2019-жылы 24-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Ренспубликасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилисиниң жумысы даўам еттирилди.

Мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар  қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбаева алып барды.

Сенаторлар жумысты «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўдың жаңа механизмлериниң енгизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққыда»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалаўдан баслады.

Атап өтилиўинше, Бюджет кодексине, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы конституциялық нызамларға, ««Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Регламенти ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер киргизилмекте. Сондай механизм енгизилмекте, оған бола Олий Мажлис палаталары қәрежетлер сметалары олардың аппаратлары тәрепинен бюджет комитетлери менен биргеликте парламентлераралық ҳәм халықаралық бирге ислесиўге байланыслы қәрежетлер есапқа алынған ҳалда ислеп шығылады ҳәм Олий Мажлис палаталары Кенгашлары тәрепинен тастыйықланады.

Сенаторлардың атап өтиўинше, усы Нызамның қабыл етилиўи ҳәкимияттың жоқары нызам шығарыўшы уйымының финанслық еркинлигин беккемлеўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соннан кейин, Сенат ағзалары «Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киригизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты.

Нызам Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи мүнәсибети менен ҳәм оның нормаларын сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң нормалары менен бир түрге енгизиў мақсетинде ислеп шығылды. Тийисли өзгерислер Өзбекстан Республикасы Конституциясына, конституциялық нызамларға, «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына киргизилмекте.

Соның ишинде, «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы норма менен толықтырылып, оған бола пуқаралар жыйыны халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесине сайлаў өткериўши округ сайлаў комиссияларының ағзалары талабанлары бойынша усыныслар береди, халық депутатлары районлық, қалалық кеңеслериниң мәжилислеринде додалаў ушын участка сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанларды усынады, сондай-ақ, сайлаў комиссиясына өз бақлаўшыларын жибереди.

Нызамшылық палатасында Экологиялық ҳәрекет ўәкиллери ушын  депутатлардың орынларын квоталаў институтының бийкарланыўы мүнәсибети менен «Сиясий партиялар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына, «Референдум жуўмақлары және мәмлекетлик ҳәкимияттың шөлкемлестирилиўиниң тийкарғы принциплери ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамларына тийисли өзгерислер киргизилмекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин ала сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

«Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамынан келип шығатуғын нормаларды әмелге асырыў мақсетинде «Мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў ҳаққында»ғы, «Өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Тоғай ҳаққында»ғы, «Радиациялық қәўипсизлик ҳаққында»ғы, «Психиатрия жәрдеми ҳаққында»ғы нызамларға жәмийетлик қадағалаў субъектлери киргизилмекте.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бюджет мағлыўмаларының ашықлығын ҳәм бюджет процесинде пуқаралардың белсендилик пенен қатнасыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 22-августтағы қарарына бола Өзбекстан Республикасының бюджет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Соған муўапық бюджет процесинде пуқаралар белсендилик пенен қатнасыў имканияты, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлери жергиликли бюджетлердиң параметрлерин және олардың орынланыўы ҳаққындағы есапларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў процесиниң ғалаба хабар қуралларында жәрияланыўын тәмийинлейди.

Киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар муўапық Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги прогноз жыл ушын мәмлекет бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң жойбарлары және келешектеги еки жылға байланыслы бюджет мөлшерлери, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң орынланыўы ҳаққындағы есаплар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына жиберилиўден алдын олардың жәмийетлик додаланыўын тәмийинлейди.

Буннан тысқары, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Оған бола бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардан, бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары қаржыларынан пайдаланыўы, өткерилген таңлаўлар (тендерлер) ҳәм алынған товарлардың жеткерип берилиўи ҳаққында министрликлер, уйымлар, мәмлекетлик мақсетли қорлар және басқа да бюджет қаржыларын бөлистириўшилер тәрепинен өзлериниң веб-сайтларына жайластырылатуғын тийисли мәлимлеме ҳәм мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымларының жумысы ҳаққындағы мәлимлеме қатарына киреди.

