Усы жыл 21-ноябрь күни Нөкисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетиниң мәжилиси болып, онда «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының Қарақалпақстан Республикасында халыққа коммуналлық хызметлер көрсетиўши структуралар тәрепинен орынланыўын үйрениўдиң нәтийжелери көрип шығылды ҳәм додаланды. Илажға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрликлери ҳәм олардың бөлимлериниң басшы хызметкерлери, ҳуқық қорғаў уйымларының ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда Олий Мажлис Сенатының Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетиниң баслығы Б.Матмуратов, усы комитет баслығының орынбасары С.Мадумаров, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов, Қарақалпақстан Республикасы Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри Р.Сейтов ҳәм басқалар күн тәртибиндеги мәселелерге байланыслы баянатлар жасады.

Додаланып атырған мәселени үйрениў нәтийжелериниң көрсетиўинше, республикамызда халыққа коммуналлық хызметлер көрсетиўши структуралар тәрепинен жоқарыда аты аталған Нызамның орынланыўы бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, усы жылдың тоғыз айы даўамында республика мәмлекетлик уйымларына дерлик 4700 мүрәжат келип түскен, соннан 2852 и Қарақалпақстан Республикасы турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң жумысларына байланыслы. Талқылаўлар мүрәжатлардың көпшилик бөлеги физикалық шахслардан келип түскенин көрсетпекте. Мәселен, 2852 мүрәжаттан 2156 и физикалық шахслардан келип түскен.

Келип түскен мүрәжатлардың 1393 и Нөкис қаласына, 354 и Хожели, 224 и Төрткүл, 154 и Қоңырат, 131 и Беруний, 32 си Қараөзек, 27 си Мойнақ ҳәм 20 сы Тахтакөпир районларына тийисли. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларынде тийкарынан тәбийғый газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў, жылытыў системасы менен тәмийинлеў машқалалары, турақ-жай мүлк ийелери ширкетиниң жумысларындағы кемшиликлер, коммуналлық хызметлерге өз ўақтында ҳақы төлемеслик сыяқлы мәселелер сәўлеленген.

Нызам талапларына бола физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў даўамында 1363 мүрәжатта көтерилген мәселелер Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм оның төменги буўынлары тәрепинен шешилди, 1451 мүрәжат авторларына тийисли түсиниклер берилди. Соның менен бирге, додалаў даўамында мәжилис қатнасыўшылары физикалық ҳәм юридикалық шахслардың хақылы рәўиштеги наразылықларына себеп болып атырған турақ-жай коммуналлық хызмети  тараўындағы машқалаларға да итибар қаратты. Халықты сапалы ишимлик суўы ҳәм орайластырылған жылытыў системасы менен талап дәрежесинде тәмийинленбей атырғаны атап өтилди. Усы тараўдағы бүгинги жағдайды талқылаў тийкарында көп қабатлы турақ-жай қорын комплексли басқарыў ҳәм эксплуатациялаў, халыққа сапалы ҳәм кепилленген коммуналлық хызметлер көрсетиў системасын және де жетилистириў бойынша кешиктириўге болмайтуғын илажлар көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Халыққа коммуналлық хызметлер көрсетиўши көпшилик кәрханаларда мүрәжатларды дизимге алыў, оларды тийисли журналларға киргизип, олардың орынланыўын қадағалаў бойынша алып барылып атырған жумысларға зәрүр дәрежеде итибар берилмей атырғаны сынға алынды. Айырым мүрәжатлардың көрип шығыў мүддетлери қопал рәўиште бузылмақта, хабарлар мүрәжат етиўшилерге өз ўақтында жиберилмей атыр ҳәм пуқараларды қабыл етиў ушын әпиўайы шараятлар жаратылмаған. Халыққа коммуналлық хызметлер көрсетиўши район ҳәм қалалық структуралар мүрәжатлар менен ислесиў бойынша маман қәнигелер менен толықтырылмаған.

Мәжилисте додалаўдың жуўамақлары бойынша қарар қабыл етилди, қарардың орынланыўы үстинен қадағалаў орнатылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги