– Соңғы жылларда Өзбекстан дүньяға ашылмақта ҳәм халықаралық жәмийетшиликке ҳақыйқатты жеткериўге умтылыс бар. Ең әҳмийетлиси, додалаў, сынға алыў мүмкин, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимизде реформаларды, мәдениятымыз, тарийхый естеликлеримизди пүткил дүньяға танытыўда блогерлердиң орны үлкен екени атап өтилди.

– Сизлерди жанажан Өзбекстанымызда, ески цивилизация орайы Самарқандта көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман. Бүгин бизлер Өзбекстанның жаңа тарийхын жаратып атырмыз. Мақсетимиз – халқымызға хызмет етиў, адамларды разы етиў ҳәм келешекке исеним менен қараўын тәмийинлеў. Оған сизлер де үлес қосасызлар, деп исенемен, – деди Президент.

Араңызда өзимиздиң қаракөзлеримизди көрип турыппан. Бул маған мақтыныш сезимин бағышлайды. Билиң, Президент сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлайды, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Сәўбетлесиў жуўмағында Президент блогерлер менен сүўретке түсти, олардың жумысына табыслар тиледи.

ӨзА