Нөкис қаласы ҳәкимлиги усы жылдың июнь ҳәм июль айларында «Устаз жолы» газетасында жәрияланған «Нөкис қаласы Пушкин көшеси
45-жайдың лифтлери ислемейди, балалар майданшасы талапқа жуўап бермейди, жер төлесинде шығынды суўлар барлығынан жай турғынларының наразы екенлиги» ҳәм «Нөкис қаласы 24-санлы мәкан пуқаралар жыйынындағы Қызкеткен жағасы көшеси турғынларының шығындылар ушын төлемлер төленгенлигине қарамастан, шығындылар алып кетилмей атырғанлығы» мазмунындағы сын мақалалары бойынша төмендегише мүнәсибет билдирди.
Нөкис қаласы Пушкин көшеси 45-жайда алып барылған үйрениў жумыслары даўамында ҳақыйқаттан да көп қабатлы турақ жай алдындағы балалар майданшасының айырым инвентарларында кемшиликлер барлығы, жер төлесинде аз муғдардағы шығынды суўлардың жыйналып қалғаны, сондай-ақ, лифт үскенелери иске қосылмағанлығы анықланды.
Бул көп қабатлы турақ жайға 2018-жыл август айынан баслап «Бийғәрез шериклик» жеке меншик турақ жай ийелери шериклиги хызмет көрсетип кемекте. Жайдың лифт үскенелери ҳәзирги күнде саз ҳалында болып, жай турғынларының төлемлери есабынан иске қосылатуғынлығы ҳаққында жай турғынларына бир неше мәрте түсиндирилген.
Соның менен бирге, жай турғынларының айма-ай төлемлери есабынан 1 дана суў тартыў насосы сатып алынды ҳәм жер төледеги шығынды суўлар усы насос жәрдеминде жеке меншик турақ жай ийелери шериклиги қатнасында тартылды.
Көп қабатлы турақ жай алдында жайласқан балалар майданшасы «Жайхун универсал» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылған болып, ондағы кемшиликлер жақын күнлер ишинде сапластырылатуғынлығы, сондай-ақ, Пушкин көшеси 45-жайдағы басқа да кемшиликлер жайға хызмет көрсетиўши «Бийғарез шериклик» жеке меншик турақ жай ийелери шериклиги тәрепинен жақын күнлер ишинде сапластырылып берилетуғынлығын мағлыўмат ретинде билдиремиз.
«Устаз жолы» газетасында жәрияланған екинши сын мақалаға келетуғын болсақ, бүгинги күнде Нөкис қаласы аймағынан турмыслық шығындыларды алып шығыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2019-жыл 23-июлдағы
135-Б-санлы бийлигине муўапық «Тоза ҳудуд» Нөкис филиалы ашылды. Қала ҳәкимлигиниң 2019-жыл 30-июль күнги 139-Б-санлы бийлигине муўапық, «Тоза ҳудуд» Нөкис филиалына қала аймағындағы 1 ҳәм 4-секторлардан жәми
20 (жигирма) мәкан пуқаралар жыйыны, соның ишинде «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны бириктирилип берилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-майдағы «Турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын және де жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-3730-санлы қарары талапларын орынлаў мақсетинде аймақларды «E-IJRO AUKSION» электрон тендер саўдаларына қойыў бойынша жумыслар алып барылып атырғанлығын мағлыўмат ретинде билдиремиз.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети