Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-август күни Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегараларын сақлаў ҳәм қорғаў системасын жетилистириў мәселелерине бағышланған ишки мәжилис болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңеси аппараты, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (МҚХ) басшылары, сондай-ақ, МҚХ Шегара әскерлери сәркардалығы қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Шегара әскерлери жумысының әмелий нәтийжелери көрип шығылды, мәмлекетлик шегараларды сақлаў ҳәм қорғаў системасын халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда және де жетилистириўдиң тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.

Шегараларымыздың қәўипсизлигин ҳәм қол қатылмаслығын исенимли және кепилликли тәмийинлеў халқымыздың тыныш-парахат турмысының, мәмлекетимизди раўажландырыўдың гиреўи екени атап өтилди.

Регион мәмлекетлериниң шегара уйымлары бағдарындағы халықаралық бирге ислесиўи избе-из беккемленип, түрли халықаралық шөлкемлер менен биргеликте қоспа илажлар табыслы өткерилип атырғаны атап өтилди. Қоңсы мәмлекетлер менен өткериў пунктлери ашылғаны, жаңа ҳаўа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары жолға қойылғаны пуқаралардың өз-ара барды-келдиси артыўына хызмет етпекте.

Шегараалды бирге ислесиўди жеделлестириў бойынша сырт елли шериклеримиз бенен ерисилген келисимлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы үстинен қатаң қадағалаўды тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте орынланған жумыслар сын көзқарастан баҳаланып, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегараларын сақлаў ҳәм қорғаў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша жуўапкер структуралардың басшыларына анық тапсырмалар берилди.

ӨзА