Дания пайтахты Копенгаген қаласында өткерилген «UFC Fight Night 160» түрниринде жерлесимиз Маҳмуд Муродов италиялы Алессио Ди Киркио менен беллести.

Өзбекстанлы спортшылар арасында бириншилерден болып «UFC» жарысында қатнасқан М.Муродов өзиниң дебют ушырасыўын табыслы өткерди. Махмуд үш раунд даўам еткен беллесиўде Алессио Ди Киркио устинен 29:28, 29:28, 29:28 есабында жеңиске еристи.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Ди Киркио «UFC» жарысында алты мәрте қатнасқан. Махмуд Муродов болса усы күнге шекем «Октагон» промоушени менен бирге ислесетуғын еди.

Жавоҳир Тошхўжаев,

ӨзАның хабаршысы