Усы жыл 30сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Гүлайым» операсының премьерасы болып өтти.

 «Қырыққыз» дәстаны тийкарында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан  көркем өнер ғайраткери Нажимаддин Мухамеддинов тәрепинен жазылған операның либеретто авторы  Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Матьякубова болған шығармада Гүлайым баслаған  қырық қыздың азатлық ҳәм еркинлик ушын гүрестеги қаҳарманлығы сөз етиледи.

3 актли, 11 картиналы опера сол дәўирдиң көриниси, жыраўдың «Қырыққыз» дәстаны жырлаўы менен басланды. Сахнада Иран патшасы Нәдиршах ўәзири Қулымбек пенен хорезмли жигит Арысланды тутқынға алыўды, оның қарындасы Алтынайды сарайға әкелиўди буйырады.

Қалмақ ханы Суртайша менен болған саўаш майданы. Олардың ишинде Аллаярбай, оның жигитлери ҳәм Гүлайымның анасы Ақсулыў да бар. Аллаяр өзи өлседе, халқын азат етиўин сорайды.

Гүлайым қызлары менен Саркопқа жетип келеди. Суртайша ўайран еткен жерлериди көрип, саўашқа атланады. Сахнада усы саўаш көриниси сәўлеленеди.

Қаратаўда Гүлайым аң аўлап жүрген Арысланды көреди. Ол қызларға саўашта жәрдем беретуғынын билдиреди.  Сәрбиназ қарсылық билдирсе де, Гүлайым оған исенеди.

Буннан соң Гүлайым баслаған қырық қыз Суртайшаның қорғанына ҳүжим етеди. Узақ даўам еткен саўашта Гүлайым ҳәм оның қызлары жеңиске ериседи. Тутқынға алынғанлар, соның ишинде батыр қыздың анасы Ақсулыў азат етиледи.  Арыслан енди Хорезмде қалған  анасы менен қарындасы Алтынайды қутқарыўды соранады. Енди олар биргеликте Надиршах әскерлерине қарсы саўашқа атланады. Арысланның анасы менен қарындасы азат етилип,  Нәдиршах пенен ўәзири Қулымбек тутқынға алынады.

Солай етип, Түркистанда тынышлық ҳүким сүреди. Арыслан менен Гүлайым бахытлы турмыс кешире баслайды.

Операда баслы роллерди Меҳрийбан Жиемуратова, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Дәрибай Хожамбергенов,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Элиза Айтниязова,  Айымгүл Юсупова, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Наўрыз Мухаммедяров. Бағдат Абдуллаев, Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов. «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Саламат Аяпов. Мәдияр Бекполатов ҳәм Наўрыз Қыдырниязов ҳәм басқалар шеберлик пенен атқарып, тамашагөйлердиң алғысына миясар болды.

Премьерадан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының баслығы, Өзбекстан халық артисти Р.Абдуллаев, «Гүлайым» операсының авторы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан  көркем өнер ғайраткери Нажимаддин Мухамеддинов, либеретто авторы  Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Матьякубова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды республикамыздың мәденияты менен көркем өнериндеги тарийхый ўақыя менен қызғын қутлықлады.

Операны сахналастырыўда музыкалық жақтан басшысы ҳәм дирижёр Қарақалпақстан халық артисти Аида Абдуллаева,  режиссёрлар Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткерлери Баўетдин Баймурзаев ҳәм Бердибай Утебаев, дирижёрлар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан  көркем өнер ғайраткери Қурбанбай Заретдинов, Байрам Отарбаев,  хормейстерлер Айпара Төлепова, художник Темур Шардеметов, концертмейстер Юлдуз Атаджанова, балейтмейстерлер  Өзбекстан халық артисти Абибулла Шарипов ҳәм театрдың дөретиўшилик жәмәәтиниң, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент жасларының мийнетлери айрықша атап өтилди.

Солай етип, театр жәмәәти тәрепинен «Әжинияз», «Тумарис» опералары, «Айжамал». «Қырыққыз» балетлеринен кейин «Гүлайым» миллий операсының  сахналастырылыўы көркем өнер ықласбентлери ушын әжайып саўға болды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы