Бүгин 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен қарақалпақстанлы бир топар пидайы инсанлар елимиздиң орден ҳәм медаллары менен сыйлықланды.

Олар арасынан аўыр атлетика бойынша жоқары дәрежели тренер-оқытыўшы, халықаралық дәрежедеги спорт устасы Чашемов Мансурбек Халбаевичтиң «Дўстлик» орденине миясар болғаны көпшиликти қуўандырды.

М.Чашемов 1983-жылы Тақыятас районында туўылған. Ол 2005-жылы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия институтының аўыр атлетика бойынша тренерлик қәнигелигин тамамлаған ҳәм сол жылдан баслап 2009-жылға шекем Өзбекстан Республикасы сайланды командасының ағзасы болды.

– Сол пайытлары М.Чашемов Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында спортшы сыпатында қатнасып жақсы нәтийжелерге ерискен еди,-дейди Республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң директоры Адилбек Алланазаров. – Атап айтқанда, 2005-жылы Дубайда болып өткен Азия чемпионатында ҳәм 2007-жылы Таиланд мәмлекетинде болып өткен Жәҳән чемпионатында 6-орынды, сол жылы клублар арасында өткерилген Азия кубоги жарысларында 1-орынды, 2008-жылы XXIX жазғы Олимпия ойынларында күшли онлықтан 7-орынды, сол жылы Японияда болып өткен Азия чемпионатында 3-орынды, Корея мәмлекетинде болып өткен Азия кубоги жарысларында 1-орынды, 2009-жылы Қазақстанда болып өткен Азия чемпионатында 2-орынды, 2010-жылы Түркия мәмлекетинде болып өткен Жәҳән чемпионатында 4-орынды ийеледи. Сондай-ақ, 2010-жылы Қытайдың Гуанчжоу қаласында өткерилген XVI Азия ойынларында 2-орынды ийелеп, гүмис медалын қолға киргизди.

Соң ол, 2009-2016-жылларда Хожели районындағы 1-санлы балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде аўыр атлетика бойынша тренер-оқытыўшы болып иследи. 2016-жылдың май айынан берли Қарақалпақстан Республикасы спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң аўыр атлетика бойынша тренер-оқытыўшысы болып ислеп келмекте.

Соннан берли оның тәрбиясынан көплеген чемпионлар жетилисип шықты.

Оның шәкиртлери Қарақалпақстан Республикасы көлеминде жаслар арасында болып өткен жарысларда улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп келмекте. Ол 2014-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы жас өспиримлер сайланды командасының аға тренер-оқытыўшысы болып келмекте.

Сондай-ақ, шәкиртлеринен 2014-жылы болып өткен Өзбекстан Республикасы кубогинде Р.Жангабаев үшинши, Өзбекстан Республикасы чемпионатында Э.Баймуратов биринши, И.Реймов үшинши орынды ийелеген. Ю.Арутунянц естелигине бағышланған халықаралық ашық турнирде Б.Султанбаев үшинши, Өзбекстан Республикасы спорт мектеплери арасында өткерилген чемпионата И.Реймов биринши орынды ийелеген.

Шәкирти Р.Жангабаев, 2015-жылы АҚШтың Хьюстон қаласында болып өткен Жәҳән чемпионатында, Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ушын зәрүр болған 4 очконы топлап, 2016-жылы Бразилияның Рио де-Жанейро қаласында болып өткен XXXI жазғы Олимпия ойынларында 6-орын ийеси, 2016-жылы Доха қаласында болып өткен Азия кубогинде 1-орын, 2017-жылы Ашхабад қаласында өткерилген Азия чемпионатында 1-орын ийеси болды.

Оның мийнетлери жоқары баҳаланып, М.Чашемов 2009-жылы «Шухрат» медалын, 2016-жылы «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен спорт устазы» атағын алған еди.

Келешекте пидайы устаздың шәкиртлеринен спорттың аўыр атлетика түри бойынша еле де көплеген Жәҳән, Азия чемпионлары жетилисип шығады, деген үмиттемиз.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.