Ташкентте Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының гезексиз конференциясы болып өтти.

Онда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы жыл август айында қабыл етилген «Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, аўқамның жумысын жетилистириўге байланыслы бир қатар мәселелер додаланды.

Конференцияда Журналистлер дөретиўшилик аўқамының аймақлық бөлимлериниң басшылары, елимиздиң жетекши ғалаба хабар қураллары, дөретиўшилик жәмәәтлердиң жуўапкер хызметкерлери, журналистика факультетлериниң профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң бас директоры Л.Тангриев, Журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы С.Ҳакимов, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры А.Кучимов, Олий Мажлистиң жанындағы Жәмийетлик фонд қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссиясы баслығының орынбасары Г.Алимова ҳәм басқалар елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ғалаба хабар қуралларының раўажланыўында да айқын көзге тасланып атырғанын атап өтти. Бул бағдарда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың елимиз дөретиўши зыялылары ўәкиллери менен ушырасыўында алға қойған усыныслар менен пикирлери, көрсетпелери дөретиўшилик шөлкемлердиң тарийхында жаңа дәўирди баслап бергени айрықша атап өтилди.

Бүгинги дөретиўшилер ушын кең имканиятлар майданы жаратылған. Бул тәреплер дөретиўшилерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, дөретиўшилик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, дөретиўши халқы ушын қәлем ҳақыны арттырыў, денсаўлығын тиклеў ушын шараятлар жаратыў сыяқлы ис-ҳәрекетлерде өз сәўлелениўин таппақта.

Конференцияда бундай имканиятларға мүнәсип түрде дөретиўшилер, атап айтқанда, журналистлер елимизде әмелге асырылып атырған халықшыл реформалар, дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерге белсене жантасыўы, жәмийетшиликтиң арасында қалыс пикирлерди қәлиплестириўге мүнәсип үлес қосыўы зәрүр, деп атап өтилди.

Әнжуманда дөретиўшилик аўқам тәрепинен усы жылдың өткен дәўиринде реформаларымызға сәйкес ислеп шығылған илажлар режеси тийкарында әмелий ҳәрекетлердиң баслап жиберилгени атап өтилди. Елимизди раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыў, дөретиўшилик жәмәәтлер менен бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, миллий қәдириятларымызды, бай тарийхый мийрасымызды үгит-нәсиятлаў, жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў, Журналистлер дөретиўшилик аўқамының жумысын жанландырыў сыяқлы илажлар усылардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимиздеги жетекши дөретиўшилик шөлкемлерди, оларда мийнет етип атырған хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Дослар клубы» шөлкемлестирилди. Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамына Республикалық товар-шийки зат биржасы қәўендерлик етпекте. Бүгинги күнге шекем бул қәўендер шөлкем менен биргеликте бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, журналистлердиң маманлығын арттырыў, жас және ветеран журналистлерди хошаметлеў, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, «Ҳуррият» газетасының редакциясын, Миллий баспасөз орайының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында биргеликтеги илажлар ушын 400 миллион сум қаржы ажыратылды. Өз гезегинде, Республикалық товар-шийки зат биржасының жумысын сәўлелендириў мақсетинде баспасөз конференциялары шөлкемлестирилмекте. Еки дос шөлкемниң «Дос пенен абат үйиң» веб-сайты иске түсиў қарсаңында Сондай-ақ, қәўендер шөлкем Президентимиздиң қарары менен Ислам Кәримов көшесиндеги 16-жайдың Журналистлер Дөретиўшилик аўқамына берилетуғын бөлимин оңлаўға да үлес қосыў мақсетин билдирген.

«Илҳам» жәмийетлик фондының ҳәм «Дослар клубы»ның шөлкемлестирилиўи журналистлер ушын кең имканиятлар есигин ашпақта. Усы дәреклер қаржылары есабынан журналистлердиң дөретиўшилик кешелерин өткериў, жас талантлы журналистлердиң биринши китапларын басып шығарыў, реформаларымыздың мазмун-мәниси сәўлеленген публицистикалық мақалалардың топламын басып шығарыў, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң  шет еллерге дөретиўшилик сапарларын шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар ис-ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Аўқам жумысындағы машқалалар, орын алған кемшиликлер, келеси режелер додаланды. Елимизде жедел реформалар дәўири кешпекте. Оған үйлес болып ислеў, әсиресе, журналистлердиң алдындағы ең әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Конференцияда айырым ғалаба хабар қуралларының елеге шекем төмен дәрежеде болып киятырғаны, газеталарды шолыў ҳәм сын-пикирлик руўх, олардың дизайны, форма түри ҳәм материалларды басып шығарыўда жаңаша қатнас жасаўдың жетиспей атырғаны тилге алынды. Және бир машқала бар болып, оннан сирә көз жумып болмайды. Халықтың кең қатламына бүгин елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлардың процеси, қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин әпиўайы ҳәм түсиникли тилде, турмыслық мысаллар менен жеткерип бериў бағдарында ақсақлық сезилмекте.

Конференцияда журналистика саласындағы бар кемшиликлер ҳәм келешектеги нәтийжели жумыс бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Улуғбек АСРОРОВ,

ӨзАның хабаршысы