Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

 

Валюта сиясатын либералластырыў шараятларында республика халқының дәраматларын ҳәм турмыс дәрежесин буннан былай да турақлы арттырып барыў, пуқараларға социаллық жәрдемди күшейтиў мақсетинде:

  1. 2017-жылдың 1-декабринен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары орташа есапта 1,15 есеге арттырылсын.
  2. 2017-жылдың 1-декабринен баслап Өзбекистан Республикасы аймағында ең кем:

мийнет ҳақы—айына 172 240 сум;

жасына байланыслы пенсиялар – айына 336 880 сум;

балалықтан майыпларға берилетуғын напақа – айына 336 880 сум;

зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа  айына 206 720 сум муғдарында белгиленсин.

  1. Мийнет ҳақы ҳәм пенсияларға қосылған үстеме және қосымша ҳақылардың барлық түрлери, ең кем мийнет ҳақыға байланыслы белгиленген компенсация ҳәм басқа да төлемлер 2017-жылдың 1-декабринен баслап усы Пәрманда белгиленген ең кем мийнет ҳақы муғдарынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлер және мәкемелер менен биргеликте пенсиялар, стипендиялар ҳәм бюджет мәкемелери менен шөлкемлери хызметкерлериниң лаўазым айлықларының муғдарын усы Пәрман қағыйдаларынан келип шыққан ҳалда өз ўақтында қайта есаплап шығыўды тәмийинлесин.
  3. Бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, напақалар ҳәм стипендиялардың арттырылыўына байланыслы жумсалатуғын қәрежетлер Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры қаржылары есабынан әмелге асырылсын.

Хожалық есабындағы кәрхана ҳәм шөлкемлер 2017-жылдың 1-декабринен баслап усы Пәрманда белгиленген ең кем мийнет ҳақыға муўапық, өндиристиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мийнеттиң сарпланыўын азайтыў есабынан мийнет ҳақы муғдарын арттырсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 22-августтағы ПП-4822-санлы Пәрманы (6-бәнтин буған киргизбеген ҳалда) 2017-жылдың 1-декабринен өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы қаржы министри Б.А.Ходжаевқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти        Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 20-ноябрь