Ассалаўма әлейкум!

Әзиз ўатанласлар!

Қәдирли мийманлар!

Ҳүрметли фестивал қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бүгин сиз, әзизлер менен гөззал Өзбекстан елинде, «Жер жүзиниң гөззал дияры» деп аталған әййемги ҳәм бийтәкирар Самарқанд қаласында көрисип турғанымнан бахытлыман.

Бәршеңизди «Шарқ тароналари» он екинши халықаралық музыка фестивалының салтанатлы ашылыўы менен шын жүректен қутлықлайман.

Мине, жигирма еки жылдан берли, биз бул фестивальды ЮНЕСКОның қәўендерлигинде өткерип келмектемиз.

Бүгин усы шөлкемниң Бас директоры Одри Азуле ханымның өзи елимизге келип, әнжуманымызға айрықша пайыз ҳәм көтериңки руўх бағышлағаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен. Сондай-ақ, байрамымызда қатнасып атырған ҳүрметли мийманларымыз:

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы Сергей Лебедевқа, Россия Федерациясы Президентиниң мәденият мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Владимир Толстойға, Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм спорт министри Ақтоты Раимқуловаға, Қырғызстан Республикасы мәденият, мәлимлеме ҳәм туризм министри Азамат Жаманқуловқа, Тәжикстан Республикасы мәденият министри Шамсиддин Орумбекзодаға, Түркменстан мәденият министри Атагелди Шамурадовқа, Бангладеш Халық Республикасы мәденият министри Муҳаммед Холидқа, Бутан Патшалығының мәденият ҳәм ишки ислер министри Шеруб Гйелтшенге, Полша Республикасы мәденият ҳәм миллий мийрас министриниң орынбасары Павел Левандовскийге, Уллы Британия Парламенти Лордлар Палатасының ағзасы Муҳаммед Илтоф Шайхқа, Беларусь Республикасы Миллий Мажлиси сенаторы Екатерина Дуловаға, Японияның Нара қаласы мэри Мотонобу Накагаваға, Корея Республикасы Андонг қаласының мэри Квон Ёнг Сеға, Лал Баҳодур Шастри институтының баслығы, Ҳинд-өзбек дослық байланыслары кеңесиниң президенти Анил Шастриға, сырт ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ҳүрметли елшилери ҳәм ўәкиллерине, фестивалымызды  дүнья көлеминде жарытыў мақсетинде мәмлекетимизге келген ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерине терең миннетдаршылық билдиремен.

Бүгинги әнжуманымызға дүньяның барлық континентлериндеги 75 мәмлекеттен 340 әзиз мийманымыз қатнаспақта.

Биз усы  белгили мәденият ғайраткерлери, абырайлы дөретиўшилик топарлар ҳәм талант ийелерин көркем өнердиң шын мәнисиндеги пидайылары, тынышлық ҳәм жақсылық елшилери сыпатында ҳүрмет етемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.

Хош келдиңиз, гөззал Өзбекстанымызға,

Хош келдиңиз, уллы Самарқанд қаласына!

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Ҳәммемизге жақсы белгили, дүньяның көплеген континент ҳәм регионларында түрли көркем өнер ҳәм музыка әнжуманлары өткерип келинеди.

«Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы олардың арасында өзиниң айрықша орны, абырайы ҳәм атағы менен ажыралып турады.

Усы фестиваль себепли бүгинги күнде әпсанаға айланған Самарқандтың узақ өтмишин көрсететуғын сулыў сарайлары, жағымлы ҳаўасы менен бирге, усы муқаддес жерден таралып атырған жағымлы ҳәм  тартымлы намалар да дүнья халқын өзине шақырмақта.

Өткен шерек әсирге шамалас дәўир даўамында Самарқандтың көк гүмбезлери, жулдызлы аспаны астында қаншадан-қанша сыйқырлы сазлар ҳәм өмир бағышлайтуғын намалар жаңлады.

Фестиваль онлаған атақлы қосықшы ҳәм сазенделер, бийтәкирар жас талант ийелерин жетилистирди, олардың пәрўазына қанат, күш ҳәм илҳам бағышлады.

Ең әҳмийетлиси, бул әнжуман түрли цивилизациялар, халықлар ҳәм миллетлердиң арасында өзине тән мәдений байланыс және қатнасық майданына айланды.

Биз бул фестивальдың төркининде уллы ойшыл шайыр Әлийшер Наўайы бабамыздың, дүнья халқы бәрқулла бир-бириңизге дос болың, Жер бетин өз мийнетиңиз, талантыңыз бенен абат етиў, деген мазмундағы мәңгилик сүрени жәмлескенлигин көремиз.

Соның менен бирге, уллы француз жазыўшысы Виктор Гюгоның «Жақсылық ҳәм аўызбиршилик – инсанның руўхый дүньясының қуяшы» деген ҳикметли сөзлери мине усындай уллы идеология менен үнлесип кетеди.

Бул пикирлер буннан неше жүз жыллар бурын айтылған болса да, бүгинги күнде де өз әҳмийетин жойытпай, бизиң қәлбимизде, жүреклеримизде тәкирарланбақта.

Мине усы уллы сахнаға – көркем ҳәм саўлатлы Регистан майданына қәдем қойған ҳәр бир көркем өнер хызметкери, миллети, тили ҳәм динине қарамастан адамзаттың перзенти сыпатында кеўиллерди-кеўиллерге, еллерди-еллерге байланыстырады.

