Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын додалады.

Атап айтқанда, «Пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўда қатнасыўы ҳаққында»ғы нызам жойбарының екинши оқыўдағы додалаўы қызғын өтти.

Парламент төменги палатасының 2019-жыл 2-августта болып өткен мәжилисинде депутатлар усы нызам жойбарының айырым нормаларына анықлық киргизиў, пикир-таласлы нормаларды белгиленген дәрежеге жеткериў мақсетинде жойбарды жуўапкер комитетке қайтарған еди. Өткен ўақыт даўамында жойбар парламент ағзалары тәрепинен жуўапкер министрликлердиң ўәкиллери, қәнигелердиң қатнасыўында ҳәр-тәреплеме көрип шығылды, депутатлар тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында пуқта ҳалға келтирилип, белгиленген дәрежеге жеткерилди.

Жойбарға пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўда ишки ислер уйымлары, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асыратуғын басқа да уйымлар ҳәм мәкемелерге жәрдемлесиўге, бийдәрек жоғалған шахсларды излеўге қатнасыўға байланыслы ис-ҳәрекетлерди тәртипке салыўшы нормалар киргизилди. Буннан тысқары, жойбар менен пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўға байланыслы жумысы ишки ислер уйымлары тәрепинен муўапықластырылыўы белгиленбекте.

Депутатлардың атап өтиўинше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи жәмийетлик тәртипти сақлаўда ишки ислер уйымлары, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асыратуғын басқа да уйымлар ҳәм мәкемелерге халық пенен жақын байланысларды орнатыў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Буннан кейин халық ўәкиллери «Қорғаныў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда ҳәр бир статья бойынша додалады. Мәмлекетимизде кейинги үш жыл ишинде қорғаныў тараўы – Қураллы Күшлер системасында кеңнен реформалар әмелге асырылғанын атап өтиў керек. Соның ишинде, Президентимиздиң тиккелей басламасы менен турмысымызға нәтийжели енгизилип атырған Ҳәрекетлер стратегиясы негизинде дүньядағы ҳәм региондағы бар жағдайдың раўажланыў динамикасын, сондай-ақ, тийкарғы ўазыйпа ҳәм имканиятларымыз есапқа алынып, жаңаланған Қорғаныў доктринасы қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы биринши рет ашық өзгешеликке ийе бул доктринаны қабыл етиў менен әскерий тараўда мәмлекеттиң миллий қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы принциплер ҳәм қатнасларды пүткил дүньяға жәриялады. Нәтийжеде әскерий тараўда халықаралық бирге ислесиў көлеми, өз-ара исеним ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў көлеми кеңейди, Қураллы Күшлердиң жаўынгерлик таярлығы ҳәм таярлық дәрежеси жаңа сапа басқышына көтерилди. Кадрлар таярлаў системасы түп-тийкарынан жаңаланды. Орынларда әскерий-ҳәкимшилик секторлар енгизилди. Материаллық-техникалық база жаңаланды, армияны заманагөй қураллар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы, ең әҳмийетлиси, әскерий-ўатансүйиўшилик тәрбиясы системасы жоқары басқышқа алып шығылды.

Нәтийжеде әскерий хызмет шын мәнисинде мақтанышлы кәсипке айланды. Халық пенен армияның бирлиги, бир пүтинлиги әмелде толық көрсетилмекте.

Жоқарыдағылардан келип шығып, жаңа редакциядағы «Қорғаныў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылып, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы тәрепинен быйылғы жылдың 12-июль күни биринши оқыўда қабыл етилген еди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, нызамның нормалары дүньядағы ҳәм региондағы жағдайдың раўажланыўы, итималлы қәўиплер, миллий қәўипсизликке болған қәўип-қәтерлер ҳәм оларға қарсы бағдарланған мәмлекеттиң потенциалы, сондай-ақ, соңғы жылларда елимизде қорғаныў тараўында өткерилип атырған реформаларды есапқа алған ҳалда, қайта ислеп шығылған.

Итибарлысы сонда, өткен ўақыт даўамында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери  комитети жанында дүзилген жумысшы топар тәрепинен жойбар екинши оқыўға таярланып, белгиленген дәрежеге жеткерилди. Сондай-ақ, жойбардан усынылған нормалар шығарылып, олардың орнына тиккелей ислейтуғын статьялар киргизилди. Жойбарды жетилистириў процесинде Қорғаныў министрлигиниң қәнигелери менен өткерилип атырған реформаларға үнлес тәризде бир қатар өзгешеликлерге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, жаңа шараятларда Өзбекстан Республикасының қорғаныў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларын белгилеп бериў, мәмлекетимиздиң миллий мәплериниң үстинлиги тийкарында ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларын есапқа алған ҳалда, мәмлекетлик әскерий шөлкемин раўажландырыў ўазыйпалары менен бағдарларын анықлаўға тийкарғы ўазыйпа сыпатында қаралды.

Депутатлардың пикиринше, жаңа редакциядағы нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасының қорғаныў тараўындағы нызамшылық системасын жетилистириўге хызмет етеди. Бул болса Өзбекстан Республикасы сыртқы сиясатының қорғаныў тараўында ашық-айдынлығын кеңнен көрсетиў менен биргеликте, елимиздиң суверенитетин, аймақлық пүтинлигин, халықтың тыныш турмысы ҳәм қәўипсизлигиниң қорғалыўын тәмийинлейтуғын сиясий, экономикалық, әскерий, социаллық-ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик ҳәм басқа да түрдеги илажлардың системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге тийкар жаратады.

Илажда усы нызам жойбарының мазмун-мәнисин, дәслеп, әскерий хызметкерлерге, әсиресе, халқымызға, жасларға жеткериў керек екенлиги, онда парламент ўәкиллери Қорғаныў министрлигиниң жуўапкерлери менен биргеликте әскерий бөлим ҳәм мәкемелерде түсиндириў-үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыўы мақсетке муўапықлығы атап өтилди.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

ӨзА