Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 27-август күни болып өткен улыўмалық мәжилисинде депутатлар тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасы қурамында Бозатаў районын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Газета.uz хабар берди.

Қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Кегейли районындағы «Қусқанатаў», «Еркиндәрья», «Аспантай» аўылларының, «Бозатаў» посёлкасының ҳәм Шымбай районы «Көк-суў» аўылының аймақларын бирлестирип, Бозатаў районын шөлкемлестириў бойынша усыныс мақулланған. Қарар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына жиберилген.

Мағлыўмат ушын, шарўашылыққа қәнигелестирилиўи күтилип атырған Бозатаў районы дәслеп 1979-жылы шөлкемлестирилген ҳәм 1988-жылы сапластырылып, 1990-жылы қайтадан район сыпатында дүзилген. Соңынан 2004-жылы Кегейли районы қурамына қосып жиберилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.