Нөкис қаласында жөнелисли таксилердиң (Дамас) жол ҳақы баҳасы 1500-2000 сумға көтерилмегени ҳаққында хабар берген едик. Ҳәттеки, биз Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары Тимур Сарыбаев пенен байланысып, «15-августтан баслап жөнелисли маршрутлардың жол ҳақы баҳалары көтерилмеди. Бирақ, жанармай-энергетикалық ресурслардың баҳасы қымбатлағаны себепли бул бойынша Қаржы министрлиги менен биргеликте усыныслар ислеп шығып атырмыз. Жол кирей баҳалары көтерилиўи бойынша кең жәмийетшиликке мағлыўматлар берилетуғынлығын айырықша атап өтпекшимиз. Рәсмий тәризде хабар тарқатылмаған екен, бундай хабарларға исенбеўди халқымыздан сорап қаламыз», – деген жуўапты да алған едик.

 

Демек, жол ҳақы баҳасы еле көтерилмеди. Солай болса да, бул әмелде өзиниң көринисин таппай атырғаны бизди материал жазыўға ийтермеледи.

 

15-августтан берли бизге усы тема бойынша көплеген жолаўшылар мүрәжат етти. Олардың мәлим етиўинше, 21-, 12-, 25-, 17-, 1-санлы жөнелисли таксилер 15-августтан берли ҳәр бир жолаўшыдан 1500, ҳәттеки, 2000 сумнан жол ҳақы алып келмекте.

– Кешки ўақытларда болса бир гәп, бирақ күндизги ўақытларда да жағдай усындай. Биз өз ҳақымызды талап етип, жол ҳақы баҳасының еле көтерилмегени, егер көтерилсе рәсмий тәризде жәрияланатуғынлығын айтсақ, жөнелисли такси басқарыўшылары доқ урып, «қәлеген жериңе бар, қолыңнан келгенин исле» деп, автомашинасынан түсирип жиберип атырған жағдайлар ушырасып турыпты, – дейди мүрәжат еткен пуқаралар.

 

Бул қандай жағдай болды? Еле жол ҳақы қымбатлағаны ҳаққында рәсмий түрде жәрияланбай атырып, олар өзлериниң билгенин, ойына келгенин ислей бере ме? Бул қашанға шекем даўам етеди? Ҳақымызды талап етип, нызамшылықта көрсетилген норманы қалайынша тәмийинлей аламыз? Мине, усындай сораўлар көпшиликти қыйнап келмекте.

 

Биз жол ҳақы қымбатламағаны ҳаққында жәриялаған материалымызда егер усындай жағдай болып қалса, транспорт министрлигиниң +99861 225-70-36 исеним номерине қоңыраў етиўи мүмкинлигин айырықша атап өткен едик. Айырым пуқаралар усы телефон номерине қоңыраў етсе, ҳеш ким жуўап бермей атырғанын да атап өтти.

Хош, бул исеним телефонына ҳол ҳақының айырым жөнелислерде өз басымшалық пенен 1500-2000 сумға көтерилип кеткени ҳаққында қанша мүрәжат келип түсти? Мүрәжатлардың нешеўи үйренилди? Кимлерге ескертиўлер берилди? Бул сораўларымызға Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинен жуўаплар күтемиз.

 

Дурыс, булардың барлығы 15-августтан баслап елимизде жанармай ресурслары баҳасының қымбатлағаны менен тиккелей байланыслы болып тур. Бирақ, жөнелисли таксилердиң жол ҳақы баҳасы ҳәр ким, қәлегенинше, қәлеген баҳада көтерип алатуғын нәрсе емес. Онда белгиленген сумманы енгизгеннен не пайда?

 

Жөнелисли таксилер ҳаққында гәп барар екен, олардың өз мәнзилине толық бармай, жолдың өзи қәлеген жеринен кетип қалатуғынын да қосымша етиў керек. Себеби, халықты қыйнап жүрген тийкарғы транспорт машқалаларының бири усы.

– Жақында 1-санлы жөнелисли таксиге темир жол вокзалынан миндим. Базардағы автомобильлер турар орнына (стоянка) жетип келдик. Артқы тәрептен түсип, шофёрдың қапталындағы орынға отырайын деп атырсам, маған шофёр «болды, келдик, неге қайттан минежақсаң?» деп сорады. Мен «автовокзалға бараман еле», десем шофёр «ол жаққа жүрмеймиз, бизлер тек темир жол вокзалы менен базарға қатнаймыз» деди. «Бул мүмкин емес, егер жолаўшы болатуғын болса сиз базардан кейин арқа автовокзалға барыўыңыз керек, жөнелисиңиз сондай» десем, мени тыңламай түсирип жиберди. Тендер баслығының номерин сорасам, бермеди, – дейди және бир жолаўшы бизге мүрәжат етип.

 

Бул тек бир ғана мысал. Бундай мысалларды ҳәр күни көрип, гүўасы болып жүрмиз. Хош, бундай ҳәрекетлер қашан тоқтайды? Ким қадағалайды өзи буларды?

 

Қулласы, бул материалымыздың барлығы сораўлар менен толып кетти. Жуўап беретуғын уйымлардан рәсмий жуўапларын күтемиз. Жуўап бермесе, усы ҳәм басқа да сораўлар менен өзлеримиз жуўап алыўға барамыз, несип етсе…

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.