Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан жаслар аўқамы Қоңырат районлық Кеңеси ҳәм районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» ураны менен Президентимиздиң жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў ушын хызмет етип атырған бес басламасын орынлаў мақсетинде әмелий жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, райондағы 39-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Бес баслама, бес имканият» атамасындағы ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилди.

Илажлар даўамында мектеп оқыўшылары сүўрет салыў, тоқымашылық, жаслар театр студиясы сыяқлы дөгереклерде өзлеринин белсендилигин көрсетти.

Белсене қатнасқан оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.