USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Президент Шавкат Мирзиёев «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалын сәўлелендириў ушын келген жергиликли ҳәм сырт ел блогерлери  менен сәўбетлести.

– Соңғы жылларда Өзбекстан дүньяға ашылмақта ҳәм халықаралық жәмийетшиликке ҳақыйқатты жеткериўге умтылыс бар. Ең әҳмийетлиси, додалаў, сынға алыў мүмкин, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимизде реформаларды, мәдениятымыз, тарийхый естеликлеримизди пүткил дүньяға танытыўда блогерлердиң орны үлкен екени атап өтилди.

– Сизлерди жанажан Өзбекстанымызда, ески цивилизация орайы Самарқандта көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман. Бүгин бизлер Өзбекстанның жаңа тарийхын жаратып атырмыз. Мақсетимиз – халқымызға хызмет етиў, адамларды разы етиў ҳәм келешекке исеним менен қараўын тәмийинлеў. Оған сизлер де үлес қосасызлар, деп исенемен, – деди Президент.

Араңызда өзимиздиң қаракөзлеримизди көрип турыппан. Бул маған мақтыныш сезимин бағышлайды. Билиң, Президент сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлайды, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Сәўбетлесиў жуўмағында Президент блогерлер менен сүўретке түсти, олардың жумысына табыслар тиледи.

ӨзА