Пайтахтымызда Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышлап «Ең әзиз, ең уллы» дәстүрий таңлаўының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директорының орынбасары А.Ўрозов ҳәм басқалар мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған түпкиликли унамлы өзегерислер адамлардың мүшкилин жеңил етиў, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў, Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги абырайын арттырыў сыяқлы мақсетлерге бағдарланғанын атап өтти.

Президентимиздиң 2019-жыл 8-июльдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлар кең көлемде турмысқа енгизилмекте. Бул бағдарда шөлкемлестирилип атырған илажлар ғәрезсизликтиң қәдир-қымбатын терең түсиниў, оның қәдириятларын көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, ҳәр бир пуқараны ўатан тәғдири, оның келешеги ушын жуўапкершиликти терең сезиниўге шақырмақта.

13-FAQAT SAYTGA.JPG

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен Мәденият министрлиги, Жазыўшылар  аўқамы, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, «Өзбеккино» миллий агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы, Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген бул дәстүрий таңлаў талант ийелерин және де көбирек излениўге, өзлериниң шеберлигин толық жүзеге шығарыўына имканият бергени менен әҳмийетли болып есапланады.

Таңлаўға «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» , «Жаслар – келешегимиз», «Бес унамлы баслама» сыяқлы әҳмийетли бағдарлама ҳәм режелер шеңберинде алып барылып атырған түпкиликли реформаларды кеңнен сәўлелендиретуғын дөретиўшилик шығармалар қабыл етилди. Таңлаў жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары, баспа ҒХҚ хызметкерлериниң журналистлик жумыслары, ғалаба хабар қуралы сыпатында дизимге алынған веб-сайтлардағы интернет-журналистика материаллары, телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары, сүўретлеў көркем өнери, фото шығармалар ҳәм дизайн ислери, кино көркем өнериниң шығармалары сыяқлы номинациялар бойынша шөлкемлестирилди.

Оған мәмлекетимиз дөретиўшилериниң көплеген әдебий-көркем  шығармалары, газета-журналлар ҳәм интернет басылымларында жәрияланған мақалалар, радио ҳәм телеканалларда эфирге берилген материаллар, көрсетилген сүўретлеў көркем өнери ҳәм кино көркем өнериниң шығармалары келип түсти.

14.JPG

Дөретиўшилик жумысларды баҳалаўда профессионаллық шеберлик, толық көркемлик дәрежеси, бүгинги күнде болып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кеңнен ҳәм ҳәр тәреплеме ашып бериў, терең сын көзқарастан пикир билдириў сыяқлы мәселелерге тийкарғы итибар қаратылды.

Ең жақсы деп табылған дөретиўшилик жумыс авторлары «Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери деп табылды.

– Дөретиўшилик инсанға берилген бийбаҳа жемис, – деди таңлаў жеңимпазларынан бири, белгили шайыр Эшқобил Шукуров. – Оның қәдирлениўи таланттың абырайын улығлайды. Мийнет, дөретиўшиликтиң жоқары қәдирлениўи дөретиўшиниң үлкен бахты болып есапланады. Ол мақтаныш сезимлерин бағышлайды. Бизлер ең уллы, ең әзиз байрам қарсанында турмыз. Бул байрам қәдиримизди, кеўлимизди көтеретуғын, уллы шеклерге ийтермелейтуғын әййям. Таңлаў ушын усынылған «Бобо сўз изидан» китабым ана тилимизди қәстерлеп сақлаў, сөзлердиң мазмун-мәнисин, негизги ҳалында ашып бериўге хызмет етеди.

– Газетамыз арқалы халық пенен турақлы пикирлесиў орнатыўға, адамлардың тәшўишлерин терең үйрениўге, оларға шешим табыўға турақлы умтылмақтамыз, – деди «Жамият» газетасының бас редакторы Мақсуд Жонихонов. – Редакциямыз ушын билдирилген усындай жоқары исенимди ақлаўға ҳәрекет етемиз.

Салтанатлы илажда Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышлап шөлкемлестирилген «Ең уллы, ең әзиз!» дәстүрий таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды.

16.JPG

18.JPG

25.JPG

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы