«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Б.Курбанов пенен сәўбет

Бәримизге белгили болғанындай, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январдағы ПП-5635-санлы пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети шөлкемлестирилди. 2019-жылдың апрель айнанан баслап мине, усы ҳәрекеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими өз жумысын алып бармақта.
Биз бөлимниң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда әмелге асырып атырған жумыслары ҳаққында жәмәәтшилигимизди еле де кеңнен таныстырыў мақсетинде «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Б.Курбановқа бир неше сораўларымыз бенен мүрәжат еттик.


– Бахтияр Ибрагимович, Сизиң менен сәўбетимизди дәслеп «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетининг тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында басласақ?

– «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң тийкарғы ўазыйпалары – биринши гезекте, халық ҳәм бизнес жәмийетшилиги менен ашық пикирлесиўди жолға қойыў, жәмийетшилик қадағалаўдың нәтийжели системасын жетилистириў, сондай-ақ, режелестирилген, Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформаларды әмелге асырыўға көмеклесиў мақсетинде пуқаралар, шет елде жасап атырған ўатанласларымыз ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ықтыярлы түрде бирлестириўден ибарат.
Соның менен бирге, режелестирилген, Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформаларды әмелге асырыў процессинде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси палаталары ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде додалаўда белсенди қатнасады. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрацияси ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине анализленген мәлимлемелер менен усыныслары киргизип барады.
Қысқаша айтқанда, мақсетимиз – әҳмийетли басламаларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

– Өзиңиз атап өткен ўазыйпаларды әмелге асырыўда аймақлық бөлим тәрепинен усы күнге шекем қандай жумыслар әмелге асырылды?
–Жоқарыда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда аймақлық бөлим тәрепинен тийисли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, өткен айлар даўамында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бағдарламаларының орынланыўы бойынша Төрткүл, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Хожели районлары шеңберинде жәмийетшилик қадағалаў илажлары әмелге асырылып, оның нәтийжелери бойынша тийисли мәмлекетлик уйымларға усыныслар берилди.
Соның менен бирге, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетине пуқараларды ҳәмде мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ағзалыққа қабыл етиў бойынша тийисли жумыслар қызғын даўам етпекте. Бунда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң www.yumh.uz веб-сайты иске қосылған болып, оған пуқалалар ықтыярлы түрде бийпул ағза болыўы мумкин. Усы жерде ҳәзирги ўақытта Ҳәрекеттиң Өзбекстан көлеминдеги ағзалардың саны 4 мыңнан асқанын атап өтиў орынлы ҳәм бул процесс даўам етпекте.
Биз өз гезегинде елимизди буннанда былай да раўажландырыў жолында өзлериниң пикир-усыныслары менен белсенди қатнасыўды қәлейтуғын пуқараларымызды «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетине ағза болыўға шақырамыз.
«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети кең жәмийетшилик пенен ашық пикирлесиўди жолға қойыў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырмақта?
– Бул бойынша усы жылдың 6-август сәнесинен баслап Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларда кең жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлеў, оларды мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўына белсенди қатнастырыў мақсетинде, “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети “Тараққиёт стратегияси” орайы менен биргеликте www.Jamoatchilik.uz онлайн-платформасын иске түсиргенин айрықша атап өтиў орынлы.
Усы онлайн-платформа арқалы жәмийетшилигимизден келип түскен мәлимлеме ҳәм пикир-усыныслар терең анализленген ҳалда үйренилип барылады ҳәм тийисли министрликлер менен ведомстволарға жибериледи. Өз гезегинде усы усыныслар министрликлер менен ведомстволар тәрепинен көрип шығылып, өз мүнәсебетлерин билдире отырып, оның нәтийжелери бойынша мүрәжәәт ийелерине мағлыўмат бериледи.

Соның менен бирге, “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан “Men Uchun Qadrli” флешмобына старт берилгенлигин дағазалады. Онда қатнасыўшылар өзлериниң социаллық тармақлардағы бетлери арқалы Өзбекстанға байланыслы дөретиўшилик тәсирлери менен қатнасыўы мүмкин.
Ол қандай көринислер болыўы мүмкин? мысал ретинде, тарийхый қорғанлар ҳәм имаратлар, қызықлы ўақыялар, ерисилген унамлы нәтийжелер, сондай-ақ, шаңарақ ағзалары ямаса дослары менен биргеликте түскен фотосүўретлерин атап өтсек болады.
Әҳмийетли тәрепи сонда, Флешмобда бәрше жастағы пуқаралар, министрликлер ҳәм ведомстволардың колликтивлери, шет елли мийманлар, елимизде жумыс алып барып атырған халық аралық шөлкемлердиң ўәкиллери сыяқлы басқа да пуқаралар қатнасыўы мүмкин. Мағлыўмат орнында бул жойбар бүгинги күнде де даўам етпекте.

