Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-август күни Самарқанд қаласында БМШның билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО)ниң Бас директоры Одри Азулени қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы конструктивлик сөйлесиў избе-из раўажланып, шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

3.jpg

Одри Азулениң усы абырайлы халықаралық шөлкемниң бас директоры сыпатындағы бул дәслепки сапары өткен жылы Париж қаласында болып өткен ушырасыўдың логикалық даўамы болып, тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша тәреплердиң умтылысы исенимли екенинен дәрек беретуғыны атап өтилди.

Бүгинги күнде ЮНЕСКО тәрепинен биринши рет қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде тийкарғы бағдарлар бойынша қосымша илажлар нәтийжели әмелге асырылмақта.

Халқымыздың сийрек гезлесетуғын материаллық ҳәм материаллық емес мәдений-тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў тараўында бирге ислесиў және усы бағдардағы алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Дүньяның алдынғы тәжирийбесин терең үйрениў ҳәм енгизиў мақсетинде елимизде ЮНЕСКО кафедраларының тармағы кеңеймекте. Бул жерде Өзбекстанның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде «Дүнья динлерин салыстырмалы изертлеў», «Суў дипломатиясы, суў ресурсларын басқарыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў», «Мәденият туризми» сыяқлы кафедралардың ашылыўы ҳаққында сөз бармақта.

ЮНЕСКОның жәрдеминде мәмлекетимизде «Шарқ тароналари», бақсышылық көркем өнери, өнерментшилик фестивальлары, Мақам көркем өнериниң конференциясы сыяқлы бир қатар ири халықаралық илажлар шөлкемлестирилмекте.

Ушырасыўда кең көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, Жер жүзи мийрасы комитетиниң гезектеги сессиясының жуўмағында ерисилген келисимлерди сөзсиз әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Өзбекстанда мәдений мийрас объектлерин раўажландырыў ҳәм қәстерлеп сақлаў тараўындағы жедел ис-ҳәрекетлерди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Самарқандта усы темаға бағышлап табыслы өткерилген қоспа халықаралық конференцияның нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Мәденият, билимлендириў ҳәм илим, гендер сиясаты бағдарларында ҳәм экология, соның ишинде, Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў бағдарында әмелий бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

ЮНЕСКОның Бас директоры қызғын қабыл еткени ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

4.jpg

Елимизде бай мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, туризм потенциалын жүзеге шығарыў, билимлендириў ҳәм илим, қоршаған орталықты қорғаў тараўларында әҳмийетли өзгерислерди әмелге асырыў бағдарындағы реформалар унамлы нәтийжелер берип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

ЮНЕСКО Өзбекстан менен кең көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўде исенимли екени тастыйықланды.

5.jpg

ӨзА