Усы жылдың 22-август күни Нөкис қаласында жасайтуғын 63 жаслы Х.А. ИИБға мүрәжат етип, усы жылдың 31-июль күни Нөкис қаласында жасайтуғын 63 жаслы Т.Е. алдаў жолы менен оның исенимине кирип, Х.А. ға тийисли болған Ташкент қаласы М.Улығбек районындағы турақ жайын пуқаоа З.С. ға 215 миллион сумға сатып жиберип, пулларын Х.А. ға берместен, өз мүтәжлигине жумсағанын мәлим еткен.

Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, Т.Е. усланған. Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта, деп хабар берди ӨзР ИИМ.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.