Жалолов чемпионаттың «Ең жақсы боксшысы» деп тән алынды.

Мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, спортшыларымызды, олардың устаз ҳәм тренерлерин, пүткил халқымызды бокс бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының тарийхый жеңиси менен шын жүректен қутлықлады.

Болып өпткен кеўилли сәўбетлесиўде сайланды командамыз бокс бойынша жетекши мәмлекетлердиң ўәкиллерин артта қалдырып, жуўмақлаўшы басқышта жеңимпаз болғаны тек ғана олардың физикалық емес, ал руўхый ҳәм мәнәўий жақтан да жақсы таярлық пенен майданға шыққанының нәтийжеси екенлиги айрықша атап өтилди.

Жалаладдин Мангуберди, Әмир Темур, Паҳлаўон Маҳмуд сыяқлы ҳеш қашан жаўырыны жерге тиймеген уллы бабаларымызға мүнәсип перзентлер ғана әне сондай уллы жеңислерге ерисе алады. Сизлер миллий спортымыз тарийхында жаңа ҳәм жарқын бет ашып, жанажан Өзбекстанымыздың абырайын және де бийик шыңға көтердиңиз, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўда қатнасқан боксшыларымыздың ата-аналарын айрықша қутлықлап, олар мине усындай мәрт, күш-жигерли, ўатанын сүйетуғын перзентлерди тәрбиялап, көпшиликке үлги болғанын атап өтти.

Шынында да, дүньяның 80 ге шамалас мәмлекетинен ең күшли былғары қолғап шеберлери қатнасқан ҳәм оғада кескин гүреслер менен өткен жәҳән чемпионатында сайланды командамыздың ең бийик шоққыға көтерилгени үлкен мәртлик ҳәм қаҳарманлықтың белгиси болып табылады. Оның ушын керек болған теңи-тайы жоқ күш-жигер, билим ҳәм шеберлик, беккем исенимниң дәреги бәринен бурын, Ўатанымыз, ҳақ кеўил халқымыз, оның даңқлы тарийхы ҳәм бай мәнәўияты, десек, асыра айтқан болмаймыз. Әне усындай уллы күшке сүйенип, миллионлаған жасларымыз мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў жолында зор ғайрат ҳәм исеним менен майданға шықпақта, деди Президент.

Бизге белгили, 2016-жылы Бразилияда болып өткен Олимпиада ойынларында боксшыларымыз ҳәммени таң қалдырып, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеген еди. Ерисилген бундай табыслардың тосыннан емеслигин, Өзбекстан белгили дәрежеде бокс мәмлекетине айланып баратырғанын миллий сайланды командамыздың ағзалары және бир рет пүткил дүньяға көрсетти.

Бул жеңис «Өзбекстан бокс мектеби», «Өзбекстан боксшылары» деген сөзлерди жәҳән спортының тарийхына алтын ҳәриплер менен таңбалап қойды. Енди Өзбекстан боксшыларын, өзбек бокс мектебин тән алған ҳәм тән алады. Енди «Өзбекстан», «өзбекстанлылар» десе, мен деген боксшыларда ойланып рингке шығатуғын болады, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортқа, атап айтқанда, бокс тараўына көрсетилип атырған итибар, жаратылып атырған зәрүрли шараятлардың әмелге асыўы, мине усындай табысларда көринеди. Мәмлекетимизде замангөй тәлим-тәрбия орайлары менен бирге, жаңадан-жаңа спорт мектеплери ҳәм комплекслери, стадионлар, жүзиў бассейнлериниң қурылып атырғаны, балаларымыздың қәлбинде спортқа сүйиспеншилик оятыўға айрықша әҳмийет берилип атырғаны бул бағдарда шешиўши әҳмийетке мийе болмақта. Әсиресе, ҳүрметли устазлар ҳәм муғаллимлердиң мийнети қәдирленип, олардың абырайы ҳәм статусының артып баратырғаны табыслардың тийкары болмақта.

«Жаслар – келешегимиз», «Бес тийкарғы баслама», «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Абат орай» сыяқлы бағдарламалардың барлығында перзентлеримизди кәмил инсан етип тәрбиялаўға, олардың спорт пенен шуғылланыўына қатаң итибар берилмекте.

