14-сентябрь күни Жерге бир ўақыттың өзинде еки үлкен астероид жақынласады. Бул ҳаққында РИА Новости хабар берди.

Астероидлардың бири 2000QW7 болып, оның диаметри 290 метрден 650 метрге шекем жетеди. Бул астероид Москвадағы Останкино телеминарасынан да (540 метр) бийик.

NASA’ның мәлим етиўинше, бул астероид 5,3 миллион километр қашықлықта планетаға жақын келеди.

Усы күни Жерге диаметри 120 метрден 260 метрге шекем болған 2010СО1 астероиды да шама менен усындай аралықта Жерге жақынласады.

Еслетип өтемиз, алдын Жерге Хеопс пирамидасынан да үлкен «потенциаллық қәўипли» астероид жақынласып киятырғаны ҳаққында хабар берген едик. Астероид планетамыз жанынан бир миллион километрге шекемги аралықта соқлығыспастан өтип кетеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.