–Бахтияр Ибрагимович, өзиңизге белгили болғанындай соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларымызды, олардың пикир-усынысларын қоллап-қуўатлаў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Хош, бул бағдарда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң қатнасы қай дәрежеде?
– Оғада орынлы сораў. «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен жаслар мәселесине жоқары итибар қаратылып, олардың пикир ҳәм усынсларын жүзеге шығарыўы ушын бир неше жойбарларды әмелге асырмақта.
Мысалы ушын, усы жылдың 5-6-май күнлери Нөкис қаласында “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети, ЮНИСЕФтың Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында “Жаслар ҳаўазы әҳмийетли” пикирлесиў жойбары өткерилди.
Атап өтилген илажда жасларымыз тәрепинен аймақларда ушырасып атырған айырым машқалалар көтерилип, олардың тийкарғы себеплери додаланды ҳәм инновациялық шешимлер усыныс етилди.
Бул жойбарлар еле еде даўам етеди. Атап өтетуғын болсақ, усы пикирлесиў жойбарының және 10-12 сентябрь күнлери Мойнақ районында өткерилиўи режелестирилмекте.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – жаслардың басламалары менен пикир-усынысларын үйрениў, аймақта жасаўшы 14 жастан 30 жасқа шекем болған жигит-қызлардың ең жақсы идеаларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, министрликлер, мекемелер, қала ҳәм районлар ҳәкимликлериниң ўәкиллери қатнасыўында конструктив пикирлесиў ушырасыўын шөлкемлестириўден ибарат.

“Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими өз жумысын қалай үгит-нәсиятлап бармақта?
– Бул бағдарда жергиликли Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, соның ишинде, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы, “Еркин Қарақалпақстан”, “Қарақалпақстан жаслары” сыяқлы республикалық баслымлар менен бирге бир қатар Интернет сайтлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ҳүкимет порталы – karakalpakstan.uz веб-сайты менен тығыз бирге ислеспектемиз.

Атап айтқанда, аймақлық бөлим тәрепинен “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети орайлық аппараты тәрепинен “Ҳәрекет жумыслары ҳаққында”ғы ҳәм “Президентимиздиң тарийхый әҳмийетке ийе 10 ең әҳмийетли басламалары” бойынша таярлаған арнаўлы видеороликлери Қарақалпақстан телевидениесиниң эфирлерине және жоқары да атап өтилген Интернет сайтларында кеңнен жәрияланбақта.
Сондай-ақ, “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети тәрепинен әмелге асырылып атырған ҳәр қыйлы семинар-трениглерге бирге ислесиўши журналист-блогерлер кеңнен тартылмақта. Мысалы ушын, усы жылдың 1-3-август күнлери Уллы Британиянияның Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликте Харезм ўәләяты Үргенч қаласында шөлкемлестирлген “Өзбекстанда журналистика тараўында халықаралық этика стандартларын раўажландырыў” жойбарында Қарақалпақстан Республикасынан 9 журналист-блогерлер қатнасты ҳәм арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланды.

–Бахтияр Ибрагимович, өзиңизге белгили болғанындай, Республикамызда ең уллы ҳәм ең әзиз байрамымыз – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы кеңнен белгиленбекте. Халқымызға байрам тилеклериңиз…
–Пүткил Өзбекстан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамын үлкен табыслар менен күтип алмақта, – десем қәтелеспеймен. Әсиресе, соңғы жылларда ҳәр бир тараўдағы тез пәтлерде әмелге асырылған жетискенликлер көзлерди қуўандырады. Усындай бахытлы ҳәм абадан турмыста жасап атырған гүллән халқымызды байрам менен шын жүрегимнен қутлықлай отырып, елимиздиң раўажланыўы жолында Ҳүрметли Журтбасшымызға қол-қанат болып ислеп атырған ийгиликли жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен!

Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Сәўбетлескен: Ч.Елмуратов