Нызам қабыл етилиўи мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды және де күшейтиўге, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлери қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин парламент ағзалары «Қәўипсизлик ҳәм қорғаныў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Атап өтилиўинше, Нызамның мақсети қәўипсизлик ҳәм қорғаныў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў болып табылады.

Нызам менен Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң шөлкемлестирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының 12 нызамына және 3 кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң терроризмге қарсы гүресиў, оператив-излеў жумысы, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша ўәкилликлери нәзерде тутылады.

Әскерий таярлық системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде «Улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген. Соның ишинде, Мүддетли әскерий хызметти офицерлер қурамы лаўазымларында өтеп атырған офицерлер ушын ҳәм мүддетли әскерий хызметти қатардағы әскерлер және сержантлар қурамы лаўазымларында өтеп атырған әскерий хызметкерлер ушын мүддетли әскерий хызметти өтеўдиң бирден-бир мүддети белгиленген.

Шақырылыўшыларды әскерий техника қәнигеликлери бойынша таярлаў Өзбекстан Республикасы қорғаныўына жәрдемлесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң оқыў мәкемелеринде емес, ал Қорғаныў ислери басқармалары жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техника қәнигеликлери бойынша таярлаў орайларында әмелге асырылыўын нәзерде тутатуғын норма киргизилмекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин ала «Материаллық мәдений мийрас объектлериниң қорғалыўы күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, Салық кодексине, сондай-ақ, Әмелге асырылыўы ушын лицензиялар талап етилетуғын хызмет түрлериниң дизимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшаларда мәмлекетлик қорғаўға алынған материаллық мәдений мийрас объектлерин набыт еткени, бузғаны ямаса оларға зыян жеткергени ушын, тек ғана көп муғдарда зыян жеткерген ҳуқықбузарлықты  қастан ислегенлиги ушын емес, ал көп ҳәм оғада көп муғдарда зыян жеткерген ҳуқық бузарлықты итибарсызлық себепли ислегенлиги ушын жуўапкершиликтиң күшейтилиўи нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, мәмлекетлик қорғаўға алынған материаллық мәдений мийрас көшпес мүлк объектлериниң қорғалатуғын орынларында, айрықша түрде қорғалатуғын тәрийхый-мәдений аймақларда, соның ишинде, өзиниң тарийхый-мәдений қунына бола  Пүткил дүнья мийрасы дизимине киргизилген аймақларда ҳәм олардың қорғалатуғын орынларында метериаллық мәдений мийрас объектлери есапланбаған имаратлар, объектлер және басқа да объектлерди белгиленген тәртипте руқсатнама алмай қурғанлығы ямаса бузғанлығы, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин ислегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлығы, ҳуқықбузарлықларды тек ғана қастан ислегени ушын емес, ал итибарсызлық себепли жүз бергени ушын да жуўапкершиликтиң күшейтилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Өзбекстан Республикасының Салық кодекси нормалар менен толықтырылмақта. Оған бола Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Мәдений мийрас департаменти ҳәм оның аймақлық басқармалары тийисли тәртипте материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўдан гөзлеп исленген даўалар және берилген арзалар бойынша пуқаралық ислери бойынша судларда, даўалар ҳәм арзалар бойынша экономикалық және ҳәкимшилик судларда мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи. Сенаторлар усы Нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасы аймағында жайласқан ҳәм Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген объектлер ҳәм аймақларды, олардың бийбаҳалылығын, дүнья мәденияты ҳәм тарийхына қосқан үлкен үлесин сақлаўға, сондай-ақ, келешек әўладты тәрбиялаўға хызмет ететуғынына айрықша итибар береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

буннан кейин парламент ағзалары «Айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы көрип шықты.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының 12 нызамына ҳәм 1 кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылғанлығы атап өтилди.

Соның ишинде, «Мәҳәлле сақшысы» жәмийетлик структураның басшысы лаўазымы бийкар етилиўи ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша профилактика (үлкен) инспекторының жәрдемшиси лаўазымы енгизилиў мүнәсибети менен «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы, «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына тийисли өзгерислер киргизилмекте.

«Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына судьялардың шын мәнисиндеги еркинлигин, судьялық корпусын қәлиплестириў ҳәм талабанның шахсы ҳаққындағы исенимли мағлыўматларды топлаў мақсетинде ашық-айдынлықты тәмийинлеўдиң қосымша механизмлери енгизилмекте. Буннан тысқары, «Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қағыйда киргизилмекте, оған бола резервке киргизилген судьялық лаўазымына талабан Судьялар жоқары мектебинде оқыўды табыслы тамамлағаннан соң бос турған судьялық лаўазымларын толтырыў ушын таңлаўда қатнасыў ҳаққында тиккелей Кеңеске арза бериў ҳуқықына ийе болады.

Судьялардың қәтелериниң алдын алыў, судьялар корпусы жетерли әмелий ҳәм турмыслық тәжирийбеге ийе жоқары қәнигели юристлер арасынан қәлиплесиўин тәмийинлеў мақсетинде «Судьлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына судьялар ушын 35 жастан киши болмаған жас цензиди нәзерде тутатуғын өзгерис киргизилмекте.

Жоқары палата ағзалары «Психиатриялық жәрдем көрсетиў системасының жетилистириўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-атқарыў кодекслерине өзгерислер киргизилип, оларды тек ғана руўхый кеселликлер емлеўханасында емес, ал жасаў орнындағы руўхый нерв кеселликлер диспансеринде (район (қала) психиатриниң бөлмесинде), жасаў орнындағы улыўмалық тәртиптеги руўхый кеселликлер емлеўханасының улыўмалық қадағаланатуғын бөлиминде, улыўмалық тәртиптеги руўхый кеселликлер емлеўханасының арнаўлы реабилитация бөлиминде медициналық усылдағы мәжбүрлеў илажларын қолланыў ҳуқықы нәзерде тутылмақта.

Атап өтилиўинше, Нызамның қабыл етилиўи руўхый жағдайы ақылы зайыплылықты  бийкарламайтуғын тәризде бузылған шахсларға суд тәрепинен медициналық усылдағы мәжбүрлеў илажларын қолланыўға, бир ўақытта оларды жазалаў имканиятын жаратыўға, психиатрия жәрдемин көрсетиўдиң әмелдеги системасының имканиятларынан толық ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў ушын шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, медициналық мәкемелердиң судлар, прокуратура уйымлары, адвокатлар ҳәм медициналық усылдағы мәжбүрлеў илажлары қоланылатуғын шахслар менен өз-ара қатнасықларды тәртипке салыўға жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин ала парламент ағазалары тәрепинен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Өзбекстан Республикасының 3 нызамына ҳәм 5 кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, пенсия жасына жеткен судланғанлар ҳәм майыплардың социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Жынаят-атқарыў кодексине ҳәм «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Оларда тиккелей мәнзил-колония жайласқан жердеги Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының районлық (қалалық) бөлимине арза бериў арқалы мәнзил-колонияларда жазаны өтеп атырған, еркинен айырыўға ҳүким етилген шахсларға пенсия тайынлаў, бундай шахсларға пенсия төлеўди мәнзил-колония жайласқан жердеги Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары пенсия қорының районлық (қалалық) бөлимлери тәрепинен судланыўшылардың жеке есап бетлерине өткериў арқалы төлеў нәзерде тутылмақта.

