Өзбекстан Президентиниң усы жыл 29-августтағы пәрманына муўапық Президенттиң жаслар, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт мәселелери бойынша мәсләҳәтшисиниң биринши орынбасары, Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қаҳрамон Қуранбаев Президенттиң мәмлекетлик хызмет ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары менен бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтшисиниң биринши орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.

Усы күнге шекем Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген Алишер Саъдуллаев Президенттиң жаслар, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт мәселелери бойынша мәсләҳәтшисиниң биринши орынбасары етип тайынланды.

Оған Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығы ўазыйпасын ўақытша атқарыў жүклетилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.