1-ОКТЯБРЬ – МУҒАЛЛИМЛЕР ҲӘМ УСТАЗЛАР КҮНИ

Усы жыл 30-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  1-октябрь- Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәжилис  болып өтти.

Илажды Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешов басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасмының Президенти Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, бүгинги қутлы байрамда  бәршемиз билим үйреткен, турмыс сабағын берген жанкүйер, пидайы муғаллим устазларымызға терең ҳүрмет көрсетип, шын жүректен тәжим етемиз.  Бүгингидей қурамалы бир дәўирде балаларымызды келешекке таярлап, саламат ҳәм жетик инсанлар етип камалға жеткериў, бул тәлим-тәрбия тараўы оқытыўшысы мийнетиниң түп-тийкарын қурайды.

Өткен қысқа дәўирде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиў, мектеп билимлендириўинде 11 жыллық системаға өтиў, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин оптималластырыў, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметин көрсетиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Бүгинги күнде пүткил ел-журтымыздың қызғын қоллап-қуўатлаўы менен мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўмамиллий мақсетке, улыўмахалықлық ҳәрекетке айланып бармақта. Уллы алымларымыз, белгили шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың аты менен аталатуғын дөретиўшилик ҳәм тәбийғый пәнлерге қәнигелестирилген мектеплер, «Темурбеклер мектеби», Президент мектеплери сыяқлы пүткиллей жаңа үлгидеги заманагөй ҳәм инновациялық билимлендириў орайлары әне усы мақсетке хызмет етеди. Билимлендириў ҳәм тәрбия мәселесине комплексли қатнас жасай отырып, бақша билимлендириўи менен бирге жоқары билимлендириў системасын да үзликсиз раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Быйылғы жылдың өзинде 49 балалар бақшасында 90 миллиард сумлық, 95 улыўма билим бериў мектебинде 167 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары, 4  балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде, 7 спорт объектинде 52,2  миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған болса, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында,  Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалында улыўма нырқы 141 миллиард сумнан зыят қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Жергиликли бюджет есабынан улыўма билим бериў мектеплериниң материаллық-техникалық базалары менен инфраструктурасын  беккемлеў мақсетинде 150,5 миллиард сум қаржы ажыратылды. Соны айрықша атап өтиўимиз керек,  бүгинги күни оқыўшы-жасларымыз бир қатар табысларды қолға киргизип келмекте. Атап айтқанда, Қубла Африка мәмлекетинде өткерилген халықаралық математика жарысында шымбайлы Дамир Дилмуратовтың қола медалын жеңип алыўы, гүрес түрлери бойынша Қазақстанда өткерилген Жәҳән чемпионатында  қараөзекли Жалғас Бердимуратовтың жеңимпаз болып, келеси жылы Токио қаласында болып өткен Олимпиада ойынларына жоллама алыўы,  дзюдо бойынша Ташкент қаласында болып өткен халықаралық жарыста әмиўдәрьялы Шарапатдин Балтабаевтың биринши орынды ийелеўи, қылышпазлық бойынша Орайлық Азия чемпионатында Нөкис қаласынан Зайнаб Дайыбекова алтын медалды, Айсулыў Уснатдинованың қола медалын жеңип алыўы, самбо бойынша Ҳиндстан мәмлекетинде болып өткен Азия чемпионатында Нөкис районынан Аман Ғаниевтың алтын медальды жеңим алыўы- бул ҳәр биримиз мақтаныш ететуғын ўақыялардан болып табылады.

Кәсиплик байрам мүнәсибети менен елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, терең билим ҳәм заманагөй кәсип өнерге ийе маман кадрларды таярлаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, еркин пикирлейтуғын, талантлы, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, оларды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы үлкен хызметлери ушын  бир топар муғаллим ҳәм устазлар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының ҳүрметли атақлары, орден ҳәм медальлары, «Ўатан пидайысы» көкирек нышаны менен сыйлықланған еди. Илажда тараў пидайыларына Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан Шымбай районындағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллим, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси  Г.Романова, Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими, «Шуҳрат» медалының ийеси К.Ешимбетова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының кафедра баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери Ш.Юлдашева, сондай-ақ, Өзбекстан Миллий академиялық театрының актрисасы, Өзбекстан Республикасы халық артисти Г.Закирова шығып сөйлеп,   билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.