Арал теңизи қурыўының қәўипли тәсирин азайтыў, аймақта экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ушын 2018-2019-жыллардағы қыс-бәҳәр мәўсиминде 500 мың гектарлық тоғайлық пайда етилди. 2021- ҳәм 2022-жылларда және 700 мың гектарлық жерге 100 миллионнан аслам сексеўил егиледи. Бул ҳаққында Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети хабар берди.

2018-2019-жыллардағы егис мәўсиминде 500 мың гектар майданға сексеўил егилген болса, қәнигелер тәрепинен бул көрсеткиш 42 жыллық нәтийже менен салыстырылған – өткен жыллар даўамында 400 мың гектарлық майданға сексеўил егилген.

Жобаларға қарағанда, еки жылда 700 мың гектарлық жер жасыл аймаққа айландырылыўы мүмкин. Сондай-ақ, тоғай хожалықлары тәрепинен 1,5 мың тонна сексеўил, 300 тонна қандым, 150 тонна қарабарақ ҳәм 50 тонна шөл азықлық өсимликлериниң туқымын жыйнаў, 100 миллион данадан аслам сексеўил нәлин таярлаў, 100 километрлик аралықта қумды тығызлаў, сондай-ақ, шорланыўға қарсы гүресиў бойынша сырт еллердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм бирге ислесиў жобаластырылмақта.

Алып барылған илажлар нәтийжесинде Арал бойында экологиялық жағдайды турақлыластырыў, халықтың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, бәнтликти тәмийинлеў, шарўашылықты раўажландырыў мүмкин болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.