2019-жыл 23-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилистиң күн тәртиби тастыйықланғаннан соң сенаторлар көрип шығылып атырған мәселелерди додалаўға киристи.

Сенаторлар жумысты «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шығыўдан баслады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҳаял-қызлардың сиясий, экономикалық ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, оларды кемситиўдиң барлық түрлерине тыйым салыў, гендер теңликти тәмийинлеў ҳаял-қызларға болған қуры әдил мүнәсибет сыпатында емес, ал мәмлекеттиң экономикалық өсиўин даўам еттириў, турақлылығын ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланыўын тәмийинлеўдиң тийкарғы шәртлеринен бири сыпатында көрип шығылмақта. Әне сол себепли бул бағдардағы жумыслар, бәринен бурын, жыныслар теңлигиниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге қаратылған. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да күшейтиў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық ислеп шығылған бул Нызам да соған қаратылған. Мәмлекет тарийхында биринши рет ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятларды кепиллеўге байланыслы мүнәсибетлер тиккелей тәсир ететуғын бирден-бир Нызамда тәртипке салынбақта.

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетте ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленбекте. Буннан тысқары, «гендер», «гендер ҳуқықый экспертиза», «жыныс бойынша тиккелей кемситиў», «жыныс бойынша тиккелей емес кемситиў» сыяқлы усы тараўдың тийкарғы түсиниклерине анық түсиниклер берилмекте. Дәслеп усы түсиниклердиң тарифлери болмағанлығы себепли ҳуқықты қолланыў әмелиятында түсинбеўшиликлер келип шығып атырған еди.

Нызамда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар және имканиятларды тәмийинлеўдиң нызамшылық, демократизм, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлылығына, жынысы бойынша кемситиўге жол қойылмайтуғынлығы, ашық-айдынлық, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларына айрықша әҳмийет бериў сыяқлы тийкарғы принциплер белгиленбекте.

Ҳүжжетте  мәмлекет жәмийет және мәмлекетлик жумысларды басқарыўда, сайлаў процесинде теңдей қатнасыўды, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, илим, мәденият, мийнет ҳәм социаллық қорғаў тараўларында, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың басқа да тараўларында тең ҳуқық және имканиятлардың тәмийинлеўин кепиллейтуғыны белгилеп қойылмақта.

Мәмлекетлик статистика уйымлары гендер көрсеткишлери тийкарында жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың жағдайын көрсететуғын мәлимлемени жыйнаўы, оны қайта ислеўи, топлаўы, сақлаўы, таллаўы ҳәм жәриялаўы нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, мәмлекетлик уйымлардың (Олий Мажлис, Министрлер Кабинети, арнаўлы ўәкилликли уйым, басқа да мәмлекетлик уйымлардың) ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлардың кепилликлерин тәмийинлеў тараўындағы ўазыйпалары және ўәкилликлери анық белгилеп қойылмақта.

Жыныс бойынша кемситиў жағдайларының үстинен шағым етиўдиң, буның нәтийжесинде жеткерилген материаллық ҳәм руўхый зыянды қаплаўдың тәртиби, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар бул Нызамның қабыл етилиўин гендер кеңпейиллик ҳәм теңликти нызамшылық дәрежесинде тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти. Бул елимиздиң раўажланыўының ҳәзирги басқышында оғада әҳмийетли болып есапланады, өйткени бул, бәринен бурын, инсанның жәмийетте өз алдына қойған мақсетлерин табыслы   әмелге асырыўына имканият жаратады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Ҳаял-қызларды күш көрсетиўлер ҳәм зорлықлардан қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Мәжилисте атап өтилгениндей, усы жылдың өзинде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен Өзбекстанда ҳаял-қызларға қарсы исленген бир қанша күш көрсетиў жағдайлары жүз берди. Айырым ҳаял-қызлар жүз берген жынаятлар нәтийжесинде жәбир көрген. Жаңа Нызам бундай машқалалардың алдын алыўға, ҳаял-қызларды турмыслық өмирде, жумыста, билимлендириў мәкемелеринде ҳәм басқа да орынларда жәбир-зулымнан қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған.

Ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларының кепилликлерин буннан былай да күшейтиў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық ислеп шығылды. Нызамда ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықлардан қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлер – Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият, ишки ислер, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў уйымларының, Ҳаял-қызлар комитети, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ҳаял-қызларды қорғаў тараўында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўазыйпалары белгиленбекте.

