Ибрайым ЮСУПОВ

Е. Ембергенге.

 

Бозатаўдың жолындағы тоғайлар,

Көргенде көзимниң жаўын алдыңыз.

Қалай бульдозерден аман қалдыңыз,

Бозатаўдың жолындағы тоғайлар?

 

Тораңғыл кегейге басларын шатқан,

Қусыңды мергенлер ушардан атқан,

Даўыткөлге дейин созылып жатқан,

Кең ҳаўалы, зейин ашқан тоғайлар.

 

Жасыл шатырдайсаң жазда саялы,

Дем алсам дер жолаўшының қыялы,

Гүз паслында турдың зер липас кийип,

Алтын менен шайқағандай дүньяны.

 

Бәҳәрде өткенде үстиңнен сениң,

Қуслар жуғырласқан сестиңнен сениң,

Дүнья сонша сулыў көринди маған,

Нәзер салсам жасыл кешкиңнен сениң.

 

Жанға тийди қапырық ҳаўалы қала,

Машинаңды тоқтат, Емберген бала!

Қайда жүрсем, қыялымда ырғалар,

Бозатаўдың бойындағы тоғайлар.

 

1989-жыл.