USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 18 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МУFАЛЛИМ ҲӘМ УСТАЗЛАР БЕЛЛЕСИЎИ

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»не бағышланып, республикамыздың  район (қала)ларында руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм спорт жарыслары өткерилди.

Тақыятас районында шөлкемлестирилген спорт жарысында муғаллим ҳәм устазлардың қатнасыўында спорттың волейбол түри бойынша жарыс болып өтти.

Жарыста райондағы улыўма билим бериў мектеплериниң 9 командасы өз-ара беллести.

– Бүгин устазларға көрсетилип атырған итибар ҳәм ҳүрметтен ҳәммениң қуўанышта екенлигин көрдик. Оның кәсиби қаншелли аўыр болмасын,  устазларымыз өз билими ҳәм олар ушын жаратылып атырған қолайлықлардан утымлы пайдаланып, келешегимиз болған жаслардың елге садық, ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып жетилисиўине бар күшин жумсайды, деп исенемиз,-дейди партияның Тақыятас районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Р.Хидирбаев.

Өзине тән қызғын беллесиўлерде жеңимпазлар анықланып, районның 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы биринши, 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы екинши, 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.