Усы жылдың июль айында пуқара А.Султановтың жеке facebook тармағында «Дарақ кесиў өнери бизлердиң Элликқала районына да жетип келди, еле сизлер Ферғана, Ташкентти айтасызлар, бул жерде кишкене ғана сая беретуғын гүжим терек бар еди.» темасындағы сын көзқарастағы пикирин жәриялады.

Усы жағдай бойынша район ҳәкиминиң орынбасары Б.Алимов төмендегише рәсмий жуўап берди.

Елликқала районы Амирабат аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқара Алимардон Султанов 2019-жыл июль айында Facebook тармағында районымыз аймағындағы дарақларды кесиў мәселеси бойынша пикир билдиргени көрсетип өтилген.

Усы мәселе район ҳәкимлиги, район экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў инспекциясының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен үйренип шығылды.

Бул жағдайда Елликқала районы медицина бирлеспеси аймағында өсип турған гүжим терегиниң қаптал шақалары қуўрап, күшли самал ўақтында дарақтың шақасы сынып түсип, аймақтағы адамлардың өмири менен денсаўлығына және юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлкине қәўип туўдырып атырғанлығы себепли медицина бирлеспесиниң қорғаўшысы Эшимбетов Фархад тәрепинен кесип нызамлы түрде тасланғанлығы анықланды.

Себеби, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-январьдағы «Мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын жерлерде дарақлар ҳәм путалардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында рухсат бериў тәртибин буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 43-санлы қарарының 30,31-бәнтлеринде «Санитария мақсетинде дарақлар ҳәм путалардың шақалары қуўрап атырған ямаса қуўрап қалған ямаса көше ҳәм басқа да жәмийетлик орынлардың көринисин бузып турған, кеселленген, ҳәр қыйлы итнфраструктуралардың жумысына кесент берип атырған, сондай-ақ, самал, қар ямаса басқа да тәбийғый процесслердиң тәсиринде сыныўы нәтийжесинде адамалардың өмири менен денсаўлығына және юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлкине қәўип туўдырып атырған жағдайларда кесиледи» деп көрсетилген.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баспасөз хызмети