Ravon моделиндеги автомобильлерди Россияға жеткерип беретуғын рәсмий дистрибьютер – «UzAuto Motors СНГ» усы мәмлекеттеги UzAuto Motors (бурынғы GM Uzbekistan) өнимлерин жеткерип бериў жаңаланғанлығын мәлим етти, деп жазады xs.uz сайты.

Ҳәзирги ўақытта Россия базарынан үш модель -Ravon R4, Ravon R2 ва Ravon Nexia R3ди сатып алыўға болады.

Еслетип өтемиз, 2018-жылдың май айында баҳа сиясаты қайта көрип шығылыўы себепли Россия Федерациясына Ravon жеткерип бериў тоқтатылған еди. Бул утилизациялық жыйнаў ставкаларының арттырылыўы, сондай-ақ, жаңа модельлерди ислеп шығарыў ушын кәрхананың өндирис қуўатлылығын кеңнен модернизациялаў илажлары менен түсиндирилген еди.

Бүгинги күнде Ravon Россия базарындағы ең қолайлы ҳәм арзан жеңил автомобильлердиң сегментинде жетекши болыўды өз алдына мақсет етип қойған.

Модельлердиң баҳалары төмендегише:

Ravon R2 646 000 рубльден (9,7 мың доллар);

Ravon R3 670 000 рубльден (10,1 мың доллардан);

Ravon R4 678 000 рубльден (10,2 мың доллар).

Қарақалпақстан хабар агентлиги