2019-2020-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға кириў ушын өткерилген тест сынақларының жуўмақлаўшы нәтийжелери жәрияланды.

 

Имтихан нәтийжелери 3 усылда билиў мүмкин.

 

1) Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында ҳәр бир абитуриент ушын жеке кабинет жаратылған болып, абитуриентлер жеке кабинет арқалы имтихан нәтийжелерин билиўи мүмкин.

Буның ушын cabinet.dtm.uz сайтына паспорт сериясы ҳәм номерин ямаса абитуриенттиң ID номерин киргизиў керек.

 

2) SMS-хабар хызмети арқалы.

Абитуриентлер имтихан нәтийжелерин 5100 қысқа номерине абитуриенттиң ID номерин жиберип, билип алыўы мүмкин.

Бунда SMS жолланған телефон номерине таңлаў нәтийжелери бойынша SMS-хабар жибериледи.

 

3) Тест нәтийжелериниң кестеси арқалы.

Нәтийжелер жәрияланғаннан соң тест нәтийжелери кестеси жоқары оқыў орынларына жибериледи. Абитуриентлер жоқары оқыў орынларына барып, дизимнен нәтийжелерин көриўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.