Айыпланыўшы, судланыўшы сорастырыўдан, дәслепки тергеўден ҳәм судтан бас тартыўдың алдын алыў, оны буннан кейинги жынайый ислериниң алдын алыў, ҳүкимниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине «Паспорттың (ҳәрекет етиў ҳүжжетиниң) әмел етиўин тоқтатып турыў» деп аталған жаңа бап киргизилген. Паспорттың (ҳәрекет етиў ҳүжжетиниң) әмел етиўин тоқтатып турыў тек ғана мәмлекетлераралық ямаса халықаралық излеў жәрияланған айыпланыўшыға ҳәм судланыўшы шахсқа байланыслы қолланылады.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик-жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси норма менен толықтырылмақта. Оған бола мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы, ержетпеген шахслардың мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмайтуынлығы ҳаққындағы талапларды бузғанлығы, жумыс бериўшиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларын орынламағаны, ўақтынша мийнетке жарамсызлық, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақаларын төлеў бойынша миннетлемеден бас тартқанлығы, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы, мийнетке административлик түрде мәжбүрлегени, бос жумыс орынларын жасырғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик күшейтилмекте.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексине ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын неке жасын 18 жас етип белгилеўши норманың киргизилгенлиги әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин ала сенаторлар Өзбестан Республикасының халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў ҳаққындағы бир қатар нызамларды мақуллады. «Халықаралық мийнет шөлкеминиң санаат ҳәм саўдада мийнет инспекциясы ҳаққындағы 81-санлы Конвенциясының (Женева, 1947-жыл 11-июль) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Халықаралық мийнет шөлкеминиң аўыл хожалығында мийнет инспекциясы ҳаққындағы 129-санлы Конвенциясын (Женева, 1969-жыл 25-июль) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳаққында»ғы, «Пуқаралық, шаңарақлық ҳәм жынайый ислер бойынша ҳуқықый жәрдем ҳәм ҳуқықый қатнасықлар ҳаққындағы Конвенцияға (Кишинёв, 2002-жыл 7-октябрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳаққында»ғы, «Халықаралық жүзимгершилик ҳәм виношылық шөлкемин шөлкемлестириў ҳаққындағы  Келисимди (Париж, 2001-жыл 3-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳаққында»ғы нызамлар усылар қатарына киреди.

Соннан кейин, парламент ағзалары Өзбекстан Республикасы Орайлық сайцлаў комиссиясының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Усы мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Кейин сенаторлар Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў тараўындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Додалаў ўақтында ҳуқық қорғаў ҳәм нызамышылықты тәмийинлеў жәмийет турмысының айрықша әҳмийетке ийе болған тараўы екенлиги атап өтилди. Әне сол себепли соңғы жыллары мәмлекетимизде жынаятларға қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўдың пүткиллей жаңа механимзлерин жаратыўға итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-декабрьдеги «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилиўи менен бул бағдардағы жумыслар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Оның тийкарында аймақларды бириктирген ҳалда жәмийеттиң қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы жумысларды муўапықластырыў Бас прокурор, ишки ислер министри ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының сәркардасына жүкленди.

Бул усы бағдарда сезилерли нәтийжелерге ерисиў имканиятын берди. Соның ишинде, усы жылдың алты айының нәтийжелери бойынша жынаятлардың улыўма саны 32,1 процентке азайды, жынаят-излеў бағдарында болса олардың саны 41,7 процентке азайды. Республикадағы 9093 мәҳәллениң 5747 синде ямаса 63 процентинде бир де бир жынаят жүз бермеди.

Ишки ислер уйымлары, соның ишинде, профилактикалық хызмет системасы түпкиликли реформаланыўы, усы тараўдағы жумысты турақлы муўапықластырыўдың жолға қойылыўы, ең тийкарғысы, жәмийетшилик ҳәм пуқаралардың белсене қатнасыўының тәмийинлениўи усындай жетискенликке ерисиўде әҳмийетли фактор болғанлығы атап өтилди.

Соның менен бирге, жынаят статистикасының анализи нызам үстинлигин тәмийинлеў, жынаятларды азайтыў ҳәм ерте алдын алыў ушын өз шешимин күтип атырған көплеген машқалалар бар екенлигин көрсетпекте.

Соның ишинде, ҳуқықбузарлықлардың улыўма қурамында аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлардың үлеси өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 2,7 процентке көбейди. Сурхандәрья ўәлаятында дизимге алынған жынаятлардың 38 проценти, Ташкент қаласы ҳәм Хорезм ўәлаятында дизимге алынған жынаятлардың 30 проценти, Наўайы, Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында атап өтилген жынаятлардың 25 проценти жынаятлардың мине усындай категориясына киреди.

Усы мүнәсибет пенен шығып сөйлегенлер нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша ишки ислер уйымларының жумысын және де күшейтиў зәрүрлигин атап өтти. Додаланған мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысы ҳаққындағы мәлимлемени тыңлады.

