22-ноябрь күни Бердақ миллий музейинде Бердақ Ғарғабай улының  190 жыллығына бағышланған «Бердақ шығармалары жыраў, бақсылар лапызында» атамасындағы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық жуўмақлаўшы басқышында таңлаўда қатнасқан жыраў-бақсылардың лапызынан руўхланған төрешилер қурамы ағзалары да сахнаға шығып шайыр қосықларын атқарды.

Таңлаўға Қарақалпақстан халық жыраўы Б.Сырымбетов ҳәм Қарақалпақстан халық бақсысы Т.Қәллиевлер төрешилик еткен еди.

Бердақ Ғарғабай улының  190 жыллығына бағышлап өткерилип атырған бул таңлаўға пайтахтымыздағы мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң ҳәм балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқытыўшылары, жоқары оқыў орынлары студентлеринен ибарат 20дан аслам бақсы-жыраўлар қатнасты.

Қатнасыўшылар жанлы ҳаўазда уллы бабамыз Бердақ дөретпелеринен «Жақсырақ», «Маған бер», «Алты қыз» ҳәм т.б. қосықларын атқарды.

Таңлаў жеңимпазлары 24-ноябрь күни Бердақ миллий музейинде болып өтетуғын конференцияда жәрияланады.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы