Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, үлкен жойбарлардың орынланыўы менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 20-21-август күнлери Қарақалпақстан Республикасында болды.

Сапардың екинши күни Президентимиз басшылығында Нөкис қаласында Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша мәжилис болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, қала ҳәм районлардың сектор басшылары, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери қатнасты.

Мәжилисте барлық аймақларда болғаны сыяқлы Қарақалпақстанда да унамлы сапа өзгерислерине ерисилгени атап өтилди. Биринши ярым жыллықта жалпы аймақлық өним 7,2 процентке, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 5,4 процентке, қурылыс жумысларының көлеми 45 процентке өскен.

Президентимиз аймақта еле машқалалардың көп екенлигин, санаатты раўажландырыў, жумыс орынларын көбейтиў бойынша жумыслар жетерли емеслигин атап өтти.

-Бул жерге қол шаппатлаўлар ушын емес, жумыс ислеў ушын, халқымыздың көзине қараў ушын келдим,-деди Шавкат Мирзиёев.-Дүнья-танымын өзгертпеген сектор басшылары аяғымызға тусаў. Жумысқа алынған бир ғана ҳаял-қыздың бахтын көз алдыңызға келтире аласыз ба? Жасларды ким жетеклейди, туўры жолға салады? Мойнақтың мысалында көрдиңиз. Адамлардың көзлеринде «ислесе болады екен ғо» деген нур бар. Бирақ енди бул тарийх. Барлық районларда сондай өзгерислерди ислеў керек.

Биринши ярым жыллықта Қарақалпақстанда санааттағы ислеп шығарыў  көлеми тек ғана 0,5 процентке өскени, Тахтакөпир, Шоманай, Нөкис, Шымбай, Төрткүл, Кегейли районларында санаат дерлик жоқ екенлиги сынға алынды. Хызмет көрсетиў, исбилерменликтиң раўажланыўы да төмен дәрежеде екенлиги көрсетип өтилди.

Кейинги үш жыл даўамында түпкиликли реформалардың нәтийжесинде көплеген тараўларды еркинлестирдик, олардың раўажланыўына кесент берген шеклеўлерди бийкарладық. Қарақалпақстанда да ҳәр бир сектор басшысы шеклеўлерди бийкарлайман, исбилерменге хызмет көрсетемен, деген тәртип, сүрен менен ислеўи керек, – деди Президент.

Мәжилисте Қарақалпақстанды буннан былай да раўажландырыў бойынша бес тийкарғы бағдар белгилеп берилди.

Бириншиси – санаатты раўажландырыў, барлық тармақларда үлкен ҳәм киши өндирис кәрханаларын шөлкемлестириўден ибарат.

Екинши тийкарғы бағдар исбилерменликтиң жедел раўажланыўы ушын кең жол ашып бериў ҳәм оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып табылады.

Аўыл хожалығына алдынғы технологияларды кеңнен енгизген ҳалда, өндирис көлемин, өнимдарлық ҳәм өнимниң түрлерин кескин арттырыў үшинши тийкарғы бағдар етип белгиленди.

Төртиншиси – өндирис ҳәм адамлар ушын қолайлы болған заманагөй инфраструктураны жаратыў.

Аралбойы халқының жасаў шараяты ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырыў болса бесинши тийкарғы бағдар сыпатында жәрияланды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәр бир бағдарда нәзерде тутылған мәселелерге айрықша тоқтап, олар бойынша белсендилик пенен ислеў керек екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән өзгешеликлери ҳәм  имканиятларынан келип шығып, оларды түрли тараўларға қәнигелестириў бойынша усыныслар берилди.

Соның ишинде, Қараөзек районы қурылыс материаллары, Беруний, Хожели, Нөкис районлары мийўе-овощ жетистириў, Тахтакөпир шарўашылық, Шоманай қусшылық, Елликқала жүзимшилик ҳәм туризм, Мойнақ балықшылық ҳәм шарўашылық, Кегейли шарўашылық, боян тамырды қайта ислеў ҳәм қағаз санааты, Қанлыкөл районы дәнли егинлер ҳәм салы жетистириўге қәнигелестирилетуғынлығы атап өтилди.