Мәмлекетимиздиң сыртқы сиясий уйымы өз жумысында тийкарғы итибарды Сыртқы сиясий жумыс концепциясында ҳәм «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға қаратылып атырғанлығы атап өтилди.

Сыртқы ислер министрлигине жүкленген ўазыпаларды шешиўде халықаралық, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиўге айрықша итибар берилгенлиги атап өтилди. Соның ишинде, парламент пенен тығыз бирге ислесиў шеңберинде жоқары дәрежедеги сапар етиўлердиң жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға байланыслы «жол карталарын» орынлаў бойынша тыңлаўларды тыңлаў әмелияты жолға қойылды.

Мәмлекет экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў, экспорт көлемин ҳәм сырт елли туристлердиң ағымын арттырыў Сыртқы ислер министрлигине жүкленген және бир әҳмийетли ўазыйпа есапланады. Оны әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетимиздиң барлық дипломатиялық ўәкилханалары мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырай-итибарын беккемлеў, оның сыртқы экономикалық мәплерин қорғаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша анық мақсетке қаратылған жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары тәрепинен экономиканың ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырыў нәзерде тутылған 5 миллиард 250 миллион долларлық 250 ден аслам инвестициялық жойбар ислеп шығылғанлығы атап өтилди. Буннан тысқары, ҳүкиметлераралық комиссиялардың 800 ден аслам инвестиция бизнес-форумы ҳәм мәжилиси өткерилди. Потенциаллы  сырт ел инвесторларының Өзбекстанға 1600 ден аслам сапары ҳәм мәмлекетимиздиң экономикалық уйымларының сырт елге дерлик 700 сапар етиўлери шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, виза режимин буннан былай да еркинлестириў мақсетинде 2019-жыл 5-январьда Өзбекстан Президентиниң «Өзбекстан Республикасында туризмди жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. 45 мәмлекеттиң пуқараларына 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгиленди, пуқаралары электрон кириў визасын алыў имканиятына ийе болған мәмлекетлердиң дизими 77 ге арттырылды, қосымша (электрон болмаған) кириў визалар категориялары енгизилди («Vatandosh», «Student visa», «Academic visa», «Medical visa» ҳәм «Piligrim visa»)  ҳәм сырт мәмлекетлердиң пуқараларына Өзбекстан Республикасында көшпес мүлкти сатып алған жағдайда жасаў гүўалығын алыў ҳуқықы усынылды. Усы жылдың май айында пуқаралар ушын туризм визаларын рәсмийлестириўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизилетуғын мәмлекетлердиң саны 77 ге жетти.

Биринши рет Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери бас министрлери орынбасарларының қатнасыўында регионаллық экономикалық форум өткерилди. Онда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан уйымлары ҳәм исбилермен топарларының 200 ден аслам ўәкили қатнасты. Бул илаж мәмлекеттиң сыртқы сиясатында тийкарғы регион есапланған Орайлық Азияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен алып барылып атырған жумыслардың логикалық даўамы болды.

Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханаларына республиканың белгили аймақлары бириктирилгенлиги Наманган ўәлаяты мысалында және бир мәрте өзиниң нәтийжелилигин көрсетти. Соның ишинде, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстанның сырт елдеги 18 елшиханасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги менен жақын бирге ислесиўде 1,67 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Соннан быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында 122,7 миллион доллар өзлестирилди.

Усыған қарамастан, бирден-бир сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық сиясат алып барыўда Сыртқы ислер министрлигиниң муўапықластырыўшы ролин есапқа алып, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм туристлик бирге ислесиў мәселелери бойынша сырт мәмлекетлер және халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў ҳәм уйымлараралық муўапықластырыў елеге шекем системалы және нәтийжели жолға қойылмағанлығы атап өтилди. Жақын ҳәм орташа перспективада өзинде нәтийжели илажларды жәмлестирилген комплексли уйымлараралық реже ислеп шығыў мәселеси еле де әҳмийетлилигинше қалмақта.

