Дзюдо бойынша Ташкент гран-присиниң екинши күнинде Өзбекстан сайланды командасының еки ўәкили – Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья районында туўылған Шарофиддин Балтабаев ҳәм Камолиддин Расулов -81 килограмм салмақ категориясында өз ара финалда беллести.

Блогер Шуҳрат Саидаҳмадовтың хабар бериўинше, Шарофиддин сайлап алыў беллесиўлеринде қарсыласын бары-жоғы 2 секундта «иппон» баҳасы менен жеңген ҳәм халықаралық гран-при рекордын орнатқан.

Финалда жеңип шыққан ҳәм алтын медальды қолға киргизген Балтабаев Токио Олимпиадасы ушын әҳмийетли 700 рейтинг очкосын өз есабына қосып қойды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.