Қоңырат районын нефть-химия санааты ҳәм шарўашылыққа, Шымбайды боян тамырды жетистириў ҳәм қайта ислеўге, Төрткүлди шийше, айна ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўға, Әмиўдәрья районын бағшылық, тоқымашылық ҳәм пиллешиликке, Нөкис қаласын болса фармацевтика ҳәм электротехникаға қәнигелестирип, Тақыятас районын санаат өндирис аймағына айландырыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте сектор басшылары Президентимиз берген тапсырмаларды орынлаў, өз аймағындағы жағдайды жақсылаў, күтилген нәтийжеге ерисиў бойынша кепиллик берди.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Қарақалпақстанға әмелге асырған сапары шеңберинде мәмлекетимизди жаңа раўажланыў басқышына көтериўде, бәринен бурын келешеги бар жаңа әўлад кадрларын таярлаў керек екенлигин, оның ушын елимиздиң ҳәр бир аймағында бир жаңа типтеги билимлендириў мәкемелерин – Президент мектеплери шөлкемлестирилетуғынылығын атап өткен еди.

Президентимиздиң усы жыл 20-февральда «Президент мектеплерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳүжжеттиң орынланыўы шеңберинде Президент мектеплери мәмлекеттиң барлық аймақларында басқышпа-басқыш шөлкемлестирилмекте.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис, Наманган, Хийўа ҳәм Ташкент қалаларында Президент мектеплериниң қурылысы жеделлик пенен даўам етпекте.

Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы Президент мектебинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине қараслы аймақта қурылып атырған бул билимлендириў мәкемесиниң тырнағы усы жылдың март айында қаланды. Еки гектар аймақта заманагөй оқыў имараты, жатақхана, асхана, стадион қурылмақта.

Президент мектеплерин шөлкемлестириўден гөзленген мақсет мәмлекетимиздиң ҳәр бир аймағындағы қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм олардың раўажланыўына керекли шараятлар жаратыў болып табылады. Ең қәбилетли оқыўшылар таңлап алынатуғын бул мектеплерде жасларға математика, физика, химия, биология ҳәм мәлимлеме технологиялары және шет тиллери алдынғы билимлендириў усыллары тийкарында терең үйретиледи.

Соның менен бирге, мектеплерге маман сырт елли ҳәм жергиликли педагоглар тартылады. Олардың жумыс ислеўи ушын керекли шараятлар жаратылады.

Бул мектеплерде оқыў процеси сырт ел билимлендириў мәкемелери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў реже ҳәм бағдарламалар бойынша инглис тилинде әмелге асырылады ҳәм «STEAM – билимлендириў» (Science–тәбийғый пәнлер, Technology – технология, Engineering– техникалық дөретиўшилик, Art -көркем өнер, Mathematics –математика) бағдарламасы тийкарында алып барылады.

Президент мектеплериниң 9-11-классларында билим алыў оқыўшылардың қызығыўшылықларына бола айырым пәнди таңлаўы ҳәм оларды үйрениў дәрежесин есапқа алған ҳалда индивидуал оқыў процеси тийкарында әмелге асырылады.

Мектеп питкериўшилери белгиленген тәртипте мәмлекет тәрепинен тастыйықланған гүўалықнама, аттестат пенен бир қатарда халықаралық дәрежедеги тийисли бағдарлама дипломы (International Baccalaureate, Advanced Placement ёки International Advanced Levels)на ийе болады. Бул болса, өз гезегинде, сырт еллердиң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имканиятын береди.

Президент мектеплерине қабыллаў имтиханлары Кембридж университетиниң Cambridge Assessment International Education бренди астында жумыс алып барыўшы Имтихан кеңеси тәрепинен әмелге асырылды.

Нөкистеги Президент мектебине оқыўға 7 мыңнан аслам оқыўшы ҳүжжет тапсырған еди, олардың арасынан ең қәбилетли 144 оқыўшы оқыўға қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысы билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформаларға айрықша тоқтап, Президент мектеплери елимизде билимлендириўдиң сапасын арттыратуғын локомотив болатуғынлығын атап өтти.

