Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары

 

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :

 

Елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў жумысларына қосқан салмақлы үлеси, жасларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерин үйретиў, оларды ана Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы көп жыллық жемисли мийнетлери және жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықлансын:

 

“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери”

 

Юлдашева Шахло Шукурлаевна – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық  институтының “Өзбек тили” кафедрасы баслығы

 

Фофонова Галина Павловна – Нөкис қаласы 46-санлы қәнигелестирилген мектебиниң рус тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

 

Палваниязова Тамара Хамидуллаевна – Шымбай районы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры

 

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы

 

Мамырбаева Дина Джаксыбаевна – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының “Инглис тили ҳәм әдебияты” кафедрасы доценти

 

Сейтназарова Гулнара Айтбаевна – Қарақалпақ мәмлекетлик университети  академиялық лицейиниң рус тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы

 

Юсупов Бахтияр Хакимович – Төрткүл санаат кәсип-өнер колледжиниң инглис тили пәни оқытыўшысы

 

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист

 

Жуманиязов Алламберган – Әмиўдəрья районы “Тараққиёт кўзгуси” газетасының жуўаплы хаткери

 

Ўатан пидайысыкөкирек белгиси менен:

 

Садикова Индира Урынбаевна – Мойнақ районы 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияшысы

 

Таджибаев Шавкат Сабирович – Беруний районы 38-санлы мектептиң волейбол бойынша тренер-оқытыўшысы

 

Айтмуратова Диларам Алланазаровна – Нөкис қаласы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

 

Йўлдошов Отабек Йўлдош ўғли – Әмиўдәрья районлық халық билимлендириў бөлими баслығы

 

Баимбетова Казына Жайлыбаевна – Тахтакөпир районы 5-санлы улыўма орта  билим  бериў  мектебиниң қазақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

 

Жолымбетова Айтгул Аймбетовна – Мойнақ районы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры

 

Палымбетова Жайхун Кутлымуратовна – Нөкис медицина колледжиниң химия-биология пәни оқытыўшысы

 

Мадаминова Ферузахан Ахметовна – Хожели транспорт кәсип-өнер колледжи директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары

 

Сапашова Амангул Джадигеровна – Нөкис қаласы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

 

Айтимов Мамбетсабир Шамуратович – Елликқала районы 66-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллими

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы        М.Ерниязов

 

Нөкис қаласы, 28-сентябрь 2019-жыл.