Мәжилисте мәмлекеттиң сыртқы сиясий уйымының жумысын буннан былай да жетилистириў, халықаралық, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен министрликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Додалаўлардың жуўмақлары бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Кейин ала сенаторлар Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының ҳәм басқа да мәпдар министрлик ҳәм уйымлардың туризмди раўажландырыў тараўындағы реформалары әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Шығып сөйлегенлер соңғы жылларда Өзбекстанда туризм индустриясын раўажландырыў, соның ишинде, қолдан келгенше қолайлық жаратыў, тармақтың бәсекиге шыдамлылығын және де арттырыў, көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын жақсылаў ҳәм жәҳән базарында миллий туристлик өнимди белсене танытып барыў бойынша избе-из илажлар көрилгенлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қабыл етилген мисли көрилмеген илажлар туризмди раўажландырыўдың нызамшылық ҳәм институционал тийкарларын жетилистириўге күшли түртки берди. Мысал ушын соңғы еки жылда 50 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Олардың 13 и быйылғы жылдың 8 айы даўамында қабыл етилди. Тийкарғы мақсет – туризм индустриясын Өзбекстан экономикалық раўажланыўының драйверлеринен бирине айландырыў, аўыллық жерлерде, таўлы аймақларда ҳәм алыс районларда халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм жаңа дәрамат дәреклерин жаратыў болып есапланады.

Системалы жумыслар себепли туристлердиң ағымын арттырыў, инфраструктураны модернизациялаў, виза режимин еркинлестириў бағдарында сезилерли нәтийжелерге ерисилди. Мәселен, ең либерал виза режимлери рейтингинде Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери арасында екинши орынды ийеледи. Биринши ярым жыллық жуўмақлары бойынша мәмлекетимизде болған сырт елли туристлердиң саны 3 миллионнан аслам адамды қурады, бул болса 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 31 процентке көп болып есапланады.

Туристлик хызметлер экспорты да артпақта. Бундай хызметлердиң көлеми 2018-жылда 1 миллиард 40 миллион долларға жетти. 2019-жылдың биринши ярым жыллығында 590,5 миллион долларды қурады. Бундай тенденция ҳәм нормалық нәтийжелер және туризм инфраструктуралық объектлердиң раўажланыўына тәсир көрсетпекте. Соның ишинде, сырт елли туристлер мәмлекетимизде көп ўақытқа қалып атырғанлығы себепли оларды жайластырыўға байланыслы мәселелер көбейди, бул болса туризм инфраструктура объектлериндеги бәнтликке де унамлы тәсир көрсетпекте.

Соның менен бирге, усы тараўда да бир қатар машқалалар бар. Мәселен, бир қатар тийисли министрликлер ҳәм уйымларда туризмди раўажландырыў мәселери тек ғана Туризмди раўажландырыў бойынша комитети жуўапкершилиги шеңберине киреди деген надурыс пикир пайда болғанлығы атап өтилди. Сол себепли уйымлараралық муўапықластырыў әззи екенлиги мәлим етилмекте. Бул қағыйдалар мәмлекеттиң туризм тараўындағы сиясатына көбинесе сәйкес келмейтуғын айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығарылып атырғанлығы ҳәм қабыл етилип атырғанлығында көзге тасланбақта.

Тийисли министрликлер ҳәм уйымлар мәмлекетимиздиң туризм потенциалын арттырўда белсендилик көрсетпей атырғаны атап өтилди. Мысал ушын усы көзқарастан Мәденият министирлиги узақ ўақыт даўамында Өзбекстан музей ҳәм театрларының туристлер ушын қамтып алыўшылықты арттыра алмағанлығы, музей жумысына заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизе алмағанлығын айтыў мүмкин.

Транспорт инфраструктурасынан пайдаланыў иканияты ҳәм оның қолайлылығы елеге шекем шешилмей атыр. Авиабилетлерге баҳа қойыў, темиржол транспорты хызметлериниң баҳасы ҳәм сапасы арасындағы айырмашылық ишки автотранспорт жөнелислери тармағының раўажланбағанлығы көплеген сораўлар туўдырмақта. Темиржол, авиа ҳәм автотранспорт билетлерин онлайн бронлаў системасы ҳәзирги күнге шекем енгизилмеген. Бул факторлар ишки ҳәм сыртқы туризмниң раўажланыўына айрықша тосқынлық етип атыр.