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети жәрдем бериў, мәсләҳәт бериў механизмин және илажларын, ҳаял-қызларға күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў ҳаққында мәлимлеме алыўды тәмийинлеў мақсетинде республиканың пүткил аймағында күни-түни ислейтуғын, бийпул телефон линиясы тармағының (исеним телефоны) жумыс ислеўин тәмийинлеў белгилеп қойылмақта.

Профилактикалық сәўбетлесиў белгили бир шахсты жәмийетте улыўма қабыл етилген минез-қулық нормалары ҳәм қағыйдаларына әмел етиўге исендириў, жәмийетке қарсы минез-қулықтың социаллық және ҳуқықый ақыбетлерин түсиндириў, сондай-ақ, нызамда белгиленген жуўапкершилик ҳаққында ескертиў мақсетинде шөлкемлестириледи. Профилактикалық сәўбетлесиў күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайларын анықлаған ўәкилликли уйым ўәкили тәрепинен күш көрсетиў ҳәм зорлық етиўге бейим шахслар менен өткериледи.

Соның менен бирге, Нызамда қорғаў ордерин бериў ҳәм оның мүддеттин узайтыў, күш көрсетиў қурбанларына қорғаныў ордери, оның мазмуны, сондай-ақ, қорғаныў ордеринде нәзерде тутылатуғын шеклеўлер белгиленбекте.

Нызамда бундай жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар, сондай-ақ, усы сыяқлы қылмысларды ислегенлиги ушын жуўапкершилик белгиленген. Буннан тысқары, жәбир көрген шахсларды қорғаўды нәзерде тутатуғын процессуал кепилликлерди қәлиплестириўге, жәмийетте ҳаял-қызларға қаратылған ҳәр қандай көринистеги күш көрсетиўлерге маўасасыз қатнасықты қәлиплестириўге қаратылған илажлар сәўлеленген. Бул Нызамның қабыл етилиўи жәмийетте ҳаял-қызларға болған мүнәсибетти буннан былай да жақсылаўға, оларға ҳүрмет пенен қатнас жасаўды беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Кейин «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасныың 2019-жылдың екинши шерегиндеги орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабы додалаўдың темасы болды.

Сенат тәрепинен өткерилген таллаў ҳәм үйрениўлердиң нәтийжесине бола усы жылдың биринши ярым жыллығында бағдарламаның 139 бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў белгиленген. Соннан 101 бәнттиң орынланыўы тәмийинленди ҳәм 22 бәнт мүддетинен бурын орынланды. Ҳәзирги күнде орынланыўы тәмийинленген бәнтлердиң саны 123 ти қурамақта.

Әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде есап бериў дәўиринде жалпы ишки өним өткен жылдың усы дәўирине салытырғанда 5,8 процентке өсти. Бюджет дәраматлары дерлик 51 триллион сумды ямаса прогнозға салыстырғанда 109 процентти қурады. Жергиликли бюджетлердиң ықтыярында 2,6 триллион сумнан аслам ямаса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,5 есе көп қаржы қалды.

Мәмлекетте инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм тиккелей сырт ел қаржыларын тартыўды күшейтиў бойынша алып барылып атырған реформалардың нәтийжесинде усы жылдың биринши ярымында тийкарғы капиталда тиккелей сырт ел инвестицияларының үлеси 2,5 есеге өсти ҳәм 1,7 миллиард долларға жетти.

Орынларда исбилерменлер ҳәм инвесторлардың машқалаларын шешиў мақсетинде шөлкемлестирилген Бас министрдиң қабыллаўханалары инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаўға қаратылған нәтийжели институт сыпатында жумыс алып бармақта. Өзбекстан Республикасының дүнья жәмийетшилигиндеги абырайын буннан былай да беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў мақсетинде жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар бириктирилди.

Мәмлекет экономикасында өткен дәўир аралығында инвестициялық орталықты жетилистириўге қаратылған кең көлемли әмелий ислерге қарамастан аймақларда инвестициялық жумысларды жақсылаў бағдарында сезилерли кемшилик ҳәм машқалалар бар.

Соның ишинде, сырт ел инвесторлары ҳәм жергиликли исбилерменлер менен болып өткен ушырасыўлар ўақтында нызам ҳүжжетлериниң ҳәр тәреплеме жетик емес екенлиги, әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге тез-тез өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўи, бир-бирине қарсы болып атырған нормалар бар екенлиги сырт елли қаржы ийелерине ҳәм ишки инвесторларға унамсыз тәсир көрсетип атырғанлығы айрықша атап өтилди.

