Жәҳән банки: Бизнес жүргизиўди жеңиллетиўде ең үлкен реформалар әмелге асырған дүньядағы 20 топ мәмлекетлердиң ишинде Өзбекстан да орын ийеледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң телеграм каналы хабар бермекте.

Жәҳән банки «Бизнес жүргизиў» халықаралық рейтинги шеңберинде соңғы бир жыл ишинде бизнести жүргизиўде жеңилликлерди нәзерде тутатуғын ең көп реформаларды әмелге асырған 20 мәмлекетти атап өтти. Олардың ишинде Өзбекстанда 5 бағдарда әмелге асырылған қәдемлер айрықша тән алынды.

Жәҳән банкиниң хабарына бола, Өзбекстан кейинги дәўирде миноритар инвесторларды қорғаўды беккемлеген, салықлар төлеў системасын әпиўайыластырған, шәртнамалардың орынланыўын әмелге асырыўды күшейткен, сондай-ақ сыртқы саўда бағдарында сезилерли жаңалықлар киргизген.

Буннан тысқары, коммерциялық шөлкемлерде бийғәрез кеңес ағзалары болыўы бойынша жаңа талаплар ҳәм аудит комитетлердиң статусы беккемленди.

Инфраструктура салықлары пайда салығы менен бирлестирилгени де айрықша атап өтилген. Жәҳән банки медиация институтын раўажландырыўға қаратылған қәдемлерди де тән алып, бул бағдарда бирден-бир ҳуқықый базаның қәлиплескенин ҳәм медиациядан пайдаланыўды хошаметлеў механизмлери енгизилгенин атап өткен.

Бажыхана тараўында болса қәўип-қәтерди таллаў тийкарында тексериўлерди әмелге асырыў тәртиплери киргизилгенин де мақуллаған.

Әдиллик министрлиги бул бағдардағы реформаларды алып барыўда қатнасқан барлық шөлкемлер ҳәм олардың жуўапкерлерин бул жетискенлик пенен қутлықлайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги