Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-октябрь күнги ПҚ-3981-санлы қарары ҳәм усы жыл 9-июль күнги 5761-санлы пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының бир-неше қалаларында, соның ишинде, Нөкис қаласында пуқаралардың турақ жайларындағы электр есаплағышларды жаңа түрине алмастырыў жумыслары алып барылмақта.

Нөкис қаласында бул жумыслар усы жылдың 12-август күни басланған еди. Усы күнге шекем, қала орайындағы ҳәм 21-22-киши районлардағы үйлерге 20 мыңнан аслам жаңа типтеги есаплағышлар қурып питкерилди. Қаланың Адай аўыл, Кебир аўыл, Гөне қала, Таслақ, Қум аўыл аймақларындағы көшелерге бурынғы есаплағышларды алып таслап орнына жаңасын қурыў жумыслары басланып, усы күнге шекем жәми 34 мыңнан аслам есаплағыш орнатылды.

– Тутыныўшылардың бүгинги күнге шекем пайдаланып келген электр есаплағышлары жаңасына бийпул алмастырылады ҳәм шешип алынған электр есаплағыш үскенесиндеги алдын ала төленген төлемлери тутыныўшылардың есап бетинде сақланып қалады,-дейди «Қарақалпақ АЭТК» АЖ Электр энергиясын есаплаў үскенелеринен пайдаланыў бөлиминиң баслығы Алибек Серикбаев. – Жаңадан орнатылып атырған электр есаплағышлардың абзаллығы сонда, саат-18:00ден кейин, ҳәптениң дем алыс күнлери (шемби, екшемби) ҳәм мәмлекетимизде белгиленген байрам сәнелеринде қарыздарлық себепли электр тармағынан ажыратылмайды. Төлем төлеў үйде отырып, On-line режиминде CLIСK, Payme, PAYNET ҳәм жақын жердеги касса арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.

Тутыныўшы тәрепинен қарыздарлық төленгеннен кейин узағы менен 30 минуттың ишинде жәрийма төленбестен тутыныўшының электр есаплағышы электр тармағына жалғанады. Усы ўақыт ишинде тармаққа жалғанбаса, Нөкис қалалық электр тәмийинлеўши кәрханасының 61-780-07-98 нәўбетши телефонына мүрәжат етиўине болады.

Қаламыздың қалған аймақларындағы жайлар усы жыл октябрь айының ақырына шекем жаңа типтеги электр есаплағышлар менен толық тәмийинлениўи режелестирилген. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.