Шавкат Мирзиёев мектептиң имараты да, билимлендириў процесин де ҳәр тәреплеме жетик болыўы керек екенлигин, соның ушын оны асықпай, сапалы етип қурып, Конституция байрамында пайдаланыўға тапсырыў керек екенлигин атап өтти. Оған шекем оқыўшылар басқа имаратта оқып турады.

Мәмлекетимиз басшысы усы билим дәргайы ушын педагоглардың қалай таңланып атырғаны менен қызықты.

– Бул мектеплердиң оқытыўшысы да, оқыўшысы да ең үлгили болыўы керек,  – деди Президент. – Терең билим менен бирге, мәнаўият, ўатансүйиўшилик сезими де сиңдирилиўи керек. Бул жерге билимли балалардың келиўи ушын ҳәр бир районда базалық бақша ҳәм мектеплер қәлиплесиўи керек. Сол ўақытта улыўмалық билим, дәреже, билимлендириў орталығы өзгереди.

Усы жерде Президентимизге Нөкис қаласының баслы жойбары, «Нөкис сити» қурылысы режелестирилип атырған аймақ ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Шавкат Мирзиёев Тақыятас районындағы «Мәдет Батыр» фермер хожалығы атызларындағы ғаўашаның раўажланыўын барып көрди.

Бул хожалықтың улыўма жери 110 гектар болып, 60 гектарында пахта жетистирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы атыз агротехникасындағы кемшиликлерди көрсетип, пахтаның ашылыўын тезлестириў, өнимге-өним қосыў бойынша өз усынысларын берди. Аўыл хожалығында илимнен кең пайдаланыў, Қарақалпақстанның ықлымына сай келетуғын сортларды жаратыў керек екенлигин атап өтти.

Президентимиз Тақыятас ыссылық электр станциясында қуўатлылығы 230-280 мегаватт болған еки пуў-газ қурылмасын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбар менен танысты.

Тақыятас ыссылық электр станциясы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын үзликсиз түрде электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде қурылып атырған ири объект есапланады. Бул жерде пуў-газ қурылмасының биринши гезеги усы жылдың ақырына шекем, тап сондай екинши қурылма кейинги жылдың январь айында иске қосылады.

Корея Республикасының «Hyundai Engineering Co. Ltd.» ҳәм «Hyundai Engineering & Construction Co. Ltd»компаниялары менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбардың улыўма баҳасы 678,2 миллион долларды қурайды.

Еки пуў-газ қурылмасының иске қосылыўы нәтийжесинде станцияның  улыўма қуўатлылығы 730 мегаватттан 1003 мегаваттқа шекем артады. Жылына 488,6 миллион куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўине ерисиледи. Сондай-ақ, суўдың жыллық сарпланыўы 293 миллион куб метрге азайады. 100 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.

Ҳәзирги ўақытта объектте 85 процент жумыслар орынланған. Қурылыс-монтажлаў, үскенелерди орнатыў жумыслары даўам еттирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы пуў-газ үскенесиниң қурылыўын барып көрди. Бул жаңа қуўатлықларды қурыўда қатнасып атырған кореялы қәнигелер менен сәўбетлести.

– Мәмлекетимиздиң энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша системалы жумысларды әмелге асырып атырмыз. Санатты раўажландырыў бағдарында үлкен шеклерди белгилеп алғанбыз, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқанбыз. Булар ушын, бәринен бурын, беккем инфраструктура керек. Таллымаржан, Наўайы, Тўрақўрғон, Тақыятас ыссылық электр станциялары модернизацияланып, қуўатлықларының асырылып атырғаны әне сондай тийкар болады. Халықты, кәрханаларды электр энергиясы менен турақлы тәмийинлейди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде Президентимизге Үстирт регионында нефть ҳәм газ резервлерин анықлаў бойынша алып барылып атырған геологиялық излеў жумысларының жағдайы ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Соның менен Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмақланды.

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

Алоуддин ҒАФФОРОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның арныўлы хабаршылары