Бул жағдайлар нызам дөретиўшилигинде «ақыллы тәртипке салыў» заманагөй модели элементлериниң кең түрде қолланылмайтуғынлығы, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының тәсирин мәжбүрий баҳалаў системасы енгизилмегенлигиң нәтийжесинде келип шықпақта.

Сондай-ақ, Президентимиздиң мәмлекетимизде инвестициялық жумысларды тәртипке салатуғын нызамларды жетилистириў ҳаққындағы тапсырмалары толық орынланбай қалмақта. Атап айтқанда, сырт ел инвесторларының ҳуқықларын кепиллеў бойынша «Инвестициялар ҳәм инвестициялық жумыслар ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шығыў ҳәм киргизиў тапсырмасы елеге шекем орынланбаған.

Буннан тысқары, бағдарламаның еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары жумысының ҳуқықый тийкарларын жетилистириў ҳаққындағы бәнти де орынланбай келмекте. Усы бәнтте белгиленген «Арнаўлы еркин экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының жойбары ҳәзирги күнге шекем парламентке киргизилмеген.

Инвестициялық жумыс алып барып атырған исбилерменлер ушын кредит алыў белгили машқала болып қалмақта. Коммерциялық банклерде ресурслардың жетиспеўшилиги, процент ставкаларының жоқары екенлиги, кредит буйыртпаларын көрип шығыўда бюрократлық тосқынлықлардың бар екенлиги, өз гезегинде, исбилерменлердиң экспорт миннетлемелерин орынлаўына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Атап айтқанда, усы жылдың биринши ярым жыллығында бағдарламада нәзерде тутылған инвестициялық жойбарлардың саны 9088 болып, олардың улыўма баҳасы 60,3 триллион сумды қурайды, жаратылыўы нәзерде тутылған жумыс орынлары болса 172488. Бирақ биринши ярым жыллықта жәми 3332 жойбар (37 процент) бойынша улыўма баҳасы 13,6 триллион сумлық (23 процент) жойбарлар әмелге асырылып, тек ғана 38252 жумыс орны (22 процент) жаратылған.

Аймақларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў дәрежеси 44 процентти қурады. Бунда Ташкент қаласы (27 процент), Ташкент ўәлаяты (31 процент)  ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты (37 процент) ең артта қалып атырған аймақлар болып есапланады.

Министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен республиканың халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды қанаатландырарлы деп болмайды.

Министрлер Кабинетине бағдарламада белгиленген мүддетлерде орынланбаған жумыслардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў илажларын көриў, сондай-ақ, ўәлаятлар ҳәм районларда өткерилген үйрениўлер даўамында Олий Мажлис Сенаты тәрепинен анықланған, инвестициялық орталыққа унамсыз тәсир көрсетип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша анық илажларды ислеп шығыў усыныс етилди. Додалаў жуўмақлары бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар «Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты. Шығып сөйлегенлер мәмлекеттиң әмелдеги өндирис қуўатлықларын кеңейтиўге қаратылған жедел инвестициялық сиясат, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде энергия ресурсларына болған талап жылдан-жылға артып баратырғанлығын атап өтти. Бул экономика ҳәм социаллық тараўды нәтийжели ҳәм исенимли энергия дәреклери менен тәмийинлеў зәрүрлигин келтирип шығарды.

Бүгинги күнде республика тәбийғый энергия ресурсы болған тәбийғый газге бағынышлы болып қалған. Электр энергиясын ислеп шығарыўдың улыўма көлеминде бул дәректен пайдаланыў 85 процентти қурайды. Соны есапқа алған ҳалда Өзбекстан Ҳүкимети мәмлекеттиң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлеў ушын энергетика тармағын раўажландырыўдың ҳәр түрли вариантларын көрип шықты. Бунда мәмлекет ядро энергетикасы тармағын қәлиплестириў ўазыйпасы тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп алынды.

Бундай қарарды қабыл етиўде көплеген факторлар ҳәм жағдайлар есапқа алынды. Энергетиканың қәўипсизлигин тәмийинлеў, қоршаған орталыққа углерод шығарыўды азайтыў, атом электр станцияларының қәўиипсизлик көрсеткишлерине болған исенимди арттырыў зәрүрлиги, экономикалық көзқарастан ядро энергетикасының бәсекиге шыдамлылығы әне сондай факторлардың қатарына киреди.

