Инновациялық раўажланыў министри Иброҳим Абдураҳмонов усы жылдың 21-август күни  Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институтында болып, мәкемениң жумысы, ол жерде әмелге асырылып атырған илимий жумыслар және бар шараятлар менен танысты.

Министр Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институтының илимий потенциалын күшейтиў мәселеси мәкеме тәрепинен әмелге асырылыўы керек болған ең әҳмийетли ўазыйпа екенин атап өтип, бул ушын институттың кадрлары бүгинги күнниң талапларына жуўап бериўи керек екенлигин, илимий-изертлеў институтының материаллық-техникалық базасын беккемлеў зәрүрлигин атап өтти.

photo5400313624418954079.jpg

Атап өтилгениндей, бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда усы мәкемениң илимий хызметкерлери сырт елде қәнигелигин арттырыўы, институт илимпазларының илимий-техникалық жойбарларда белсене қантасыўы, мәкемеде заманагөй илимий таллаў ханаларын шөлкемлестириў айрықша әҳмийетке ийе. И.Абдураҳмонов жас илимпаз ҳәм қәнигелерди Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласындағы Шорланыў шараятындағы биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) және Беларустың жетекши илимий-изертлеў орайларына илимий қәнигелигин арттырыў ушын жибериў, сондай-ақ, мәмлекетимизде тараўдағы әмелий ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыўда Инновациялық раўажланыў министрлиги жақыннан жәрдем беретуғынлығын атап өтти. Өз гезегинде институттың имаратын оңлаў жумысларын қысқа мүддетте әмелге асырыў бойынша илажларды көриў керек екенлиги ҳаққында да атап өтти.

photo5402186328944257617.jpg

Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институты елимиздиң ески илимий мәкемелеринен бири болып, оған 1928-жылда илимий тәжирийбе станциясы қурамында тийкар салынған.

Институт 1958-жылы Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы илимлер академиясының қарары менен шөлкемлестирилген. Кейинирек, илимий орай Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 10-февральдағы ПҚ-2125-санлы «Өзбекстан аўыл хожалығы илимий-өндирис  орайының жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып қайцта шөлкемлестирилген.

Институтта 1958-жылдан бери аўыл хожалық егинлериниң жаңа сортларын жаратыў, агротехнологиялық жаңалықларды енгизиў, алмаслап егиў илажларын әмелге асырыў, мелиорация тараўы ҳәм өсимликлер зыянкеслерине қарсы гүресиў бойынша илимий изертлеўлер алып барылмақта. Изертлеўлер нәтийжесинде аўыл хожалығы егинлериниң агротехникасы, өсимликти зыянкеслерден қорғаў, суўғарыў, жерлердиң мелиоративлик жағдайларын жақсылаў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў системалары жаратылмақта.

ӨзА