Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде 26-август күни «Материаллық ҳәм материаллық емес мийрасты сақлаў:әҳмийетли машқалалар ҳәм оларды шешиўдиң стратегиясы» темасында халықаралық конференция болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен БМШның Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) қәўендерлигинде шөлкемлестирилген әнжуманда халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий-изертлеў институтларының ўәкиллери, 77 мәмлекеттен илимпазлар, архитекторлар, халықаралық экспертлер қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов оқып еситтирди.

ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле ханым конференция жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Өзбекстанның басшыларына миннетдаршылық билдирди. Әнжуманның Самарқандта өткерилиўи тарийхый әҳмийетке ийе болатуғынын, бул әййемги қала тек ғана Уллы жипек жолы кесиспесиндеги улкен саўда емес, ал мәденият орайы да болғанын атап өтти.

photo5413863339999734475.jpg

-Бир неше әсирлик тарийхқа ийе естеликлер бул жердиң әзелден илимниң, мәденияттың раўажланған жери, бул халықтың ата-бабалары жоқары ақыл ҳәм билимниң ийеси болғанлығынан дәрек береди,-деди Одре Азуле ханым. – Бул мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм келешек әўладларға жеткериў бәршемизден жоқары жуўапкершиликти талап етеди. Өйткени бул естеликлер тек ғана усы регион халықлары ушын емес, ал инсанияттың байлығы есапланады. Усы мақсетте ЮНЕСКО Өзбекстан менен жедел биргеликте жумыс алып барып, материаллық ҳәм материаллық емес мийрасты қәстерлеп сақлаў бойынша өз усынысларын бермекте, әмелий жәрдем көрсетпекте. Өз гезегинде, Өзбекстан да заманагөй қала қурылысында мәслеҳетлеримизге сүйенген ҳалда жумыс алып бармақта.

Әнжуман Өзбекстанда материаллық ҳәм материаллық емес мийрасты қәстерлеп сақлаў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў, миллий әмелият ҳәм ҳалықаралық тәжирийбени үйрениўде айрықша әҳмийетке ийе.

photo5413705173534092116 (2).jpg

Халықаралық конференцияның жалпы мәжилисинде ЮНЕСКОның қала қурылысы ҳәм консервация бойынша илимий басшысы, «Бецалель» көркем өнер академиясының профессоры Майкл Тёрнердиң регион мәмлекетлеринде бурынғы аўқамнан кейинги дәўирде қала мийрасы машқалалары ҳаққындағы баянаты тыңланды.

-Бул әнжуман Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамына ағза мәмлекетлер халықлары ушын да айрықша әҳмийетке ийе,-дейди ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев. –Шөлкемимизге ағза мәмлекетлер арасында тарийхый-мәдений естеликлерди қәстерлеп сақлаў бойынша келисим бар. Самарқанд өзиниң узақ жыллық өтмиши, бир неше әсирлик тарийхый естеликлерине бай екенлиги менен жер жүзиниң гөззал қаласы, Шығыстың гәўҳары есапланады. Мен ҳәр сапар Самарқандқа келгенимде тарийхый естеликлерди көрип, қуўанаман. Бул бай тарийх, мәденият, соның менен бирге, туризм ушын үлкен экономикалық имканият есапланады. Кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда тарийхый-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғанлығының гүўасымыз. Биз бул бағдардағы ийгиликли ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаймыз.

Әнжуманның сектор мәжилислеринде мәдений мийрас ҳәм қала қурылысы, пүткил жер жүзлик мийрасты сақлаўдың ҳуқықый-нормативлик тийкарлары, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда билимлендириўде мәдений мийрасты сақлаўдағы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

photo5413813423889820469.jpg

Халықаралық шөлкем ҳәм сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери, экспертлердиң дүнья тарийхый мийрас орайларының бир пүтинлиги, архитектуралық комплекслер, урбанизация процесинде тарийхый естеликлерди өз ҳалында сақлаў мәселелерине бағышланған баянатлары тыңланды. Бул бағдардағы халықаралық тәжирийбе, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жумыслар талланды.

-Шөлкемимиз дүнья мәдений мийрасы дизимине кирген объектлерди сақлаў, қәстерлеў ушын мәмлекетлерге өз усынысларын берип барады,-деди Естеликлер ҳәм дыққатқа ылайық жерлерди сақлаў бойынша халықаралық кеңес- ICOMOS эксперти Кристина Яманди.-Соның ишинде, Самарқандтағы материаллық мийрас объектлерин сақлаў бойынша да биргеликте жумыс алып бармақтамыз.

Конференцияның жуўмағында сектор мәжилислеринде билдирилген пикирлер тийкарында усыныслар ислеп шығылды .

Әнжуман қатнасыўшылары Самарқанд қаласындағы тарийхый-мәдений объектлер менен танысты, «Шарқ тароналари» XII халықаралық музыка фестивалының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

photo5413863339999734477.jpg

Ғолиб ҲАСАНОВ

ӨзАның хабаршысы