Бул жеңистиң және бир әҳмийетли тәрепи сонда, ол мәмлекетимизде басқа спорт түрлериниң раўажланыўына да күшли түртки береди, өз гезегинде, жасларды барлық тараўларда бәлент шеклерди қойып,барқулла жеңиске қарай умтылып жасаўға үйретеди, деди мәмлекетимиз басшысы.

Ушырасыўда сайланды командамыз қолға киргизген дүнья көлеминдеги жеңиске оғада үлкен үлес қосқан қаҳарман боксшыларымыздың ҳәр бири ҳаққында мақтаныш пенен пикир билдирилди.

Шаҳобиддин Зоиров бир қатар күшли қарсыласларды, атап айтқанда финалда ҳиндстанлы атақлы боксшыны жеңип, дәслепки алтын меидальды қолға киргизгени, Миразизбек Мирзахалилов финалда кубалы оғада күшли қарсыласын екинши раунда-ақ жеңгенин, алпамыслар ели – Сурхандәрья перзенти, үшинши алтын медальдың ийеси Баҳодир Жалолов оғада аўыр салмақта ҳәм чемпион, ҳәм чемпионаттың «Ең жақсы боксшысы» деген итибарға ылайық көрилгени, жас қәбилетли боксшымыз Дилшодбек Рўзметов бундай абырайлы жарыста биринши мәрте қатнасып атырғанына қарамай, гүмис медальды қолға киргизгени, бронза медалының ийеси болған Бобо-Усмон Ботиров та жәҳән чемпионатында биринши мәрте қатнасып, жақсы  нәтийжеге ерискени айрықша атап өтилди.

Мәжилисте ерисилген жаңисти тәмийинлеўде тренерлер қурамының, Бокс федерациясының салмақлы үлеси бар екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы күшли ҳәм жеңип болмайтуғын команданы таярлаў ушын шын мәнисинде пидайылық көрсеткен, дурыс тактика таңлаған ҳәм пуқталық пенен шынығыўлар өткерген Марат Қурбонов,Раҳматжон Рўзиохунов, Тўлқин Қличев, Истам Кабинов, Баҳодир Эркаев, Фаррух Қличев сыяқлы тренерлердиң хызметлерин жоқары баҳалап, оларды шын жүректен қутлықлады.

Сәўбетлесиў даўамында келеси жылы Японияда болып өтетуғын Олимпияда ойынларына таярланыў ҳаққында да ҳәр тәреплеме сөз жүргизилди. Өзбекстан боксшылары үлкен жеңисти қолға киргизип, бул бағдарда беккем тийкар жаратқанына айрықша итибар берилди.

Жедел раўажланып атырған, ашық ҳәм демократиялық мәмлекетимиз өзиниң спорт тараўындағы жаңа келбетин көрсетиў ушын бул Олимпиада жүдә үлкен имканият болып есапланады. Әлбетте, спортшылардың физикалық таярлығы, прфессионал шеберлиги ҳәм тәжирийбеси оғада әҳмийетли. Бирақ ең зәрүрли тәрепи – бул Олимпия командамыздың руўхый жақтан таярлығы болып есапланады. Спортшының өзине болған исеними қанша күшли болса, нәтийже де сонша жоқары болады, деди мәмлекетимиз басшысы.

Ушырасыўда Президентимиз тәрепинен боксты мектеплер, мәҳәллелер, районлар ҳәм ўәлаятлар дәрежесинде раўажландырыў бойынша зәрүр шараятларды жаратыў бойынша концепцияны ислеп шығыў, боксты улыўма миллий спорт түрине айландырыў бойынша айрықша бағдарлама ҳәм илажларды қабыллаўға байланыслы әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар алға қойылды.

Мәресимде бокс бойынша Өзбекстан сайланды командасының тренери М.Қурбонов, жәҳән чемпионлары Б.Жалолов, М.Мирзахалилов ҳәм басқалар спортты раўажландырыў және спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында көрсетип атырған турақлы итибары ушын Президентимизге шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

ӨзА