УЕФА Чемпионлар Лигасы 2018/19 мәўсиминиң ең жақсы футболшыларын жәриялады, деп жазады kun.uz сайты.

«Ливерпуль» дәрўазаманы Алиссон Бекер ең жақсы дәрўазаман деп табылды.

«Ливерпуль» футболшысы Виржил ван Дейк – ең жақсы қорғаўшы, «Аякс» ярым қорғаўшысы Фрэнки де Йонг – ең жақсы ярым  қорғаўшы болды. «Барселона»ның жетекшиси Лионель Месси ең жақсы ҳүжимши деп тән алынды.

Буннан тысқары, Виржил ван Дейк Чемпионлар Лигасында өткен мәўсимниң ең жақсы футболшысы болды. Бул сыйлыққа «Ювентус» ҳүжимшиси Криштиану Роналду ҳәм «Барселона» ның ҳүжимшиси Лионель Месси де даўагер еди.

Еслетип өтемиз, 2018/19 мәўсиминде «Ливерпуль»клубы Чемпионлар Лигасының жеңимпазы болған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги