Ассалаўма әлейкум,

Ҳүрметли мийманлар!

Қәдирли Ўатанласлар!

Ең дәслеп, Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еркин ҳәм абадан турмыс жолындағы барлық табысларымыздың тийкары болған ең уллы ҳәм ең әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң жигирма сегиз жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға бахыт ҳәм берекет, елимиздиң және де раўажланыўы жолындағы барлық ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеўге рухсат еткейсизлер!

Әзиз дослар!

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, бүгинги күнде елимизде инсан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, жасларымыз бенен ҳаял-қызларымызды, нураныйларымыз бенен социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын жақсылаў, исбилерменликке кең жол ашыў илажлары пүткиллей жаңа басқышларға көтерилип бармақта.

Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық орынлары сыяқлы қала ҳәм районларымыз жаңаша шырай ашып, үлкен дөретиўшилик майданына айланып бармақта.

Мине, усының нәтийжесинде биринши ярым жыллықта жалпы аймақлық өнимлердиң көлеми 7 триллион сумды қураған болса, жыл ақырына шекем бул көрсеткиш 15 триллион сумға жетиўи күтилмекте. Буннан үш-төрт жыл алдын жыллық жалпы аймақлық өнимлердиң көлеми 4 триллион сумды ғана қурайтуғын еди.

Усылар қатарында, өткен алты ай даўамында қурылыс жумыслары көлеми 45 процентке, инвестициялар көлеми 19,4 процентке, тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 8,4 процентке, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлеми 5,4 процентке, хызметлер көлеми 18 процентке өскени – экономикамыздың тез пәтлер менен раўажланып атырғанын дәлиллейди.

Бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларында, ҳәтте, ең шетки аўылларымызда жүргизилип атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары кеўиллерге қуўаныш сезимлерин бағышлайды.

Қәдирли Ўатанласлар!

Ҳәммеңиз жақсы билесизлер,  гүллән халқымыз Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған ҳәр бир сапарын елимизге келген үлкен бахыт, мол берекет ҳәм шексиз дәўлет сыпатында айрықша қуўаныш пенен қарсы алмақта.

Кеше ғана, яғный, 20-21-август күнлери Ҳүрметли Президентимиздиң Мойнақ районында, сондай-ақ, Нөкис қаласында халқымыз бенен болып өткен ушырасыўлары – бул үлкен тарийхый ўақыяларды өзинде жәмлеўи менен бирге, халқымыздың ядынан ҳеш қашан шықпайтуғын қуўанышлы мәўритлерди, раўажланыўлардың жаңа басқышларын өзинде жәмлейди.

Әсиресе, Ҳүрметли Елбасшымыздың «Адамлар ертең емес, бүгин жақсы жасаўы керек», «Кимдур бизиң реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин», «Жаңаланыўларды қағазда емес, адамлардың көзлеринде көриўимиз керек», деген оғада терең мазмунлы пикирлери кеўиллерди толқынландырып, жүреклерге илҳам-йош, билеклерге күш-ғайрат инам етпекте.

Әлбетте, әсирлерге татыйтуғын кең көлемли ийгиликли ислерди әмелге асырыўда Ҳүрметли Шавкат Миромонович бәршемизге ибрат болыў менен бирге, гүллән халқымызды анық мақсетлер әтирапына жәмлестирип, оларды үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырмақта.

Болып өткен ушырасыўда Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстанды раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болған 5 тийкарғы ўазыйпаны белгилеп берди. Яғный, инвестицияларды кеңнен тартқан ҳалда санаатты жедел раўажландырыў, тараўларда өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў, исбилерменликке кең жол ашыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды енгизиў, зүрәәтлиликти арттырыў, өндирис кәрханаларын иске қосыў ҳәм халқымыз ушын заманагөй инфраструктураны жаратыў, Аралбойы халқының жасаў шараятларын жақсылаў ўазыйпалары белгилеп берилди.

Сондай-ақ, халқымыздың өтиниш-тилеклеринен келип шығып, 2019-2022-жылларда жәми 14 триллион 684 миллиард сумлық 697 жойбарды әмелге асырыў, соның есабынан 14 мыңға шамалас жумыс орынларын жаратыў ўазыйпалары белгилеп алынды. Соның ишинде, сырт ел инвестицияларының үлеси 914 миллион 735 мың АҚШ долларын қурамақта.

Халқымыз турмысында ҳәм экономикамызда айрықша орын ийелейтуғын бул жойбарлар ҳаққында сөз болғанда, әлбетте, Қыпшақ поселкасы тусынан Әмиўдәрьяға автомобиль ҳәм темиржол көпирин қурыў, Нөкис – Ақтаў жөнелиси бойынша автобус ҳәм темиржол қатнаўын жолға қойыў, “Нөкис – Қоңырат – Даўыт-ата” автомобиль жолының 240 километрлик бөлегин реконструкциялаў, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районлары орайларында “Абат орай” бағдарламасын әмелге асырыў режелестирилмекте.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде Қараөзек районындағы “Тебинбулақ” кәни негизинде кән-металлургия комплексин қурыў жойбары басланбақта.

Мине, усындай кең көлемли ийгиликли ислердиң даўамын Нөкис қаласында лак-бояў өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасын иске қосыў, 50-60 процент ғәлле майданларын шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм дән кәрханаларына кластер усылында бириктириў, Германияның маман қәнигелери ҳәм заманагөй технологиялары тийкарында нәсилшилик ҳәм шарўашылық кластерлерин ашыў, “Дәрьяаралығы” суў сақлағышында жылына 20 мың тонна балық жетистириў, ноябрь – февраль айларында Арал теңизи ултанында 700 мың гектарға сексеўил егиў жумысларында көриўимиз мүмкин.

Усылар менен бир қатарда, “Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик траст фонды”ның қаржылары есабынан Мойнақ районында Корея технологиясы тийкарында көп тармақлы медициналық клиниканы, сондай-ақ, усы районда 100 орынға мөлшерленген емлеў-реабилитация орайын қурып, пайдаланыўға бериў, Елликқала, Мойнақ ҳәм басқа да районлардың туризм потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, жаңа туризм маршрутларын ашыў, Нөкис қаласында “Нөкис сити” жойбарын әмелге асырыў, келеси жылы 16-20 этажлы турақ жайлар қурыў режелестирилмекте.

Ҳүрметли Президентимиздиң сапары даўамында айрықша итибар қаратылған мәселелерден бири – бул барлық районларымыздың тараўларға бөлиниўи, әсиресе, шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў бойынша билдирген усынысы болды. Бул ўақыяны пүткил халқымыз үлкен қуўаныш пенен күтип алды, десек қәтелеспеймиз. Мине, өткен санаўлы күнлер ишинде Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў, жергиликли халықтың социаллық жасаў шараятларын жақсылаў, аймақтың инфраструктурасын қайта тиклеў, шарўашылықты раўажландырыў, исбилерменликти кеңнен ен жайдырыў бойынша жумыслар баслап жиберилди.

Ең тийкарғысы, бундай үлкен өзгерислер менен жаңаланыўларды қала ҳәм районларымыз, барлық тараўлар мысалында көплеп ушыратыўымыз мүмкин.

Халқымызға деген бундай жоқары итибары ҳәм ғамхорлығы ушын Ҳүрметли Президентимизге мың-мыңлап рахметлер айтамыз!

Ҳүрметли заманласлар!

Елимизде жүз берип атырған усындай өзгерислер менен жаңаланыўларға, раўажланыўларға үлес қосыў, халқымыз ийгилиги жолында хызмет етиў, Ҳүрметли Президентимиздиң бизге деген исенимин ақлаў – бул уллы бахыт саналады.

Мине, бүгинги байрам алдынан бир қатар заманласларымыз орден ҳәм медальлар, мәмлекетлик атақлар алыў бахтына миясар болмақта.

Солар қатарында мен ушын да ең жоқары сыйлық – «Өзбекстан Қаҳарманы» атағының берилиўи – бул Ҳүрметли Шавкат Миромоновичтиң пүткил Қарақалпақстан халқына, усы жерде жасап ҳәм мийнет етип атырған ҳәр бир инсанға берилген жоқары баҳа деп билемен ҳәм бундай итибары ушын Ҳүрметли Президентимизге, сондай-ақ, гүллән халқымызға мың-мыңлап рахметлер айтаман!

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиң жигирма сегиз жыллық байрамы менен қызғын кутлықлайман.

Елимиздиң буннан былай да гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық ийгиликли ислериңиз оңынан келе берсин, деймиз!

Илайым, ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әрман еткен Ғәрезсизлигимиз мәңги болып, Ўатанымыздың уллы келешегин қурыў ушын үлес қосыў бахты ҳәммемизге несип етсин!