Президент Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлардың орынланыўы менен танысыў, халық пенен сәўбетлесиў мақсетинде 20-21-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапар етип, Нөкис қаласында болып өткен жыйналыста Қарақалпақстанды еле де раўажландырыў бойынша бес баслы бағдарды белгилеп берген еди.

Соның менен бирге, Қарақалпақстандағы ҳәр бир қала ҳәм районның өзине тән өзгешеликлери және имканиятларынан келип шығып, ҳәр қыйлы тараўлар бойынша қәнигелестириўге тапсырмалар берген еди.

Соның ишинде, Қоңырат районын нефть-химия санааты ҳәм шарўашылыққа қәнигелестириў бойынша усыныслары район басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен жоқары көтериңкилик пенен күтип алды.

Белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде «Өзбекнефтегаз» АЖ баслығы Б.Сидиқов ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ баслығы О.Темировлар Қоңырат районына келип, жергиликли кеңес депутатлары менен ушырасты.

Ушырасыўда нефть ҳәм газ, химия санааты тараўында қолға киргизилип атырған жетискенликлер, елимиз экономикасында орны гиреўли болған «Үстирт газ-химия комлекси» ҳәм Қоңырат сода заводларындағы жумыслардың барысы, оларды жетилистириў, жаңадан қуўатлылықларын арттырыў мақсетинде исленип атырған ҳәм алда исленетуғын жумыслар ҳаққында сөз болды.

Булардың барлығы районның усы тараўлар бойынша қәнигелесиўи ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўы ушын хызмет етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.