Санаўлы күнлерден кейин жаңа оқыў жылы басланады. Быйыл оқыўшыларды өткен жыллардағыдан өзгеше болған «Президент саўғасы» күтпекте.

Халық билимлендириў министрлиги Мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, республикамызда быйыл 4-сентябрь күни 627 мыңнан аслам ул-қыз биринши рет мектеп босағасына қәдем таслайды. Әсиресе, имканияты шекленген 13 мың бала өзлериниң үйинде билим алыўды баслайды. Дәстүрге бола, оларға жаңа оқыў жылы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы саўғалары – оқыў-қураллары тапсырылады.

2019-жыл 1-класс оқыўшылары ушын берилетуғын «Президент саўғасы» қурамындағы өнимлердиң сапасына айрықша әҳмийет қаратылды. Онда 12 түрдеги оқыў қураллары орын алған. Соның ишинде, портфель, 2 түрли сызықтағы 12 дана дәптер, қәлем салғыш, сүўрет дәптери, реңли қағаз, шарикли ручка, акварель бояўлары, реңли қәлемлердиң топламы, клей, әпиўайы қәлемлер ҳәм өширгиш жаңа оқыў жылының дәслепки күни «Президент саўғасы» сыпатында 1-класс оқыўшыларына тапсырылады.

«Президент саўғасы» балалардың қолына жетип барыўы, оларға көп ўақыт хызмет етиўи Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў минисрлиги системасына киретуғын «Оқыў билимлендириў-тәмийнат» Мәмлекетлик унитар кәрханасына жүкленген.

«Оқыў билимлендириў-тәмийнат» Мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен ҳәр жылы Президент саўғасы сыпатында 1-класс оқыўшылары ушын берилетуғын 12 түрдеги оқыў қуралларынан тысқары, барлық билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын мектеп мебельлери, оқыў лаборатория әсбап-үскенелери, компьютер техникасы, спорт инвентарьлары ҳәм басқа да товар-материаллық байлықлар Халық билимлендириў министрлигиниң бөлистириўине тийкарланып жеткерип берилмекте.

ӨзА