Нәтийжеде Өзбекстан Республикасы басшысы тәрепинен 2018_жыл январьда мәмлекетимизде АЭС қурыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Сол жылдың сентябринде Москва қаласында Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасының арасында «3+» әўладына тийисли, еки энергия блогынан ибарат болған, белгиленген қуўатлылығы 2400 мегаватты қурайтуғын атом электр станциясын қурыў ҳаққында келисим дүзилди. Бул Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң (МАГАТЭ) барлық қәўипсизлик талапларына жуўап береди. Бул объектти Жиззақ ўәлаятының Фориш районында қурыў режелестирилген. Бул аймақ географиялық жайласыўы ҳәм басқа да зәрүрли факторлар көзқарасынан қолайлы болып есапланады.

Жойбарды әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетте зәрүрли потенциалды қәлиплестириў бойынша избе-из жумыс алып барылды. Бәринен бурын тийисли нормативлик-ҳуқықый база қәлиплеспекте, бул Нызам оның тийкары болады.

Нызамлылық, қәўипсизлик пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын, қоршаған орталықты қорғаў үстинлиги, атом энергиясынан пайдаланыў қәўипсизлигин мәмлекет тәрепинен тәртипке салатуғын уйымлар жумысының еркинлиги, ашық-айдынлығы, халықаралық миннетлемелерди орынлаўдың ықтыярый екенлиги сыяқлы атом энергиясынан пайдаланыўдың тийкарғы түсиниклери Нызамда беккемленбекте, принциплери белгиленип, атом энергиясынан пайдаланыў объектлери – ядролық қурылмалар, сақлаў пунктлери, ядролық материаллар, ядролық жанылғы. ядролық реакторлардың ыссылық ажыратыўшы топламлары, жумсап болынған ядролық жанылғы, радиоактив шығындылар нәзерде тутылмақта.

Миллий ядролық инфраструктураны раўажландырыў, ядролық қурылмалар ҳәм сақлаў пунктлерин қурыў, атом энергиясынан пайдаланыўда қоршаған орталықты ҳәм халықты қорғаўды тәмийинлеў, қәўипсиз ядролық жанылғы дәўирин шөлкемлестириў, атом энергетикасының узақ мүддетли раўажланыўын тәмийинлеў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленбекте. Сенаторлар пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын, физикалық және юридикалық шахслардың мүлкин қорғаў, сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў үстинлиги, қәўипсизликтиң тәмийинлениўи, мәлимлемениң ашықлығы, ядролық қурал ҳәм басқа да ядролық жарылыўшы қурылмаларды ислеп шығарыўдың қадаған етилиўи атом энергиясынан пайдаланыўдың тийкарғы принциплери екенлигин атап өтти.

Шығып сөйлегенлер Нызам атом энергиясын раўажландырыў ҳәм оннан пайдаланыў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ҳәм стратегиялық бағдарды  ислеп шығыў көзқарасынан айрықша әҳмийетли екенлигин атап өтти. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар жумысты «Ана сүти менен аўқатландырыўды қоллап-қуўатлаў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шығыў менен даўам еттирди.

Додалаў ўақтында кәмил, саламат әўладты тәрбиялаў, миллий генофондты беккемлеў, аналар ҳәм балаларды қорғаў мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарлары екенлигин атап өтти. Бунда тийисли нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Көрип шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет те әне соған бағдарланған.

Нызамның мақсети ана сүти менен аўқатландырыўды қоллап-қуўатлаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў, сондай-ақ, нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың азық-аўқат өнимлерине байланыслы белгиленген талапларға әмел етилиўин тәмийинлеўден ибарат.

Бул Нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық ислеп шығылды.

Нызамды дәслепки тәризде көрип шығыў ушын мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, илимий топарлар және пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен қуралған жумысшы топар дүзилди. Олардың усыныслары есапқа алынды. Нызам ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, оны пүткил қайта көрип шығыў зәрүр деген шешимге келди. Тийкарынан, шығып сөйлегенлер тәрепинен атап өтилгениндей, бул Нызамдағы айырым нормалар оның аты ҳәм мақсетлерине сай келмейди, нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың азық-аўқат өнимлериниң санитариялық жағдайы, сапасы ҳәм қәўипсизлик талапларына әмел етиў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў механизмлери өз көринисин таппаған, сондай-ақ, басқа нызамлардағы нормалар усы Нызамда қайталанған.

Соннан келип шығып, Олий Мажлис Сенаты бул Нызамнан бас тартыў  ҳаққында қарар қабыл етти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жигирма бириши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети

ӨзА