Сайтымыз арқалы «Нөкистеги жөнелисли таксилер қашан «өзиниң қәлегенин ислеў»ди тоқтатады?» атамасындағы мақала жәрияланған еди.

 

Мақалада атап өтилген жағдайлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри А.Бердиев рәсмий жуўап берди. Рәсмий жуўап Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси каналында жәрияланды. Жуўапты толығы менен нәзериңизге усынамыз.

«Бул мәселени үйренип шыққанымызда республика аймағында жолаўшы тасыў хызметин көрсетиўши айырым айдаўшылар тәрепинен ҳақыйқаттан да түсинбеўшилик нәтийжесинде жол ҳақы баҳаларын тийкарсыз көтерип жибериў ҳалатларының ушырасып атырғаны анықланды.

Себеби, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 30-июльдеги 633-санлы қарарына тийкар 2019-жылдың 15-август сәнесинен баслап жанылғы-энергетика ресурсларының баҳалары менен тарифлерине өзгерис киргизилди.

Министрликте сын материлда көрсетип өтилген қала ишинде ҳәрекетлениўши санлардағы айдаўшылар ҳәм ЖШЖ басшылары қатнасында мәжилис өткерилип, оларға белгиленген шәртнамаға қатаң әмел етпегени, маршрут салонларына кәрхана басшысының телефон номерлерин қыстырмағаны, сондай-ақ, жол ҳақы баҳасын тыйкарсыз көтергени ушын ескертиў берилди. Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта министрликтиң Автомобиль тасыўлары қәўипсизлигин қадағалаў бөлими инспекторлары тәрепинен қала ҳәм район аймақларында рейд тексериў жумыслары шөлкемлестирилмекте.

Ҳүрметли пуқараларымызға соны  еслетпекши едим, «Самал болмаса теректиң шақасы қыймылдамайды» дегендей, жоқарыдағы себеплерге бола жақын арада жол ҳақы ушын төлем тарифлериниң өзгеретуғыны да бар гәп.

Ҳәзирги ўақытта бул бойынша Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақстан Республикасы аймағында қала, қала әтирапы ҳәм қалалар аралық автотранспорт жөнелислеринде жолаўшыларды тасыўды шөлкемлестириў комиссиясы тәрепинен республикамыз аймағындағы жолаўшы тасыўшы транспортларда жол ҳақы муғдарына өзгерис киргизиў мәселеси көрип шығылмақта.

Бул дегени жол ҳақы баҳасы қымбатлады дегени емес, ал ол тастыйықланып, ҒХҚда рәсмий жәрияланғаннан күшке киреди.

Егер де усындай ҳалатлар ушырасса Министрликтиң 225-70-36 «исеним телефоны»на мүрәжат етиўиңизге болады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы болса, усы күнге шекем исеним телефонына келип түскен мүрәжатлар нәтийжесинде 1 айдаўшы жумыстан босатылып, 5 айдаўшыға сөгис жәрияланды».

 

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мақаламызды итибарсыз қалдырмастан оқып, онда сөз етилген халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў бойынша исленип атырған әмелий илажлар ҳаққында рәсмий жуўап бергенинен миннетдармыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.