Усы мүнәсибет пенен сенаторлар туризм тараўында жыйналып қалған машқалаларды шешиў бойынша бир қатар усыныслар билдирди. Усы мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар тәрепинен Хорезм ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабы да тыңланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-2018-жылларда Хорезм ўәлаятына сапары ўақтында белгиленген ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда ўәлаятты экономикалық-социаллық раўажландырыў бағдарында мақсетли ўазыйпалар әмелге асырылмақта.

2019-жылдың январь-июнь айларында жалпы аймақлық өнимниң көлеми 7,9 миллиард сумды қурады ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 106,5 процентке өсти. Усы дәўир даўамында ўәлаятта 96,5 миллион долларлық тиккелей инвестициялар өзлестирилди ҳәм бул режеге салыстырғанда 220,7 процентти қурайды. Ўәлаятта социаллық-экономикалық өсиў бағдарламасы шеңберинде 2019-жылда улыўма баҳасы 3727,7 миллиард сумлық 946 жойбарды әмелге асырыў ҳәм оның есабынан 11645 жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған. Есап бериў дәўиринде 714,8 миллиард сумлық 412 жойбар әмелге асырылған ҳәм 3178 жумыс орны шөлкемлестирилген.

Атап айтқанда, усы жылдың 1-июлинде дизимнен өткен исбилерменлик субъектлериниң саны 35901 ди қурады ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 3346 ға артты. Бирақ олардың 3422 си анаў ямаса мынаў тосқынлықларға ушырағаны себепли өз жумысын тоқтатты.

Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ўәлаят қалаларында, район орайларында жыллар даўамында сақланып киятырған коммуналлық тараўға байланыслы машқалаларды шешиўге комплексли қатнас жасамай атырғанлығы халықтың қатаң наразылығына себеп болды.

Соның ишинде, Хорезм ўәлаяты үлгисинде ишимлик суўы системасының суў бөлистириў қурылмаларынан кейинги елатлы пунклерине суў тарқатыў бөлими басқарыўын инвестиция киргизиў шәрти менен 2019-жылдан баслап мәмлекетлик-жеке меншик принциплери тийкарында исбилерменлерге бериўди жолға қойыў ўазыйпасы да толық орынланбаған. Нәтийжеде ўәлаят халқының 56,5 проценти ғана ишимлик суўы менен тәмийинленген.

Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң сессияларында ҳәм турақлы комиссиялар мәжлислеринде түрли дәрежедеги жуўапкер басшы хызметкерлердиң 624 есабы тыңланды. Бундай әмилият ҳәр бир шөлкем ямаса уйымның жумыс нәтийжесине болған жуўапкершилигин және де артыўына себеп болады.

Соның менен бир қатарда сенаторлардың атап өтиўинше, Хорезм ўәлаятында аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға унамсыз тәсир етип атырған бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер бар. Онда бар потенциалдан толық түрде пайдаланылмай атыр.

Додалаўдың жуўмағы бойынша аймақларды раўажландырыў мәселелерин шешиў бойынша министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин парламент ағзалары Министрлер Кабинетине парламентлик сораўлар жибериўге байланыслы мәселелерди көрип шықты.

Сенаторлар бос турған, қурылысы жуўмақланбаған объектлерден ҳәм  пайдаланылмай атырған өндирис майданларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бағдарында нызам ҳүжжетлерин орынлаў ҳалатын үйрениў нәтийжелери бойынша парламентлик сораў жиберилиўин қоллап-қуўатлады.

Сондай-ақ, сенаторлар бағшылық-жүзимшилик ширкетлериниң жағдайы ҳәм олардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораў ҳаққында қарар да қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен өз ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды.

Олий Мажлис Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилисинде жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 26 мәселе, соның ишинде, 16 нызам көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.

 ӨзА