Бул ушын сизлерге шын жүректен ҳәр қанша алғыс айтсақ арзыйды.

Имканияттан пайдаланып, бир мәселеге мүнәсибетимди билдирип өтпекшимен.

Усы күнлерде генератив музыка, жасалма интеллект ҳаққында қызғын додалаўлар болып атырғанын бәршеңиз билесиз. Келешек музыкасын енди тек ғана техника жаратады, деген болжаўлар алға қойылмақта.

Бирақ ҳәммемиз жақсы билемиз, ҳәр қандай жетик техника қуралы да тири инсанның демин, оның  жүрек дәртлерин, жанлы ҳаўазының сулыўлығын, шын мәнисиндеги көркем өнердиң орнын ҳеш қашан баса алмайды.

Ҳақыйқый көркем өнерди сап ҳәм мәңгилик музыканы тек ғана Алла тааланың қәлеўи менен ҳәзирети Инсан жаратады.

Планетамызда түрли келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар, урыс ҳәм жәнжеллер күшейген қәўипли заманда, адамзат барған сайын өз дүньясына оралып баратырған бир шараятта музыка инсанға  инсан екенлигин еслетип, оның кеўлинде келешекке үмит ҳәм исеним оятады.

Музыка көркем өнери мәдений феномен сыпатында жаңа әўладты тәрбиялаў ҳәм камалға келтириў бағдарында шексиз имканиятларға ийе.

Көркем өнер менен бәнт болған жаслардың өмирге мүнәсибети, миллий үрп-әдет ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға ҳүрмети шексиз болады.

Ҳәм мен исенемен, олар дүньяны руўхый апатшылықтан қутқарыўға уқыплы болған, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршиликти қәдирлейтуғын әўлад болып жетилисип шығады.

Усы мәнисте, музыка – хеш нәрсе менен өлшеп, салыстырып болмайтуғын теңи-тайы жоқ илаҳий тәсир күшине ийе десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Ҳүрметли мийманлар!

Бүгин биз мәмлекетимизде миллий раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышына қәдем қоймақтамыз.

Турмысымыздың барлық тараўларында әмелге асырылып атырған жедел өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар мәденият ҳәм көркем өнер тараўында да избе-из даўам еттирилмекте.

«Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында арттырған тәжирийбемизге сүйенген ҳалда, биз биринши мәрте Шаҳрисабз қаласында Халықаралық мақам өнери әнжуманын, Термиз қаласында Халықаралық бақсышылық өнери фестивалын өткердик.

Сентябрь айында Қоқанд қаласында Халық әмелий көркем өнери халықаралық фестивалын өткериўге үлкен таярлық көрип атырмыз.

Бул әнжуманлар ЮНЕСКО, АЙСЕСКО, Халықаралық фольклор көркем өнери шөлкеми сыяқлы абырайлы структуралар, сизлер сыяқлы көркем өнер жанкүйерлери тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғаны ушын бәршеңизге рахмет айтпақшыман.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде жүзлеген музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, академиялық лицейлер, жоқары оқыў орынлары, көплеген театрлар, сүўретлеў көркем өнери ҳәм концерт заллары жумыс алып бармақта.

Мен ойлайман, сизлер, әне, сол дөретиўшилик орайларына да барып, жасларымыз ушын шеберлик сабақлары болып хызмет ететуғын ушырасыў ҳәм пикирлесиўлер өткересиз.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге бир усыныс пенен мүрәжат етпекшимен.

Егер сизлерде елимиздеги консерватория ямаса оқыў орынларында жасларға  сабақ бериў нийети туўылса, сизлерди өзим қоллап-қуўатлайман.

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Көркем өнерди, нама ҳәм қосықты сүйетуғын, дөретиўишлерди мүнәсип қәдирлейтуғын елимиз бул әнжуманды үлкен қуўаныш пенен күтип алмақта.

Түп-тийкарынан жаңаланып атырған Өзбекстан менен жақыннан танысыў, мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен ушырасыў ҳәм сөйлесиў Сизлерде, әлбетте, мәңгилик тәсирлер қалдырады, деп исенемен.

Фестиваль шеңьеринде болып өтетуғын «Шығыс халықларының дәстүрий музыка көркем өнерин раўажландырыў перспективалары» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияның жумысына да әўметлер тилеймиз.

Бул әжайып гөззаллық байрамын жоқары көтериңкилик пенен өткериў мақсетинде пидайы мийнет еткен барлық инсанларға миймандос ҳәм кеңпейил Самарқанд халқына әнжуман қатнасыўшылары ҳәм халқымыздың атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Қәдирли дослар!

Әзиз мийманлар!

Музыка көркем өнерине садықлығыңыз, оны қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў жолындағы мийнет ҳәм шеберлигиңиз, қосып атырған үлкен үлесиңиз ушын бәршеңизге және бир мәрте шексиз ҳүрметимди билдиремен.

Жаңа дөретиўшилик табыслар, миллионлаған ықласбентлердиң алғысы ҳәм меҳир-муҳаббаты сизлерге бәрқулла яр болсын!

Дүньяда тынышлық, халықлар арасындағы беккем дослық қатнасықлары турақлы болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.

ӨзА